Республикамызда 2022-жылдың январь-июнь айларында 2546,0 миллиард сумлық қурылыс, жумысты бөлип алып ислеў жумыслары әмелге асырылып, бул өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 105,6 процентти қураған.

– Бул жумыслардың 1641,3 миллиард сумлық бөлеги жаңа қурылыс, реконструкциялаў, кеңейтиў, техникалық қайта үскенелеў, 904,7 миллиард сумлық бөлеги капитал оңлаў ҳәм басқа жумысты бөлип алып ислеў жумысларына туўра келеди,-дейди Экономикалық раўажландырыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлигиниң бөлим баслығы Ф.Таджимуратов. – Республикамыздағы 10 ири қурылыс, жумысты бөлип алып ислеў кәрханалары тәрепинен 201,0 миллиард сумлық қурылыс жумыслары әмелге асырылған.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 22-январьдағы «2022-2024-жылларда Өзбекстан Республикасының социаллық ҳәм өндирислик инфраструктурасын раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң усы жыл 28-январьдағы арнаўлы қарары менен бул бағдарда бир қатар ўазыйпалар белгиленди.

Инвестициялық бағдарлама тийкарында 163 социаллық ҳәм инфраструктуралық объектлерде 592,7 миллиард сумлық қурылыс, реконструкциялаў ҳәм оңлаў жумысларын әмелге асырыў белгиленген.

Ҳәзирги ўақытқа шекем бул объектлерде 256,8 миллиард сумлық қурылыс, реконструкциялаў ҳәм оңлаў жумыслары орынланған.

Бул бағдардағы жумыслар қызғын даўам етпекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги