Хабарыңыз бар, жақында “Zo’r TV” телеканалы арқалы берилип атырған Түркия кинодөретиўшилери тәрепинен шығарылған «Севги изтироби» (түркшеси Kara sevda) телесериалының эфирден узатылыўы тоқтатылған еди.

Бул телесериал тек Өзбекстанда ғана емес Түркияның өзинде де аўыр сынға ушыраған. Себеби, тәрбиялық әҳмийети сайыз, сериалдағы сюжетлер миллий менталитетимизге улыўма жат еди.

Ғалаба хабар қуралларында, Интернетте ҳәм социаллық тармақларда бул телесериал ҳаққында көплеген унамсыз пикирлер билдирилди.

Тамашагөйлердиң орынлы пикир-усыныслары ҳүкиметти де итибарсыз қалдырмады. Өзбекстан Республикасы Бас министри Абдулла Арипов “Ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў ҳәм шанарақ институтын беккемлеў тараўындағы хызметин түпкиликли жетилиситириў илажлары ҳаққында”ғы Өзбекстан Республикасы Президенти пәрманының орынланыўына бағышланған видеоселектор жыйналысында жеке меншик телеканаллардағы сериалларға итибарды күшейтиў зәрүрлигин уқтырған еди.

Усыннан кейин телесериал узатылыўын тоқтатты.

Бирақ, усы төмен мазмунға қурылған телесериал өзиниң ықласбентлерин де таўып үлгерген екен. Қарақалпақстан хабар агентлигине келип түсип атырған хабарларға қарағанда, «Севги изтироби»дан айрылғанлар енди «Өшпес махаббат»қа өш болып атырған көринеди. Яғный, Қазақстанның 31-телеканалы арқалы берилип атырған «Өшпес махаббат» телесериалы «Севги изтироби»ның қазақша версиясы екен. Сондай-ақ, бул телесериалдың қазақша, орысша версияларын Интернет арқалы тамашалаўды даўам етип атырғанлар да табылатын көринеди.

– Бундай фильмлерди эфир арқалы узатпастан алдын оның мазмунын, миллий менталитетимизге сәйкес екенлигин көрип алыў керек. Көркем Кеңес жумыс ислеўи керек, – дейди студент Г.Абибуллаева. – Мәселен, Тангем образын сәўлелендирген «Сарай гәўҳары» (Корея), «Ошин» (Япония) сыяқлы телесериалларды узатса буннан ҳешким наразы болмас еди.

«Qalampir.uz» сайты болса “Севги изтироби”телесериалының орнына “Стамбуллық келин” киятырғанлығын мәлим етпекте.

Бул енди басқа тема.

 

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги