Ташкент қаласында «Аўғанстан: қәўипсизлик ҳәм экономикалық раўажланыў» темасындағы халықаралық конференция өткерилди.

Мәжилисте Европа, Америка континентлери, Жақын ҳәм Орта Шығыс, Азия-Тыныш океаны регионлары, Орайлық ҳәм Қубла Азия мәмлекетлериниң Аўғанстан бойынша арнаўлы ўәкиллери, халықаралық ҳәм регионаллық шөлкемлердиң басшылары ҳәм қәнигелери, жетекши таллаў орайлары және Аўғанстан Ўақытша ҳүкимети делегациясы қатнасты.

Бул әнжуманнан гөзленген тийкарғы мақсет Аўғанстанда гуманитарлық кризистиң алдын алыў бойынша илажлар ислеп шығыў, миллий экономиканы тиклеўге жәрдем бериў, көп миллетли аўған халқы ҳәм пүткил дәнья мәпи жолында усы мәмлекетти регионаллық бирге ислесиў процесине тартыў тийкарғы мақсет етип белгиленген.

Ушырасыўды елимиздиң сыртқы ислер министри ўазыйпасын атқарыўшы Владимир Норов ашып, Аўғанстан ҳүкимети алдында турған әҳмийетли ўазыйпаларға тоқтап өтти.

Буннан соң мәмлекетимиз басшысының конференция қатнасыўшыларына мүрәжатын Өзбекстан Республикасы Президентиниң сыртқы сиясат бойынша арнаўлы ўәкили, Президент жанындағы Қәўипсизлик Кеңеси хаткериниң орынбасары Абдулазиз Комилов оқып еситтирди.

Аўғанстанның сыртқы ислер министри ўазыйпасын атқарыўшы Амирхан Муттақий өз елиндеги турақлылық пүткил Орайлық Азия регионындағы тынышлық ҳәм қәўипсизликтиң гиреўи екенине айрықша итибар қаратты.

Конференция жалпы мәжилиси даўамында сырт елли экспертлер тәрепинен ҳәр қыйлы усыныслар, басламалар алға қойылды, темаға байланыслы баянатлар тыңланды. Қәўипсизлик, социаллық-экономикалық жағдайды жақсылаўға жәрдем бериў бойынша муўапықластырылған көзқараслар менен принциплер ислеп шығыў зәрүрлиги ҳаққында айқын пикир-усыныслар билдирилди.

Әнжуман бағдарламасына муўапық, ҳәр қыйлы әҳмийетли темаларға бағышланған секция ушырасыўлары да болып өтти. Қоңсылас Аўғанстанда турақлылықты тәмийинлеўге қаратылған гуманитарлық және инфраструктуралық жойбарлар менен таныстырыў болып өтти.

Ташкент конференциясына келген белгили сырт ел қәнигелери, тәжирийбели экспертлер елимиздиң Орайлық Азияда қәўипсизлик, тынышлық және турақлы раўажланыўды тәмийинлеў, атап айтқанда, Аўғанстанды терроризм ҳәм урыстан жырақ тыныш, абадан мәмлекетке айландырыў жолында алып барып атырған ҳәрекетин жоқары баҳалады.

Илаж жуўмағында Аўғанстан бойынша халықаралық конференцияны шөлкемлестириўши мәмлекеттиң билдириўи қабыл етилди.

 

Б.Ҳудайбердиев,

У.Маҳмирзаев,

ӨзА ның хабаршылары