Корейс ҳәм қарақалпақ тиллери 90 процент уқсас. Еки тилдиң де лингвистикалық классификацияланыўы жағынан Алтай тиллер шаңарағына киретуғыны буған себеп болса керек. Анық мағлыўматларға қарағанда, корейс ҳәм қарақалпақ тиллери буннан бир неше мың жыллар алдын тарқалған праалтай тилинен келип шыққан. 

Қарақалпақстандағы корейс миллий мәдений орайының баслығы Марина Когай да усы пикирди тастыйықлайды: қарақалпақ ҳәм корейс тиллериниң грамматикалық дүзилиси жүдә уқсас. Мәселен, гәптиң қурылысы бирдей. Еки тилде де баянлаўыш ҳәмме ўақыт гәптиң ақырында келеди.

– Өзимниң ашшы тәжирийбемнен алып айтатуғын болсам, – дейди Марина Александровна. – 3 мыңнан аслам корейс тилиндеги сөзлерди ядлап та, корейс тилинде гәп қурастыра алмадым. Ал, жақында үйренип баслаған қарақалпақ оқыўшыларым тилди аңсат өзлестирип кететуғын еди. Буған себеп, русша сөйлейтуғын адам корейс тилиндеги айырым ҳәриплерди, сеслерди айта алмайды. Ал, қарақалпақ тилинде бундай сеслер бар болғаны себепли,  олар аңсат өзлестиреди. Мәселен, «п», «ң» сыяқлы сеслер ушырасатуғын «кабаң, анёң» сыяқлы сөзлерди айтыў олар ушын қыйыншылық туўдырмайды.

Еки тилдиң сеплик қосымталары да уқсас. Рус тилинде орынды билдириў ушын  «в, на» предлоглары (жалғаў) сөздиң алдына қойылса, ал, қарақалпақ ҳәм корейс тиллеринде «ге, ға» – «э, сэ» орын сеплик қосымталары жалғанады.

Корейслер менен қарақалпақлар тек тили жағынан ғана емес, ал үрп-әдет, дәстүрлери жағынан да уқсас. Исенбейсиз бе?

Қарақалпақ халқы руўларға бөлинеди, руўласлар бир-бири менен қыз алыспайды, жақын ағайин болып қатнасады. Корейслерде де руў – «пон» бар болып, руўласлар арасында некеден өтиў жағдайлары болмаўы ушын қарақалпақлардағы сыяқлы жети атаның атын билиў талап етиледи. Қызығы, тарийхта корейс халқы Уллы жуўыс, орта ҳәм киши жуўысқа бөлинген болып, уллы жуўыс – «яңбан»ның ўәкиллерине 99  ханалыға шекем үй салыўға руқсат берилген ҳәм сегиз әўлад бир үйде жасаған. 100 ханалы үйде тек патшалар жасаған. Хийўа қаласында да усындай  100 ханалы турақ жайлар (сарайлар) табылған болып, олар Ханлардың ҳәремлери ушын ажыратылған ханалар екенлиги анықланған. Мысалы, Хийўа ханы Аллақул ханның XIX әсирде қурғызған сарайы – Таш  Ховли 163 ханадан, мийманхана ҳәм арызханадан ибарат болған.

Корейслерде де фамилия тек әкеси тәрептен бериледи. Ал, анасы тәрептеги атасы ҳәм кемпир апасы жат, бийгана адамлар деп есапланған: әкеси тәрептен кемпир апасы хальмони, атасы харабоджи деп аталса, анасының анасы вехальмони, анасының әкеси вехарабоджи («ве» жат деген мәнисти билдиреди) деп аталған.

Орайлық Азияда қарақалпақлар менен корейслердиң үрп-әдетлери де жүдә уқсас. Мысалы, келинниң бетин ашардан алдын ийилип сәлем бериўи корейслерде де бар. Ийилип ҳәммеге сәлем береди, ҳәмме оған пул береди. Еки миллеттиң де жақын адамы қайтыс болса, аза тутады, траур реңи ақ. Ал, тәжиклерде тойғын көк рең, қазақларда жасыл.  Қарақалпақта да корейсте де өлгеннен кейин мейитти үш күн өтип ғана жерлейди.

Сондай-ақ, еки миллет ўәкиллери де балаларын арқалап өсиреди, миллий байрамлар әткөншексиз, гүрессиз өтпейди. Қарақалпақша гүрестеги белбеўинен ямаса жағасынан услап жерге жығыў, «ҳалал гүрес» сыяқлы атамалар корейсше гүреске де тән.

Қарақалпақ миллий «Қырық қыз» дәстанында сәрдар Гүлайым ханның қызы болыўы менен бирге ақыллы ҳәм батырлығы менен даңқ шығарған. Қарақалпақ  қызлары оқжайда шеберлик пенен оқ ата алған, атты жақсы шапқан. Корейс фольклорында да малика Сондок усындай қәбилетлери, батырлығы менен тарийхта ат қалдырған.

Қарақалпақ ҳәм корейс мәденияты, әдебияты, әсиресе, поэзиясы ҳәр тәреплеме уқсас. Буған себеп еки халықтың менталитетиниң, минезиниң жақынлығы болса керек.

 

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.