Кинематография тараўын буннан былай да раўажландырыў ҳәм мәмлекетимиз тарийхына бағышланған фильмлер дүркинин жаратыўға байланыслы илажлар ҳаққында

173

Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Кинематография тараўын жақа басқышқа көтериў, миллий мәмлекетшилигимиздиң үш мың жылдан аслам тарийхын, уллы ата-бабаларымыздың илимий, мәдений ҳәм руўхый мийрасын сәўлелендиретуғын фильмлер дүркинин ислеп шығарыўды қоллап-қуўатлаў мақсетинде:

  1. Мәденият министрлиги, Илимлер академиясы, Кинематография агентлиги, Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы, Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы, Миллий кинематографияны раўажландырыў орайы, Өзбекстан кино ғайраткерлери дөретиўшилик ассоциациясы ҳәм илимий-дөретиўшилик жәмийетшилигиниң усыныслары тийкарында 2024-2027-жылларға мөлшерленген «Тири тарийх» фильмлер дүркинин жаратыў бағдарламасы (кейинги орынларда – «Тири тарийх» бағдарламасы) 1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Бул бағдарлама арқалы төмендеги ўазыйпаларды әмелге асырыў белгиленсин:

Халқымыздың ески тарийхы ҳәм бай мәденияты, әзелий қәдирият ҳәм дәстүрлери ийгиликли арзыў-нийетлерин терең илимий тийкарларға сүйенип, толық түрде сәўлелендириў;

Ўатанның азатлығы ҳәм раўажланыў жолында гүрес алып барған уллы сәркарда ҳәм мәмлекетлик ғайраткерлердиң аўыр турмысы ҳәм мәмлекетшилик жумысын қалыс ҳәм әдил көрсетип бериў;

Тарийхымызда жарқын из қалдырған жәмийетлик-сиясий процесслер, улама ҳәм ойшыллар, шайыр ҳәм жазыўшылар, ағартыўшы жадид бабаларымыз, белгили көркем өнер ғайраткерлериниң илимий-дөретиўшилик мийрасы, олардың дүнья цивилизациясының раўажланыўына қосқан мүнәсип үлесин жоқары идеялық-әдебий дәрежеде көрсетиў.

  1. Төмендегилер:

а) Кинематографияны раўажландырыў ҳәм қоллапқуўатлаў бойынша миллий комиссия (кейинги орынларда – Миллий комиссия) дүзилсин ҳәм оның қурамы 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Миллий комиссияның тийкарғы ўазыйпалары етип төмендегилер белгиленсин:

«Тири тарийх» бағдарламасы шеңберинде ҳәм мәмлекетлик буйыртпа тийкарында жаратылатуғын фильмлерди қаржыландырыў дәреклерин белгилеў ҳәм фильмлерди ислеп шығарыў ушын қосымша қаржыларды тартыў;

киноиндустрияны экономиканың өз алдына тармағы сыпатында раўажландырыў, соның ишинде, жеңиллик ҳәм преференцияларға ийе арнаўлы кино аймақларын шөлкемлестириў, заманагөй материаллық-техникалық базаға ийе инфраструктураны жаратыў ҳәм кинопрокат системасын раўажландырыў илажларын көриў;

фильмлер ислеп шығарыўда мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң жумысын муўапықластырыў, айрықша мәселелер бойынша жумысшы топарлар дүзиў, қорғалатуғын аймақ ҳәм объектлерде сүўретке алыў, арнаўлы ҳәм әскерий техникаларды тартыў ҳәм басқа да шөлкемлестириў мәселелерин шешиў;

миллий фильмлерди сырт ел кинобазары ҳәм кино фестивальларында кеңнен үгит-нәсиятлаў, фильмлерди ислеп шығарыўға жергиликли ҳәм сырт елли бирге ислесиўшилер, мәмлекетлик емес шөлкемлер ҳәм қәўендерлерди тартыў;

миллий кинематография тараўының дөретиўшилери, қәнигелери ҳәм тараў ўәкиллерин хошаметлеў, социаллық қорғаў ҳәм қоллап-қуўатлаў, халықаралық кинофестивальлардың жеңимпазларын сыйлықлаў системасын жолға қойыў;

Кинематография агентлиги жанында шөлкемлестирилетуғын, «Тири тарийх» дүркининдеги фильмлердиң бюджетин көрип шығыў ҳәм эксперт шешимин бериў жумысы менен шуғылланыўшы, кино тараўы бойынша экономист ҳәм финансист қәнигелеринен ибарат Экспертлер топарының қурамы ҳәм шешимлерин тастыйықлаў;

«Тири тарийх» бағдарламасының орынланыўына байланыслы ағымдағы жумыслардың жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлар, жергиликли ҳәкимлер ҳәм басқа да шөлкемлер тәрепинен орынланыўын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў мақсетинде Бақлаў топарын дүзиў. Бақлаў топарының есабатлары ҳәм аналитикалық мағлыўматлары ҳәр айдың жуўмақлары бойынша Миллий комиссияның басшылығы ҳәм гезектеги мәжилислерге киргизип барылыўын тәмийинлеў.

б) Фильмлердиң көркем-идеялық дәрежесин арттырыўға жәрдемлесетуғын миллий кеңес (кейинги орынларда – Миллий кеңес) дүзилсин ҳәм оның қурамы 3-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Миллий кеңестиң тийкарғы ўазыйпалары етип төмендегилер белгиленсин:

кино көркем өнерин жәмийеттиң социаллық, мәдений-ағартыўшылық турмысында, соның ишинде, жасларды ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаўда әҳмийетли стратегиялық қурал сыпатында қәлиплестириў;

«Тири тарийх» бағдарламасы шеңберинде жаратылатуғын фильмлердиң иделық ҳәм көркемлик мазмуны, әдебий ҳәм режиссёрлик сценарийлериниң жоқары дәрежеде болыўын тәмийинлеў илажларын көриў, сондай-ақ, дөретиўшилик топарларға анық ўазыйпа ҳәм талаплар белгилеў ҳәм таярланған киножойбарларды көрип шығып, баҳалаў;

мәмлекетлик буйыртпа тийкарында ислеп шығарылатуғын киноөнимлерди муўапықластырыў, оларды жаратыў ушын тийкарғы темалар ҳәм процесслер бойынша квоталарды белгилеў, сондай-ақ, Миллий комиссияға ислеп шығарыўы басланған киножойбарлардың көлемин арттырыў (қысқартыў) ямаса ўақытша тоқтатып турыў бойынша усыныслар киргизиў;

«Тири тарийх» бағдарламасындағы киножойбарларды ислеп шығарыў ушын зәрүр болатуғын тарийхый фактлер ҳәм мағлыўматларды анық ҳәм исенимли тәризде жыйнаў ҳәм әмелий мәсләҳәтлер бериў мақсетинде Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайы жанында тийисли тараў қәнигелеринен ибарат экспертлер илимий топарын шөлкемлестириў. Бул топар тәрепинен таярланған аналитикалық материалларды Миллий кеңес мәжилислеринде додалап барыўды жолға қойыў.

Кинематография агентлиги Миллий комиссия ҳәм Миллий кеңестиң жумысшы уйымы етип белгиленсин ҳәм оларға ҳәр шеректиң жуўмағы бойынша орынланған жумыслар ҳәм машқалаларды таллаған ҳалда есабат киргизип барсын.

  1. Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық «Тири тарийх» бағдарламасы шеңберинде:

фильмлерди ислеп шығарыўда Илимлер академиясы, Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайы, Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги, Жазыўшылар аўқамы ҳәм басқа да илимий-ағартыўшылық мәкемелери тарийхый-илимий ҳәм көркем мәселелер бойынша тийкарғы бирге ислесиўшилер есапланады;

Миллий кеңес усыныслары тийкарында Миллий комиссия тәрепинен фильмлерди ислеп шығарыўдың анық мүддетлери көрсетилген режеси тастыйықланады;

фильмлер ислеп шығарыў ушын киножойбарларды таярлаў бойынша таңлаў шөлкемлестириледи ҳәм ең жақсы киножойбарлар таңлап алынады;

киножойбарларға муўапық фильмлер ислеп шығарыў ушын презентация тәризиндеги таңлаўлар (питчинг) тийкарында кинокомпаниялар анықланады;

фильмлерди ислеп шығарыў бюджети сырт ел тәжирийбеси тийкарында базар конъюнктурасын есапқа алған ҳалда қәлиплестириледи;

көркем ҳәм көркем-публицистикалық фильмлер заманагөй сырт ел форматында жаратылады және олардың көрсетилиўи кинотеатрлар ҳәм миллий телеканалларда, сондай-ақ, шет тиллерге дубляж исленип, шет тиллер телеканаллары ҳәм стриминг платформаларында шөлкемлестириледи;

фильмлерди Өзбекстанда қәлиплескен дубляж көркем өнер мектебиниң дәстүрлерин даўам еттирген ҳалда шет тиллерине аўдарыў ҳәм дубляж етиў бойынша таңлаўлар шөлкемлестириледи ҳәм зәрүр илажлар әмелге асырылады;

фильмлерди ислеп шығарыўда тийкарғы түрде «Өзбекфильм» киноконцерни» МУКқа импорт шәртнамасы тийкарында жеткерип берилетуғын кино үскенелеринен ижара тийкарында пайдаланылады, басқа исбилерменлик субъектлериниң кино үскенелери заманагөй ҳәм ижара төлеми арзан болған жағдайлар буған кирмейди;

«Өзбекфильм» киноконцерни» МУК қурамындағы сүўретке алыў павильонлары ҳәм олардағы 3D өлшеминдеги экранлардан биринши гезекте «Тири тарийх» бағдарламасы шеңбериндеги фильмлерди ислеп шығарыўда пайдаланылады;

фильмлердиң басланғыш материаллары ушын «Өзбекстан миллий кинофонды» мәмлекетлик мәкемесинде айрықша мағлыўматлар базасы қәлиплестириледи ҳәм олардың арнаўлы сервер қурылмаларында сақланыўы тәмийинленеди;

фильмлерди ислеп шығарыўға таярлық көриў  шеңберинде республика бойлап профессионал ҳәм ҳәўескер кино актёрлардың электрон каталоги қәлиплестириледи;

республикада жумыс алып барып атырған киностудиялар ҳәм театрларда сақланып атырған тарийхый липаслар инвентаризациядан өткериледи, дәўирлерге тийислилигинен келип шығып, олардың онлайн электрон каталоги жаратылады;

«Тири тарийх» дүркининде ислеп шығарылатуғын киножойбарлар айрықша белги (логотип) тийкарында жаратылады.

  1. Кинематография агентлигине жергиликли ҳәм сырт ел кинокомпаниялары менен бирге ислесиў (co-production) тийкарында «Тири тарийх» бағдарламасы шеңбериндеги фильмлерди жаратыўға рухсат берилсин ҳәм бул бирге ислесиўде фильмлерди шәртнама тийкарында ислеп шығарыў ҳәм үгит-нәсиятлаўды әмелге асырыў ушын қосымша қаржыларды бағдарлаўға қаратылған зәрүр илажлар көрилсин.
  2. мәмлекетлик буйыртпа тийкарында киноөнимлерди ислеп шығарыўға олардың көркем концепциясы ҳәм қаржыландырыў көлеми ҳәм дәреклери Миллий комиссия ҳәм Миллий кеңестиң унамлы шешимлери тийкарында рухсат берилетуғыны;

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери, министрликлер ҳәм уйымлар, мәмлекетлик үлеси бар хожалық бирлеспелерине бюджеттен тысқары қаржылар ҳәм нызамшылық ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа да дәреклер есабынан тийисли тараўларына байланыслы фильмлер ислеп шығарыўға қаржыларды қаратыўға рухсат етилетуғыны белгиленсин.

  1. Мәмлекетте кинотеатрлар тармағын раўажландырыў мақсетинде республиканың ҳәр бир районында (қаласында) кинотеатрлар қурыў, қурамында кинозаллар саны екеўден ҳәм тамашагөйлер сыйымы 300 адамнан аз болмаған саўда-кеўилашар комплекслерин қурыў ушын исбилерменлик субъектлерине аўыл хожалығына мөлшерленбеген жер майданлары Министрлер Кабинетиниң қарары менен мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында бийпул ажыратылады.

Министрлер Кабинети еки ай мүддетте бул системаны нәтийжели шөлкемлестириў бойынша тийисли нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет жойбарын қабыл етсин.

  1. Өзбекстан кино ғайраткерлери дөретиўшилик аўқамы ҳәм Миллий кинематографияны раўажландырыў орайының Ташкент қаласы, Наўайы проспект көшеси, 15-жайда жайласқан «Киношылар үйи»н «Өзбекстан Миллий кино көркем өнер сарайы» деп қайта атаў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.

Өзбекстан Миллий кино көркем өнер сарайы миллий ҳәм ретро фильмлерди үгит-нәсиятлаўды әмелге асырыў, кино көркем өнери ғайраткерлериниң дөретиўшилик кешелери, ушырасыўларын өткериў, жас киношылардың шеберлигин арттырыў ҳәм «устаз-шәкирт» дәстүрлерин даўам еттириўге хызмет ететуғын дөретиўшилик орын сыпатында жумыс алып баратуғыны;

Министрликлер ҳәм уйымлар, жоқары билимлендириў мәкемелери ҳәр шеректе кеминде бир рет Өзбекстан Миллий кино көркем өнер сарайында мәдений илажлар, дөретиўшилик ушырасыўлар, экскурсиялар шөлкемлестиретуғыны ҳәм фильмлер көрсетилиўине шәртнама тийкарында тартылатуғыны белгиленсин.

  1. Миллий комиссия (А.Арипов):

үш ай мүддетте алдынғы сырт ел тәжирийбеси тийкарында миллий кинематографияны буннан былай да раўажландырыў, инвестициялық қаржыларды тартыў системасын жетилистириў ҳәм тараўда басқарыўдың заманагөй усылларын енгизиў бойынша усынысларды киргизсин;

2025-жыл 1-июньға шекем «Өзбекфильм» киноконцерни» МУКти заманагөй кино қурылмалары, технологиялық системалар ҳәм мультимедиа өнимлери менен үскенелеў жумыслары жуўмақлансын.

  1. 2025-жыл 1-январьдан баслап Кинематография агентлигиниң экономикалық ҳәм дөретиўшилик жағынан жумыс еркинлигин тәмийинлеў мақсетинде оған ажыратылатуғын бюджет қаржыларын өз алдына қәрежетлер экономикалық классификациясының бир қатарында өткерип бериў әмелияты енгизилсин.

Онда Кинематография агентлигиниң орайлық аппаратын сақлаўға байланыслы қәрежетлер бөлистирилиўи ҳәм айлық мийнет ҳақысының муғдарлары, хызметкерлерди хошаметлеў төлемлери Кинематография агентлигиниң усынысына бола Миллий комиссия тәрепинен белгиленеди.

  1. Мәденият министрлиги үш ай мүддетте жоқары билимлендириў мәкемеси түриндеги Өзбекстан халықаралық кинематография академиясы (кейинги орынларда – Киноакадемия)н шөлкемлестириў ҳәм 2024-2025-оқыў жылынан баслап оның жумысын жолға қойыўды нәзерде тутатуғын нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин.
  2. Киноакадемия Ташкент қаласы, Чиланзар көшеси, 1-жайда жайласқан «Өзбекфильм» киноконцерни» МУК аймағындағы имаратқа (бурынғы Таспаны қайта ислеў цехы) оператив басқарыў ҳуқықы тийкарында жайластырылсын.
  3. Өзбекстан миллий кинематографияны раўажландырыў орайы жанында кинематография тараўы ушын орта арнаўлы қәнигелерди таярлаў ҳәм қайта таярлаў мектеби (кейинги орынларда – киномектеп) шөлкемлестирилсин. Онда:

Тарийхый-жаўынгерлик (блокбастер) фильмлерин жаратыў бойынша жергиликли ҳәм сырт елли қәнигелерди кеңнен тартқан ҳалда өз алдына топарлар ҳәм курслар (каскадёрлар, пиротехниклер, гримшилер, тарийхый липас ҳәм шырақ усталары ҳәм басқаларды таярлаў) жумысы жолға қойылады;

киномектепте кинематография тараўы ушын орта арнаўлы қәнигелер таярлаўға мөлшерленген оқыў курслары, семинар тренинглер, шеберлик сабақлары шөлкемлестириледи;

киномектепте билим алған бул кәсип ийелери (жәрдемши режиссёрлар, операторлар, художниклер, шырақ усталары ҳәм басқалар) биринши гезекте «Тири тарийх» бағдарламасындағы фильмлерди ислеп шығарыўға тартылады.

Киномектеп Ташкент қаласы, Чиланзар көшеси, 1-жайда жайласқан «Өзбекфильм» киноконцерни» МУК аймағындағы 2 қабатлы имаратқа (бурынғы Чиланзар районы Жол ҳәрекети қәўипсизлиги бөлими) оператив басқарыў ҳуқықы тийкарында жайластырылсын.

  1. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети 2024-жылдың ақырына шекем Киноакадемия ҳәм киномектеп имаратларын капитал оңлаў, реконструкциялаў ҳәм үскенелеў жумысларын Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 28-декабрьдеги «Өзбекстан Республикасының 2023-2025-жылларға мөлшерленген инвестициялық бағдарламасын әмелге асырыў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-459-санлы қарарында 2024-жыл ушын белгиленген қаржылардан жумсалған бөлеги есабынан әмелге асырыў илажларын көрсин.
  2. Мәденият министрлиги Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги менен биргеликте бир ай мүддетте Өзбекстан Республикасы Президентиниң кинематография тараўында билимлендириў системасын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққындағы тийисли қарар жойбарын ислеп шықсын ҳәм белгиленген тәртипте Министрлер Кабинетине киргизсин.
  3. Республикадағы жоқары ҳәм орта-арнаўлы билимлендириў мәкемелеринде, орта мектеплерде кинолекторийлер, район (қала)ларда жайласқан мәденият орайларында миллий фильмлердиң бийпул көрсетилиўи шөлкемлестирилсин. Онда:

мәденият орайларында кинозаллар шөлкемлестириледи ҳәм олар Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери тәрепинен жергиликли бюджет қаржылары есабынан үскенеленеди;

бул көрсетиўлер Миллий кинематографияны раўажландырыў орайы жанындағы мәлимлеме-мультимедиа стриминг платформасы (uzbekkino.uz) арқалы әмелге асырылады.

  1. Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым қарарларына 4-қосымшаға муўапық қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизилсин.
  2. 17. Кинематография агентлиги:

а) Самарқанд, Бухара, Хорезм ҳәм Ташкент ўәлаятларының ҳәкимликлери менен биргеликте 2024-жыл 1-октябрьге шекем халықаралық тәжирийбени үйренген ҳалда елимизде «еркин экономикалық киноаймақлар» ҳәм «Синема парк» шөлкемлестириў бойынша тийисли нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет жойбарын;

б) еки ай мүддетте:

Кинематографияны раўажландырыў ҳәм қоллап-қуўатлаў бойынша миллий комиссия ҳәм Фильмлердиң көркем-идеялық дәрежесин арттырыўға жәрдемлесетуғын миллий кеңес ҳаққындағы режелерди тастыйықлаўды нәзерде тутатуғын Ҳүкимет қарары жойбарын;

республика аймақларында кинодөретиўшилер ҳәм ағартыўшылық үгит-нәсиятшылардың қатнасыўында «Кинокәрўан» илажларын системалы өткериў барыў бойынша Ҳүкимет қарары жойбарын;

нызамшылық ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында усынысларды Министрлер Кабинетине киргизсин.

  1. Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги ҳәм басқа да ғалаба хабар қуралларына усы қарардың мазмуны ҳәм орынланыўын кеңнен сәўлелендириў усыныс етилсин.
  2. Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер етип мәденият министри О.А.Назарбеков ҳәм Кинематография агентлиги директоры ўазыйпасын атқарыўшы Ш.Т.Ризаев белгиленсин.

Қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2024-жыл 5-июнь