Тахтакөпир районы “Дәўқара” стадионында жаслар арасында спорттың киши футбол түринен “Жиззақ ўәлаяты ҳәкиминиӊ кубоги” жарысы болып өтти.

Бул жарысқа район аймағындағы 17 аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынларынан командалар қатнасты.

Жарыс жуўмағында барлық қарсыласларын жеӊип шыққан “Тахтакөпир посёлкалық пуқаралар жыйыны жаслары  биринши орынды,  “Айдын жол” мәкан  ҳәм  “Қараой” аўыл пуқаралар жыйыны жаслары екинши ҳәм үшинши орынларды ийелеўге миясар болды.

Жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен “Жиззақ ўәлаяты ҳәкими кубоги” ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы