Министрлер Кабинетиниң «Тәбият қорғаўшысы» көкирек белгисин шөлкемлестириў ҳаққында»ғы қарарына муўапық, Өзбекстанда «Тәбият қорғаўшысы» көкирек белгиси шөлкемлестириледи.
Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў, тәбиятты сақлаў, тәбийғый ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў бойынша салмақлы нәтийжелерди қолға киргизген, сондай-ақ, тараўға байланыслы илим жетискенликлерин әмелиятқа енгизип, заманагөй технологиялардан нәтийжели пайдаланған ҳәм жасыл майданларды кеңейтиў ҳәм көклемзарластырыў жумысларында айрықша баслама көрсеткен пуқаралар «Тәбият қорғаўшысы» көкирек белгиси менен сыйлықланады.
Көкирек белгиси ҳәр жылы 5-июнь – Пүткил жер жүзилик қоршаған орталық күни алдында салатанатлы түрде өз ийелерине тапсырылады. Бундай ҳүрмет Өзбекстан Республикасының пуқарасы болмаған шахсларға да несип етиўи мүмкин.
«Тәбият қорғаўшысы»на базалық есаплаў муғдарының төрт есеси муғдарында төленетуғын ақшалай сыйлық бериледи.
Сыйлықланғанлар дизими Комитеттиң интернет тармағындағы веб-сайты ҳәм басқа да ғалаба хабар қуралларында жәрияланады.
ӨзА