Олий Мажлис Нызамшылық палатасының гезектеги мәжилиси болып өтти. Онда депутатлар бир қатар нызам жойбарларын додалады.

Мәжилисте дәслеп «Нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер ҳәм олардың жойбарларының коррупцияға қарсы экспертизасы ҳаққында»ғы нызам жойбары көрип шығылды. Бул мәселе бойынша Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги директоры Акмал Бурхонов мағлыўмат берди:

– Мәмлекетимизде нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер ҳәм олардың жойбарларының коррупцияға қарсы экспертизасы жумысын тәртипке салатуғын бирде-бир нызам жоқ, – деди баянатшы. – Бул тараўдағы социаллық қатнасықлар ведомстволық нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет пенен тәртипке салынып келинбекте. Усыныс етилип атырған нызам жойбарында нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер ҳәм олардың жойбарларының коррупцияға қарсы экспертизасы тараўындағы ўәкилликли уйымлар, олардың бул бойынша тийкарғы жумыс бағдарлары ҳәм коррупцияға қарсы экспертиза өткерилетуғын нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер шеңбери нәзерде тутылмақта. Бул нызам жойбарының қабыл етилиўи Коррупцияға қарсы гүресиў агентлигине жүкленген ўазыйпаларды толық түрде әмелге асырыўға имкан береди. Ең әҳмийетлиси, мәмлекетимизде коррупцияға қарсы гүресиўдиң нормативлик-ҳуқықый тийкарларын жетилистириўге хызмет етеди.

Мәжилисте депутатлар нызам жойбары бойынша пикир-усынысларын билдирди, анықластырыўшы сораўлар менен мүрәжат етти. Додалаўдардан кейин нызам жойбары биринши оқыўда қабыл етилди.

Электрон санлы имза алыў әпиўайыластырылады

Бүгинги мәлимлеме технологиялары дәўири инсаниятқа бир қатар қолайлықларды усынбақта. Атап айтқанда, электрон санлы имза түрли сергизданлықты сапластырыў, қәрежетлерди азайтыўда қолайлы есапланады. Мәжилисте депутатлар электрон санлы имза гилтлерин алыўды жеңиллетиў, оннан пайдаланыўды және де әпиўайыластырыў, қәрежетлерди азайтыўға қаратылған «Электрон санлы имза ҳаққында»ғы нызам жойбарын екинши оқыўда ҳәр тәреплеме додалады.

Атап өтилгениндей, нызам жойбарында белгиленип атырған нормалар электрон санлы имзадан пайдаланыўда жүзеге келетуғын тосқынлықлардың алдын алыў, жәмийетте электрон санлы имзаның ҳуқықый әҳмийетин күшейтиўге хызмет етеди. Соның менен бирге, пайдаланыўшыларға электрон санлы имза гилтлерин бериў процеси әпиўайыластырылады ҳәм тезлестириледи. Бул болса электрон мәмлекетлик хызметлерди усыныў имканиятларын арттырады.

Нызам жойбарына тийкарланып исенимли үшинши тәрептиң шөлкемлестирилиўи менен сырт мәмлекеттиң электрон санлы имзасы Өзбекстан Республикасында тән алынады. Исенимли үшинши тәреп хызметиниң жаратылыўы менен тек ғана ири емес, ал орта ҳәм киши ҳалдағы инвесторлардың да өз инвестицияларын қорғаў, бизнес жумысын кеңейтиў имканиятын береди.

Электрон санлы имза гилтлери сертификатларын қағаз көринисинде бериў әмелияты сапластырылады. Сондай-ақ, пайдаланыўшыларға турақлы түрде өзи менен мағлыўмат тасыўшы қурылмаларды (флешк) алып жүриўге зәрүрлик қалмайды. Бул болса, өз гезегинде, дизимге алыў орайлары ушын қәрежетлерди үнемлеў имканиятын береди.

Мәмлекет шегарасын қорғаў – әҳмийетли ўазыйпа

«Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик шегарасы ҳаққында»ғы нызам жойбары Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик шегарасын исенимли қорғаўға хызмет етеди.

Атап өтилгениндей, ҳуқықты қолланыў әмелиятында пайда болып атырған түсинбеўшиликлерди сапластырыў, Өзбекстан Республикасы аймағындағы шегара режиминде физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң ҳуқықлары ҳәм миннетлемелерин нызам менен беккемлеў мақсетинде алдынғы сырт ел тәжирийбесин есапқа алып ҳәм заман талапларынан келип шыққан ҳалда бул нызам жойбары ислеп шығылды.

Қызғын пикир-таласлар, сораў-жуўаплардан кейин бул нызам жойбары депутатлар тәрепинен қабыл етилди.

Мәплердиң соқлығысыўы деген не?

Мәмлекетлик шөлкем хызметкериниң, оның жақын туўысқанларының ҳәм оған байланыслы шахслардың жеке мәплери менен пуқаралардың, шөлкемниң ямаса мәмлекеттиң ҳуқықлары менен нызамлы мәплери арасында қарама-қарсылық жүзеге келген ҳәм келип атырған ямаса жүзеге келиўи мүмкин болған жағдай мәплердиң соқлығысыўы делинеди. Бул «Мәплер соқлығысыўының алдын алыў ҳаққында»ғы нызам жойбарында белгилеп қойылмақта.

Төменги палата мәжилисинде биринши оқыўда  көрип шығылған бул нызам жойбары 5 бап, 32 статьядан ибарат болып, онда мәплер соқлығысыўы түсиниги, мәмлекетлик хызметлердиң миннетлемелери ҳәм оны тәртипке салыў бойынша анық механизмлер нәзерде тутылмақта.

Бул ҳүжжет бойынша әдиллик министри Русланбек Давлетов баянат жасады. Атап өтилгениндей, нызам жойбары менен мәмлекетлик шөлкем хызметкери ямаса оның жақын туўысқанының акционери, шөлкемлестириўшиси (қатнасыўшысы), басқарыў уйымының ағзасы есапланатуғын юридикалық тәреп бул хызметкерлерге байланыслы шахс есапланатуғыны, мәмлекетлик шөлкемниң жумысында мәплердиң соқлығысыўын тәртипке салыўда ўәкилликли уйымлар, яғный Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги, мәмлекетлик шөлкемлердиң әдеп-икрамлылық комиссиялары, кадрлар бөлимлери ҳәм коррупцияға қарсы ишки қадағалаў структураларының ўазыйпалары белгиленбекте.

Мәжилисте атап өтилгениндей, нызам жойбарында мәплер соқлығысыўының алдын алыў бойынша тийкарғы принциплер, мәмлекетлик шөлкем хызметкерлерине мәплер соқлығысыўының алдын алыў бойынша шеклеўлер өз көринисин таппақта. Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги мәплер соқлығысыўының  алдын алыў тараўындағы арнаўлы ўәкиллик уйым есапланады. Нызам жойбары менен мәмлекетлик шөлкем хызметкерлерине өзи жумыс алып барып атырған мәмлекетлик шөлкемде өзиниң, жақын туўысқанлары ямаса оған байланыслы шахсларға тийисли ислерди көрип шығыўда ўәкил сыпатында қатнасыў қадаған етилмекте.

Нызам жойбары депутатлар тәрепинен қызғын додаланып, қабыл етилди.

Судлар системасында «Бир айна» принципи кеңнен енгизиледи

Мәжилис күн тәртибиндеги гезектеги мәселе – «Мәмлекетлик уйымлар менен қатнасықларда пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлери ҳуқықларының нәтийжели қорғалыўын тәмийинлеў бойынша қосымша илажлар көрилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбары биринши оқыўда додаланды.

Атап өтилгениндей, бул жойбар менен Ҳәкимшилик суд ислерин жүргизиў ҳаққындағы, Пуқаралық процессуаллық, Экономикалық процессуаллық кодекслерине, «Суд ҳүжжетлери ҳәм басқа да уйымлардың ҳүжжетлерин орынлаў ҳаққында»ғы, «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы нызамларға тийисли өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилип атыр. Нызам жойбарында ҳәкимшилик суд ислерин жүргизиўди «судтың  белсене қатнасыўы» принципи тийкарында әмелге асырыў, онда ҳәкимшилик судларға жумыстың ҳақыйқый жағдайларын анықлаў ушын өз басламасы менен дәлийллерди жыйнаў миннетлемесин жүклеў, ҳуқықы бузылған пуқара ямаса исбилерменлик субъектине болса дәлийллерди жыйнаўда тек ғана өз имканияты шеңберинде қатнасыўы белгиленбекте.

Атап өтилгениндей, нызам жойбарында судлар системасында «Бир айна» принципин кеңнен енгизиў, соның ишинде, судлар тәрепинен шағым арзасы, арза ҳәм шағымын судқа тийисли болмағаны себепли қабыл етиўден бас тартыў ямаса исти оларды көрип шығыўға ўәкилликли судқа өткериў өз көринисин таппақта.

Нызам жойбарының қабыл етилиўи мәмлекетлик уйымлар ҳәм лаўазымлы шахслардың жумысы үстинен нәтийжели суд қадағалаўын орнатыў ҳәм пуқара және исбилерменлик субъектлердиң әдил судлаўға ерисиў дәрежесин арттырыўға, пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлериниң бузылған ҳуқықларын қорғаўда судлардың, әсиресе, ҳәкимшилик судларының ролин күшейтиўге. ҳәкимшилик судларды ҳақыйқый халық судына айландырыўға хызмет етеди.

Мәжилисте және бир қатар нызам жойбарлары додаланып, көрилген мәселелер бойынша тийисли қарарлар қабыл етилди.

Муҳтарама КОМИЛОВА,

ӨзАның хабаршысы