Елимиз басшысының «Бажыхана-басқа мәмлекетлик уйымларға өрнек болыўы керек» деген пикирин сүрен етип алған бажыханашылардың алдында бүгин тараўды ҳәр тәреплеме раўажландырыў, оны пүткиллей коррупциядан жырақ тараўға айландырыў, заман менен тең қәдем таслаў сыяқлы жуўапкерли ўазыйпалар турыпты.

Тараў хызметкерлериниң бар күш-жигери менен хызмет етиўи, өз үстинде турақлы ислеп, потенциалын арттырып барыўы ушын бир қатар илажлар өткерилмекте.

Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасының «Хожели» шегара бажыхана постында жеке қурам менен өткерген гезектеги профилактика мәжилиси бажыхананы коррупиядан жырақ тараўға айландырыў мәселесине бағышланды.

Илажда басқарма басшылары ҳәм жеке қәўипсизлик бөлиминиң баслығы қатнасып, коррупция миллет заўалы есапланатуғыны, бажыхана постларында коррупция иллетине қарсы барлық қурамлық структуралар биргеликте қатты гүресиўи кереклиги, бул иллеттиң келип шығыўына тийкар жаратыўы мүмкин болған жағдайларды жоқ етиўге итибар қаратыў, ҳәр қандай жынайый қылмыс ақыр-ақыбетинде анықланатуғыны ҳәм әлбетте, тийисли жаза берилетуғынлығы атап өтилди.

Сондай-ақ, ушырасыў даўамында Президентимиз ҳәм ҳүкиметимиз тәрепинен соңғы жыллары бажыхана хызметкерлерин социаллық қорғаўға қаратылып атырған айрықша итибар  бойынша түсиник берилип, ажыратылып атырған материаллық ҳәм социаллық жәрдем нызамшылық ҳүжжетлери менен беккемленип атырғанлығына тоқтап өтилди. Жеке қурамның пәк ҳәм шын кеўилден хызмет етиўи қаншелли әҳмийетли екенлигине тоқтап, аңсат жол менен нызамсыз байлық арттырыў арқалы ата-ананың жүзин жерге қаратпаслыққа шақырылды.

Бажыхананы коррупциядан жырақ тараўға айландырыў, онда тек ҳадал мийнет етип, нызамшылық талаплары тийкарында хызмет етиўши бажыханашылардың жумыс алып барыўын тәмийинлеў, жекке қурамның хызмет ҳәм атқарыў тәртибине бойсыныўы, олар тәрепинен коррупция, дәмегөйлик, парахорлық, ҳәмели ўәкиллигинен шетке шығыў сыяқлы жынаятлар ҳәм басқа да унамсыз жағдайлар жүз бериўиниң алдын алыў бойынша жумыслар жедел алып барылмақта.

Тек ғана Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасы жеке қәўипсизлик бөлими тәрепинен быйылғы жылдың өткен дәўиринде басқарма хызметкерлериниң қатнасыўында 49 мәрте улыўма-профилактикалық илаж өткерилди. 89 хызметкердиң ата-анасы ҳәм шаңарақ ағзаларына антикоррупциялық мазмунда улыўма формадағы ескертиў хаты ҳәм интизамый жазасы болған 15 хызметкердиң ата-анасы ҳәм шаңарақ ағзаларына жеке формада ескертиў хаты берилди. Жеке тәртип пенен алып барылған профилактикалық илажлар даўамында басқарманың барлық бажыхана постларында хызметтиң дурыс шөлкемлестирилиўи, хызметкерлер тәрепинен товар ҳәм транспорт қураллары, пуқаралар ҳәм оларға тийисли болған багаж ҳәм қол жүклериниң бажыхана тексериўинен толық өткерилиўи, соның менен бирге, хызметкерлердиң сергеклик дәрежеси усы жылдың январь-июнь айлары даўамында 47 мәрте қупыя тәризде тексерилди.

Атап айтқанда, басқарма қарамағындағы шегара постларында 24 мәрте, сыртқы экономикалық жумыс бажыхана постларында 7 мәрте, басқарманың ҳәкимшилик имаратында 2 мәрте, сыртқы экономикалық жумыс бажыхана постларында хызметкерлер тәрепинен өткерилип атырған бажыхана тексериўи 14 мәрте көзден өткерилди. Тексериўлердиң нәтийжесинде хызмет ўазыйпасын атқарыў даўамында кемшиликлерге жол қойған 4 хызметкер интизамый жазаға тартылды.

Әмелге асырылып аптырған  илажлардың барлығы өзиниң унамлы нәтийжесин берип, бажыхана тараўы Президентимиздиң исенимин ақлайды ҳәм коррупиядан жырақ тараўға айланды, деп исенемиз.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы