Кеше Ташкент қаласындағы «Бунёдкор» стадионында 2026-жылы болып өтетуғын жәҳән чемпионатына таңлап алыў басқышының 4-тур ойыны өткерилди.
Онда Сречко Катанец басшылығындағы Өзбекстан сайланды командасы түркменстанлы футболшыларды мийман етти.
Ушырасыўды қәўипли ҳүжимлер менен баслаған Өзбекстан сайланды командасы 17-минутта Түркменстан сайланды командасы дәрўазасына гол урыўға еристи.
Буннан соң түркменстанлы футболшылар да ҳүжимге өтип, 25-минутта Шаназар Тиркишов ойындағы есапты теңлестириўге миясар болды.
Арадан 4 минут өткеннен соң, Астон Ўрунов шырайлы комбинацияны голга айландырып, командамызды есапта алдынға алып шықты.
Екинши таймда да командамыз футболшылары майданда толық үстинлик етти ҳәм 71-минутта 13-номерли футболшымыз Шерзод Насруллаев Ҳусниддин Алиқулов тәрепинен жеткерилип берилген топты голға айландырды.
Ушырасыўдың қалған минутларында да сайланды командамыз тәрепинен бир неше мәрте қәўипли ҳүжимлер шөлкемлестирилгени менен есап өзгерместен қалды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы