9-май – Еслеў ҳәм қәдирлеў күни мүнәсибети менен ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси «Жаслар қанаты» тәрепинен белсенди жаслардың «Султан Ўайис баба», «Шайх Жалил баба» ҳәм «Шылпық» тарийхый зыярат орынларына саяхаты шөлкемлестирилди.
Жаслар уллы ата-бабаларымыздың қойымшылықларын зыярат етип, қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Мақсет – жас әўладты Ўатансүйиўшилик, халқымыз ҳәм уллы ата-бабаларымыздың мийрасына мақтаныш сезиминде тәрбиялаў болып есапланады.
Илажда қәнигелер тәрепинен усы тарийхый орынлар туўралы кең түрде мағлыўматлар берилди. Бул естелик орынларының әҳмийетине кеңнен тоқтап өтилип, пикир-усыныслар билдирилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги