Түркияныӊ Стамбул қаласында ҳаял-қызлар арасында өткерилип атырған жәҳән чемпионатында кеше бес боксшимиз ярым финал жолламасы ушын рингке көтерилди.
Онда 52 кг салмақта Турсуной Раҳимова таиландлы Жутамас Житпонгтен,57 кг салмақта Ситора Турдибекова италиялы Ирма Тестадан, 66 кг салмақта Навбаҳор Ҳамидова түркиялы Бусеназ Сурменелиден жеӊилип қалды.
Ал, 50 кг ҳәм +81 кг салмақта қатнасып атырған Азиза Ёқубова ҳәм Моҳира Абдуллаевалар Италия ҳәм Конго Демократиялық Республикасы боксшилерин жеӊип шығып, чемпионаттыӊ ярым финалына жолламаны қолға киргизди.
Өзбекстанлы бул спортшылар 18-май күни финал жолламасы ушын беллесиўлерге түседи.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы