Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы Ташкент информациялық технологиялар университети Нөкис филиалында ушырасыў өткерилди.

Ушырасыўды филиал директоры Б.Қайыпбергенов алып барды.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ағзасы Б.Матмуратов, Нөкис қаласы ишки ислер уйымларының жумысларын муўапықластырыў басқармасының баслығы З.Зайтов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, елимизде әмелге асырылып атырған реформалардың әҳмийетине кеңнен тоқтап өтти.

Ушырасыўда мәмлекетимизде соңғы жылларда әмелге асырылып атырған реформалар, унамлы өзгерислер, жаңалықлар ҳәм республикамызда болып атырған сиясий процесслер, Нөкис қаласында 1-2-июль күнлери жүз берген ўақыялар, оның келип шығыў себеплери туўралы мағлыўматлар берилип, пикир-усыныслар билдирилди.

Атап өтилгениндей, елимиздеги тынышлықтың қәдирине жетиўимиз керек. Әсиресе, жаслар жаратылған мүмкиншиликлер менен қолайлықлардан утымлы пайдаланыўы, солай етип, Ўатанымыздың раўажланыўына өзлериниң мүнәсип үлеслерин қосыўға ҳәрекет етиўи керек. Себеби, тынышлық бар жерде раўажланыў, өнип-өсиў, айдын келешек болады.

Орынларда бул бағдардағы ушырасыўлар даўам етпекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги