Усы жыл 26-май күни Өзбекстан Халық демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республика Кеңесиниң V пленумы болып өтти.
Илажда партияның Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң ағзалары, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиндеги партия фракциясының ағзалары, қалалық ҳәм районлық партия шөлкемлериниң басшылары, халық депутатлары қалалық ҳәм районлық Кеңеслердеги партия топарының ағзалары, партия белсендилери, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.
Күн тәртибинде Өзбекстан Халық демократиялық партиясы бағдарламасының орынланыўы, 2022-2026-жылларға мөлшерленген Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясын әмелге асырыўда партияның белсене қатнасын тәмийинлеў мәселелери, партияның Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиндеги фракциясының, партия Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси атқарыў комитетиниң өткен жылдағы жумысының есабатлары, сондай-ақ, өткен жылғы бюджеттиң орынланыўы ҳәм быйылғы жылғы бюджеттиң тийкарғы көрсеткишлери ҳаққындағы мәселелер додаланды.
Пленумды Өзбестан Халық демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң баслығы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиндеги партия фракциясының басшысы Халилла Ешимбетов күн тәртибиндеги мәселелер бойынша баянат жасады.
Атап өтилгениндей, Президентимиздиң басламасы менен әмелге асырылып киятырған реформалардың социаллық бағдарланғанлығы халықтың, әсиресе, социаллық қорғаўға мүтәж қатламның мәпин билдиреди. Партия Кеңеслери тәрепинен шөлкемлестирилген қайырқомлық акцияларында 300 ден зыят шаңараққа кирилип, олардың машқалалары үйренилди ҳәм әмеллий жәрдем көрсетилди.
Есабат дәўиринде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиндеги партия фракциясы, халық депутатлары қалалық ҳәм районлық Кеңеслериндеги депутатлық топарлары тәрепинен әҳмийетли машқалалар бойынша 28 мәрте мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының есабаты сын көз-қарастан тыңланды. Сондай-ақ, депутатлық топарлары тәрепинен партия әмелий Ҳәрекет бағдарламасында белгиленген, оннан тысқары депутатлық топарларының басламасы менен 116 мәселе партия топарларында, 114 мәселе турақлы комиссияда, 83 мәселе сессиялардың күн тәртибине киргизилип, тийисли қарарлар қабыл етилиўине ерисилди.
«Жәмийетлик қабыллаўхана»ларға 1027 пуқарадан мүрәжат келип түсти ҳәм олардан 876 сы Жоқарғы Кеңестеги партия фракциясы, халық депутатлары қалалық ҳәм районлық Кеңеслериндеги депутатлық топарлары ағзалары менен биргеликте унамлы шешилди.
Партияның бағдарламалық мақсет ҳәм ўазыйпаларының мазмун-мәнисин кең жәмийетшиликке жеткериў, партияның жәмийеттеги унамлы имиджин жаратыў мақсетинде үгит-нәсият илажлары шөлкемлестирилип, онда 150 ге шамалас халық ўәкили қамтып алынды. Усыннан келип шығып, партия электоратының мәплерин қорғаўға қаратылған «Жасларға жәрдем», «Ҳаял-қызларға жәрдем», «Ҳаял-қызлардың бәнтлиги, халықтың абаданлығы», «Депутат ҳәм жаслар», «Депутат мәҳәлледе», «Мәҳәлледе кәмбағал шаңарақлардың санын азайтыў» ҳәм басқа да жойбарлар әмелге асырылды.
Атап айтқанда, «Депутат мәҳәлледе» жойбары шеңберинде депутатлар ҳәм партия хызметкерлери пуқаралар жыйынларында шөлкемлестирилген киши топарлар менен үйме-үй кириў арқалы 200 ден зыят пуқаралар жыйынында мыңнан аслам шаңараққа кирип барылды. Илаж даўамында «Темир дәптер», «Ҳаял-қызлар дәптери», «Жаслар дәптери»не киргизилген халық пенен сөйлесиўлер алып барылып, олардың машқала ҳәм мәселелери үйренилди.
Пленумда баянатлар бойынша Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиндеги партия фракциясы ағзалары, партия белсендилери тәрепинен пикир-усуныслар билдирилди.
Күн тәртибиндеги мәселелер бойынша тийисли қарар қабыл етилди.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.
М.ҲӘБИБУЛЛАЕВтың түсирген сүўретлери