Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Аппараты Баспасөз хызметиниң мәлим етиўинше, алдын «ӨЗБЕКИСТАН» түринде жазып келинген мәмлекет атамасы буннан былай «ӨЗБЕКСТАН» түринде жазылады, яғный «И» ҳәриби алып тасланады.

Өзбекстан Илимлер академиясының Қарақалпақстан бөлими, Қарақалпақ мәмлекетлик университети ҳәм Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының илимий хызметкерлери менен профессор-оқытыўшыларының мәмлекетимиз атамасын, яғный «ӨЗБЕКСТАН» сөзиниң қарақалпақ тилинде жазылыўы бойынша билдирген усыныслары тийкарында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Президиумы тәрепинен усы жылдың 10-февраль күни қарар қабыл етилген.

Еслетип өтемиз, мәмлекетимиз атамасының «ӨЗБЕКИСТАН» түринде жазылыўы бойынша 2014-жыл 7-апрельде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Президиумының қарары қабыл етилген еди. Енди бул қарар өз күшин жойытты.

 

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги