Республикамызда спорттыӊ алға қарай раўажланыўында ҳәм елимиз байрағыныӊ көклерге  көтерилиўинде Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбия ҳәм спорт университети Нөкис филиалында тәлим алып атырған студент жаслардыӊ орны айрықша болып табылады.

Бул оқыў дәргайында оқып атырған жаслар тәрепинен ҳәр қыйлы спорт жарысларында, Азия ҳәм дүнья жүзилик чемпионатларда мақтаўға турарлық жеӊислер қолға киргизилмекте.  Әлбетте, бул жетискенликлердиӊ барлығы елимизде спортқа қаратылып атырған айрықша дыққат-итибардыӊ нәтийжеси болып табылады.

2018-жылы ашылған бул оқыў дәргайы ушын быйылғы жыл тарийхый жыллардыӊ бири болып есапланады. Себеби, усы жылы филиал өзиниӊ дәслепки «қарлығаш»ларын питкертип шығармақта.

-Оқыў орнымызды арнаўлы сыртқы бөлимде 61, күндизги оқыў бөлиминде 46 студент тамамлап шықпақта, -дейди бизге филиал деканы Рашид Шаниязов.-Олар волейбол, баскетбол, көркем гимнастика, дзюдо, еркин гүрес, ескек есиў ҳәм мектепке шекемги ҳәм баслаўыш тәлимде денетәрбия ҳәм спорт бағдарлары бойынша республикамызда жас әўладты саламат әўлад етип тәрбиялаўда хызмет етеди деп беккем исенемиз.

Бүгин филиал имаратында оқыў орныныӊ дәслепки «қарлығаш»ларына салтанатлы түрде диплом тапсырыў мәресими болып өтти.

Онда филиал директоры Б.Мәмбетов, Қарақалпақстан Республикасы спортты раўажландырыў министриниӊ орынбасары А.Алланазаров, нураный устаз П.Шылмановлар шығып сөйлеп, питкериўшилерди қолға алған дипломлары менен қутлықлап, олардыӊ алдағы ислерине табыслар тиледи.

-Бурын орта арнаўлы мағлыўматқа ийе тренер едик. Енди мине оқып тәлим алғанымыздыӊ нәтийжесинде жоқары оқыў орныныӊ дипломына ийе болдық. Буныӊ ушын бизлерге тәлим берген барлық профессор-оқытыўшыларға тереӊ миннетдаршылық билдиремиз ҳәм алдағы ўақытлары елимиз спортыныӊ еле де алға қарай раўажланыўына өзимиздиӊ бар күш-жигеримизди жумсаймыз,-дейди бизге питкериўшилер арасынан сөз сөйлеген Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен тренер Қутлымурат Жуманов ҳәм бир қатар орден ҳәм көкирек нышанлардыӊ ийеси, Өзбекстан Республикасы халық Билимлендириўи ағласы Нигара Палванова.

Кеше усындай кеўилли пикирлесиў ҳәм қутлықлаўлар менен жуўмақланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги