Кеше футбол бойынша Азия Чемпионлар Лигасыныӊ 2-турында  «Пахтакор» «Ат-Таъвун»ға қарсы гүрес алып барды.

Ушырасыўдыӊ биринши таймында командалар бир неше мәрте гол урыўға ҳәрекет еткени менен ойында есап ашылмады. Ал, екинши таймда болса, «Пахтакор» футболшылары анықлаў ҳәрекет ете баслады ҳәм 83-минутта Икрам Алибоевтыӊ топ узатыўынан соӊ  Ҳожимат Эркинов «Ал-Таъвун» дәрўазаманы менен жекпе-жекке шығып гол урыўға еристи.

Буннан кейинде ташкентли футболшылар есапты өзгертиўи мүмкин еди, бирақ, өзиниӊ дублин жоллаўға жақын турған Эркинов саудиялылар сәрдары Райан ал-Муса тәрепинен тоқтатып қалынды ҳәм ол қызыл карточка менен жазаланды.

Ал, усы топардағы екинши ойында болса, «Ад-Дуҳайл» «Сепахон»ды минимал есапта жеӊиўге миясар болды.

Енди бул топардағы барлық командалар да 3 упайға ийе болды.

Еслетип өтемиз, «Пахтакор» биринши турда Иранныӊ «Сепахон»ынан 1-3 есабында жеӊилип қалған еди.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы