Бүгинги күни қурылыс тараўы мәмлекетимиздеги драйвер тараўлардыӊ бири болып, соӊғы жыллары елимизде ири өзгерис ҳәм жаӊаланыўлар жүз бермекте.

Буныӊ айқын мысалын пайтахтымыз Нөкис қаласы ҳәм барлық район аймақларында жаӊадан бой тиклеп атырған көркем ҳәм зәўлим имаратлардыӊ келбетинде көрсек болады.

Қарақалпақстан Республикасы Қурылыс министрлиги жаӊа Өзбекстаннныӊ раўажланыў стратегиясыныӊ еӊ тийкарғы жети бағдарынан келип шығып, усы жылдыӊ өткен алты айы даўамында республикамызда жүргизилип атырған қурылыс оӊлаў жумысларыныӊ барысы менен кеӊ жәмийетшиликти таныстырыў мақсетинде, министрликтиӊ мәжилислер залында республикамыздағы ғалаба хабар қураллары хызметкерлери ушын баспасөз конференциясын шөлкемлестирди.

Онда министрликтиӊ Қала қурылысы ҳүжжетлерин ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў бөлими баслығы А. Уразымбетов, Архитектура-режелестириў бюросы мәмлекетлик унитар кәрханасы баслығы А.Қурбанбаев ҳәм Қурылыс тараўында аймақлық қадағалаў инспекциясы бөлими баслығы Н.Зарлықовлар шығып сөйлеп, өткен алты ай даўамында қурылыс тараўында исленген жумыслар ҳәм алдағы ўақытлары ислениўи тийис ўазыйпалар жөнинде әнжуман қатнасыўшыларына кеӊ түрде түсиниклер берди.

Соӊынан баянатшыларға журналистлер тәрепинен көпшиликти қызықтырып жүрген мәселелер бойынша сораўлар берилип, оларға тийисли жуўаплар берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги