Ерте заманларда адамлар помидорды зәхәрли өним деп ойлап, оны жемеген. Мине, арадан көп жыллар өтип бул пикирдиң надурыс екенлиги тастыйқланды. Помидордың оғада көп пайдалы қәсийетлери бар, бирақ биз ең әҳмийетлилерин сизлерге усынамыз.

– помидор серотинин дәреги болып, шоколат сыяқлы адамның кейпиятын көтереди;

– элементлердиң алмасыўын нормалластырады;

– олар азыў ҳәм жаслықты сақлап қалыўға жәрдем береди;

– жүрек-қан тамырлардың ислеўин жақсылайды;

– кеселликлерге қарсы гүреседи;

– көриў қәбилетин жақсылайды.

Помидорлардың зыянлы тәреплери:

Төмендеги жағдайларда помидорларды азлаў жеўиңиз керек.

– асқазан кислотасы жоқары болса;

– асқазанның ҳәрекети төменлеген болса;

 

Бир күнде өзи неше помидор жеўимиз керек?

– Шыпакерлердиң айтыўына қарағанда, бир ҳәптеде адам 20 данаға шекем помидорды жеўи керек (бир күнде шама менен 3). Егер сизге азлаў жеўди усыныс еткен болса, екеўден артық жемең.

 

  Фатима Реймбаева,

ҚМУдың Интернет журналистикасы тәлим бағдарының 3-курс студенти,

Қарақалпақстан хабар агентлиги