Бүгин, 27-июль күни саат 23:59 да қабыллаў тоқтатылады. Сол ўақыттан баслап, бағдар таңлаў, таңланған бағдарларды басқасына өзгертиў имканияты болмайды.

Сол себепли ҳәзирден ҳәрекетиңизди етиң. Еле бир қарарға келмеген болсаңыз, қай жерге тапсыратуғыныңызды тезирек шешип алың. Көпшиликке тән кеселлик – ҳәммесин ақырына тақап қояды ҳәм соңғы саатларда адам көп болғанынан күтилмеген айырым техникалық насазлықлар келип шығады. Ҳәзир мәмлекетлик тест орайының сайты нормада ислеп тур, сонлықтан бүгин ертерек тапсырып төлеўди де өз ўақтында әмелге асырың.

Қарақалпақстан хабар агентлиги