Хожели районы «Хожели гүриш» филиалында техникалардың ғәлле орымы мәўсимине таярлығын көзден өткериў ушын көргизбели семинар өткерилди.
Оған, Өзагроинспекцияның Қарақалпақстан Республикасы Басқармасы баслығы А.Юсупов, район ҳәкими Ж.Ермашев, сектор басшылары ҳəм аўыл хожалығы тараўының жуўапкер ўәкиллери қатнасты. Онда быйылғы ғәлле орым-жыйыны мапазына пуқта таярлық көриў ҳәм дәнди зая етпестен жыйнап алыў мақсетинде орымға қатнасатуғын техникалардың сазлығы тексерилип, әмелдеги тәртип-қағыйдалар түсиндирилди.
Орым мапазына 14 комбайн қатнасыўы белгиленген болып, олар бүгинги күнде техникалық жақтан толық таяр. Мәўсим басланбастан алдын комбайн басқарыўшыларының ҳәр бирине бир қалта ун, ақ май ҳәм 2 млн. сум айлық мийнет ҳақы төленди.
Мағлыўмат ушын районда 2024-жылдың өними ушын 141 фермер хожалығы тәрепинен жәми 3940 гектар майданда ғәлле орым-жыйыны жумысларын алып барыў режелестирилмекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги