Өзбекстан мусылманлары басқармасы жанындағы «Вақф» қайырқомлық жәмийетлик қоры Қарақалпақстан Республикасы аймақлық филиалы тәрепинен гезектеги қайырқомлық илажы өткерилди.

Атап айтқанда, республикамыздағы материаллық жәрдемге мүтәж, аз түсимли мешитлерде жумыс алып барыўшы 15 имам-кәтибтиң ҳәр бирине 1 миллион 840 мың сумнан, жәми 27 миллион 600 мың сум қаржы қайырқомлық сыпатында берилди.

-Биз кем тәмийинленген, социаллық жәрдемге мүтәж, бағыўшысынан айырылған шаңарақлар менен бир қатарда хызметкерлеримизге де итибар қаратамыз,-дейди «Вақф» қайырқомлық жәмийетлик қоры Қарақалпақстан Республикасы аймақлық филиалы баслығы ўазыйпасын ўақтынша атқарыўшы Исламбек Тажетдинов.-Мақсетимиз, ҳәр қандай шараятта мийнет етип атырған хызметкерлерди ўақтында материаллық қоллап-қуўатлап барыў болып табылады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги