Беруний районындағы «Шаббаз», «Мустақиллик», «Найман» пуқаралар жыйынларында тынышлықтың қәдирине жетиў, жасларымызға миллетлераралық татыўлықтың мазмун-мәнисин түсиндириў, аўызбиршиликти сақлаў мәселелери бойынша тийисли  шөлкем ҳәм мәкеме ўәкиллериниң қатнасыўында илажлар өткерилди.

Илажларда тынышлықты көздиң қарашығындай қәстерлеў, елимиздиң раўажланыўына мүнәсип үлес қосыў ҳәр бир пуқараның әдиўли миннети екенлиги, тыныш-татыў елде раўажланыў болатуғынлығы атап өтилди. Себеби, 1-2-июль күнлери Нөкис қаласындағы жүз берген кеўилсиз ўақыялар елимизде жасап атырған ҳәр бир пуқараны тынышлықтың қәдирине жетиўге, оны қәстерлеўге ийтермелемекте.

Усы аймақларда ӨзЛиДеП Беруний районлық Кеңесиниң аппарат баслығы, депутат Р.Юлдашеваның басшылығында тийисли тараў ўәкиллери үйме-үй жүрип, олардың машқалаларын үйренди, пикир-усынысларын тыңлады.

Усы мазмундағы үгит-нәсият илажлары орынларда даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги