Сиз 2000 жыл яки 1000 жыл алдынғы дәўирлерге түсип қалыўды қәлейсиз бе? Бәлким, ўақыт машинасы ҳаққында әрман етерсиз?

Әрманларыңыз орынланыўын қәлесеңиз, Қарақалпақстан Республикасы Беруний районы аймағында жайласқан әжайып әййемги ҳәм орта әсирлер естелиги – Аязқала қорғанына саяхат етиўиңизди мәсләҳәт етемиз.

Аязқала үш естеликтен ибарат (Аязқала 1,2,3). Тәбийғый төбелик үстинде жайласқан Аязқала-1 қорғаны б.эш. IV-III әсирлерде қурылған. Буннан 2300 жыл бурын!!!

Аязқала-2 қорғаны VII әсирдиң екинши ярымы – VIII әсир басларына тийисли болып, XIII әсирде оның бир бөлиминен турақ жай сыпатында пайдаланылған.

Ҳәзирги күнде бул жерде «Аязқала» туристлик кемпинги хызмет көрсетпекте.

Аязқалада тигилген отаўларда дем алған, бархан қумлар арасында түйелерде сейил етип, кешки пайыт ортаға жағылған от әтирапында биргелесип қосық айтып, ойын ойнаған саяхатшы өзин мисли орта әсирлерге түсип қалғандай сезинеди.

«Орайлық Азияның уллы еки дәрьясы аралығындағы Әййемги Мысыр мәмлекети» (бул теңеўди белгили археолог илимпаз С.П.Толстов қолланған) атанған Қарақалпақстан топырағында бундай естеликлер мыңлап гезлеседи.

Солай екен, Күншығысқа сапар шеккен азамат, асық, достым, Қарақалпақстанға жетиўге!

Фото: Қарақалпақстан хабар агентлиги жәмәәти тәрепинен шөлкемлестирилген медиатурдан көринислер

 

Аязқала-2

Қарақалпақстан хабар агентлиги

Фото: М.Хабибуллаев