Өзбекстанлылар Наўрыз байрамы қарсаңында қатара 5 күн, ал март айында жәми 12 күн дем алады.

 

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 28-декабрьдеги «2018-жылда рәсмий сәнелерди белгилеў дәўиринде қосымша ислемейтуғын күнлерди белгилеў ҳәм дем алыс күнлерин көшириў ҳаққында»ғы Пәрманына муўапық Наўрыз байрамы қарсаңында өзбекстанлықлар 18-, 19-, 20-, 21-, 22-март күнлери 5 күн қатара дем алады.

 

Президенттиң усы Пәрманы менен қосымша дем алыс күнлери берилген және айырым дем алыс күнлери көширилген еди. Яғный, 20-март қосымша дем алыс күни сыпатында берилди, ал 17-март (шемби) 19-март (дүйшемби)қа, 24-март (шемби) 22-март (пийшемби)қа көширилди.

 

Қатара дем алыс күнлериниң берилиўинде пуқаралардың рәсмий сәнелерди белгилеў дәўиринде толық дем алыўы ушын қосымша шараятлар жаратыў ҳәм дем алыў, байрам күнлеринен ақылға уғрас пайдаланыўы, сондай-ақ, ишки туризмди еле де раўажландырыў мақсет етилген.

 

Улыўма алғанда, өзбекстанлылар 8-март күнги байрамды қоса есаплағанда 12 күн дем алады.

 

Еслетип өтемиз, Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы Пәрманы менен елимиз пуқаралары Жаңа жыл қарсаңында 5 күн қатара дем алған болса, Ғәрезсизлик байрамы мүнәсибети менен де усындай әжайып дем алыслардың гүўасы болады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги