Ҳәзирги ўақытта, республикамызда, улыўма майданы 1714,5 мың квадрат метрлик турақ жай фондына ийе болған 199 көп қабатлы турақ жайлар  болып, оларға 19 жеке меншик турақ жай мүлк ийелери ширкетлери хызмет көрсетпекте.

Республикамыз халқының орайласқан ишимлик суўы менен тәмийинлениў дәрежеси 68,1 процентти, тәбийғый газ бенен тәмийинлениў дәрежеси 71,6 процентти қурап, ҳәр бир адамның турақ жай менен тәмийинлениўи 16,6 м2 қа туўра келеди.

– Халыққа ҳәм көтере тутыныўшыларға көрсетилген коммуналлық хызметлердиң санын ҳәм сапасын жақсылаў бойынша бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта,-дейди Экономикалық раўажландырыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министриниң орынбасары Н.Қазақбаев. – 2022-жылдың 1-июль жағдайына халықтың коммуналлық хызметлер ушын, жәми дебиторлық қарыздарлығы 233,9 миллиард сумды, соның ишинде, тәбийғый газ ушын 216,4, ишимлик суўы ҳәм канализация ушын 13,9, ысытыў ҳәм ыссы суў ушын 2,4, электр энергиясы ушын 1,2 миллиард сумды қурады.

Республикамызда 2022-жылы төмен күшлениўге ийе электр тармақларын модернизациялаў ҳәм жаңалаў бағдарламасы менен режесине муўапық бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта.

2022-жылдың биринши ярым жыллығында 189,3 километрлик электр линиялары, 30 трансформаторлық пункт жаңадан қурылып, 84,7 километрлик электр линиялары, 12 трансформаторлық пункт реконструкцияланды. Сондай-ақ, бир қатар капитал ҳәм ағымдағы оңлаў жумыслары әмелге асырылды.

Бүгинги күнде, жәми 368377 электр энергиясын тутыныўшы абонент болып, олар электрон есаплағышлар менен тәмийинленген. Быйыл 6 ай даўамында 1032 электрон есаплағышлар орнатылған.

Быйыл 9 айлықтың жуўмағы менен республикамыз бойынша 2191,3 километрлик электр линияларын ҳәм 633 трансформаторлық пунктти капитал ҳәм ағымдағы оңлаў жумысларын әмелге асырыў, халықтың тутыныўы ушын 6016 электрон есаплағышларды орнатыў режелестирилген.

Сондай-ақ, өткен 6 ай даўамында 4,9 километрлик газ тармақлары ҳәм 7 газ бөлистириў пункти жаңадан қурылып, 7,4 километрлик газ тармақларында реконструкциялаў ҳәм ири оңлаў жумыслары әмелге асырылды.

Бүгинги күнде жәми 105869 шаңарақ суйылтырылған газ бенен тәмийинленбекте. Оларға өткен 6 ай даўамында 8943,9 тонна суйылтырылған газ жеткерип берилген (103,0%). Республикамыз бойынша жәми 372981 шаңарақ газ бенен тәмийинленген.

Бағдарламаларға муўапық, 9 айлықтың жуўмағы менен республикамыз бойынша 32,4 километрлик газ тармақларын ҳәм 23 газ бөлистириў пунктин жаңадан қурыў, ири оңлаў ҳәм реконструкциялаў жумысларын алып барыў режелестирилген.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги