Усы жылдың 12-13-июль күнлери аралығында Россия Федерациясының Сочи қаласында 17-19-жастағы көркем өнер ийелери арасында «Море не знает границ» атамасындағы халықаралық таңлаўына Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының студенти Муҳаммед Төребеков қатнасып, биринши орын ҳәм «Миллийлигин сақлаған ел» номинациясы бойынша диплом менен сыйлықланды.
Бул ҳаққында бизге жеңимпаздың өзи Муҳаммед Сочи қаласынан хабар бермекте.
Халықаралық таңлаўда М.Төребеков фольклор жөнелиси бойынша қатнасып, қарақалпақ халқының ашықлық дәстаны «Ғәрип ашық» дәстанынан үзиндилерди аламойнақ дуўтарда атқарып шықты.
Бурын хабар етилгениндей, М.Төребеков усы жылдың 10-12-февраль күнлери аралығында Россия Федерациясының Екатеринбург қаласында өткерилген «Краски народов мира в проектах берега надежды» таңлаўына фольклор жөнелиси менен (таңлаўда «Саятхан-Ҳамра» дәстанын атқарып) қатнасып, гран-при жеңимпазы болған еди.
Мақаламыз қаҳарманы 1999-жылы Нөкис қаласында туўылған. «Болар бала бес жасынан белгили» дегениндей баласының талантын сезген анасы оны пайтахтымыздағы 1-санлы Есжан бақсы атындағы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебине оқыўға береди, ол жерде устазы Бүркитбай Пиязовтан көркем өнердиң әлўан түрли сырларын үйренеди.
«Жигитке қырық өнер де аз» дегениндей, ол домбыра саз әсбабын кәмине келтирип шертип, қазақ халқының күйлерин атқара алады. Сондай-ақ, ол «Саятхан-Ҳамра» дәстанын толық атқара алады.
М.Төребеков Нөкис мәденият ҳәм көркем өнер коллеждинде оқып жүрген ўақтында устазы, Өзбекистан халық бақсысы Теңел Қәллиевке шәкирт түсип, устазынан музыка сырларын жалықпастан үйренди.
Ҳәзирги күнде жас талант ийеси Муҳаммед Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты музыкалық тәлим бағдарының 2-басқыш студенти.
-Бундай жетискенликлерге ерисиўимде анам Раўшан Төребекова ҳәм устазым Теңел аға Қәлиевтиң үлеслери көп, – дейди М.Төребеков. Бул халықаралық таңлаўға қатнасыўыма жақыннан жәрдем берген Өзбекстан Жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикасы Кеңесине өз миннетдаршылығымды билдиремен.
Буннан басқа да, Муҳаммед усы жылдың 4-7-январь күнлери аралығында Қазақстан Республикасының Астана қаласында өткерилген «АRT-PREMIUM» халықаралық таңлаўының жеңимпазы атанып, кубокты қолға киргизип қайтқан еди.
Тәрбия СЕЙТНАЗАРОВА,
Қарақалпақстан хабар агентлиги хабаршысы