Қарақалпақстан көбинесе экстремаль туризм бағдары бойынша шет елли туристлердиң дыққатын тартып келмекте. Үстирт платосына, Арал теңизи аймағына экстремаль шараятта саяхат етиўшилер саны жылдан-жылға артып бармақта.
Жақында қабыл етилген Өзбекистан Республикасы Президентиниң «Өзбекистан республикасының туризм потенциалын раўажландырыў ушын қолайлы шараятлар жаратыў бойынша қосымша шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы менен экстремаль турларды шөлкемлестиретуғын Қарақалпақстан Республикасында дизимге алынған туроператорларға әжайып жеңиллик жаратылды. Яғный Қарақалпақстан Республикасында дизимге алынып, лицензияға ийе болған туризм операторларына әдеттегиден өзгеше тәризде экстремаль турларды шөлкемлестириў ушын двигатель көлеми 2,4 л. ден аз болмаған жоқары өтиў қәбилетине ийе болған алып кирилип атырған транспорт қуралларына автотранспорт қуралларын дизимге алыў бойынша айрықша мәмлекетлик номер сериясын енгизген ҳалда ҳәм олардан тек ғана Қарақалпақстан Республикасы аймағында пайдаланыў шәрти менен 5 жыл мүддетке бөлип-бөлип төлеў арқалы әмелдеги ставканың 25 проценти муғдарында бажыхана төлемлерин төлеўге руқсат етилди.
Бул дегени қарақалпақстанлы туроператорлар енди Үстиртте, Арал теңизи аймағында ҳәм басқа да экстремаль саяхат орынларында исенимли жүре алатуғын жол таңламас транспортларды («Jeep», «Toyota» ҳәм т.б.) шет еллерден бажыхана төлемлери ушын 25 процент муғдарында (әмелдеги ставка 100 процент) әмелге асырып, 5 жыл ишинде бөлип-бөлип төлеў арқалы сатып алыўы мүмкин. Бул транспортларға айрықша мәмлекетлик номер сериясы бериледи ҳәм бул транспортлар тек ғана Қарақалпақстан аймағында ғана ҳәрекет ете алады.
Еслетип өтемиз, өткен жылы Үстирт платосы бойлап Арал теңизи аймағына Қарақалпақстан хабар агентлиги тәрепинен еки мәрте, Өзбекистан Жаслар аўқамы тәрепинен бир мәрте қәнигелер, алымлар ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлериниң қатнасыўында медиатур шөлкемлестирилген болса, дүньяға белгили «Discover rally tour» тәрепинен Ташкент қаласынан Аралға шекемги аралықта 4000 километрлик ралли тур өткерилген еди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги