Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Халыққа көрсетилип атырған кардиологиялық ҳәм кардиохирургиялық хызметлердиң сапасын жақсылаў, аймақларда жүрек-қан тамыр кесселликлериниң алдын алыў, ерте анықлаў ҳәм нәтийжели емлеў жумысларын кеңейтиў, наўқаслар ушын қолайлы шаратлар жаратыў, оларды зәрүр дәри қураллары менен үзиликсиз тәмийинлеў және Республикалық қәнигелестирилген кардиология илимий-әмелий медицина орайының жумысын трансформациялаў мақсетинде:
- Төмендегилер жүрек-қан тамыр кеселликлериниң алдын алыўда тийкарғы бағдарлар етип белгиленсин:
басланғыш медицина мәкемелери тәрепинен күнделикли медициналық тексериўлерди жолға қойыў және саламат турмыс тәризин кеңнен үгит-нәсиятлаў;
жәрдемге мүтәж халық қатламларын зәрүр дәри қураллары менен бийпул тәмийинлеў;
аймақларда көрсетилип атырған жоқары технологиялық, кем инвазив кардиологиялық және кардиохирургиялық медициналық хызметлер көлемин арттырыў;
басланғыш буўындағы қәнигелердиң кәсиплик көнликпелерин раўажландырыў ҳәм потенциалын арттырыў, тараўда илимди раўажландырыў;
жүрек-қан тамыр кеселликлери болған наўқасларға медициналық хызмет көрсетиў системасын санластырыў.
- Денсаўлықты сақлаў системасының басланғыш буўынында халық пенен тиккелей мәҳәлледе ислейтуғын «медицина бригадалары» ҳәм шаңарақлық поликлиникалар ролин түп-тийкарынан арттырыў және жүрек-қан тамыр кеселликлерин ерте анықлаў ҳәм олардың алдын алыў мақсетинде 2022-жылдан баслап:
жылына бир мәрте 18 жастан 40 жасқа шекемги халықтың саламатлық профилин (аўқатланыў характери, темекиге байланып қалыў, дене салмағы индекси, артериал басым, қандағы қант ҳәм холестерин дәрежеси ҳәм басқалар) баҳалаў;
40 жастан асқан халықты шаңарақлық поликлиника ҳәм медицина бригадалары арқалы жылына кеминде бир мәрте мәнзилли скрининг тексериўлерден өткериў;
жүрек-қан тамыр кеселликлери анықланған наўқаслардың бирден-бир электрон реестрин жүргизиў және усы түрдеги кеселликлери бар (Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестринде болған) 200 мыңнан аслам халыққа эналаприл (Enalapril) дәри қуралын бийпул тарқатыў;
талапқа бола район (қала)лық емлеўханалардың лабораторияларын коагулометр үскенеси және зәрүр реактивлер менен толық тәмийинлеў жолға қойылсын.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 30-октябрьдеги «Саламат турмыс тәризин кеңнен үгит-нәсиятлаў ҳәм ғалабалық спортты және де раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы ПП-6099-санлы пәрманына муўапық, жүриў, жуўырыў, мини-футбол, велоспорт, бадминтон, стритбол, «Workоut» (мәҳәлле ҳәм көше фитнеси) спорт түрлерин ғалаба ен жайдырыў ҳәм раўажландырыў бағдарламаларын әмелге асырыў ушын Мәмлекетлик бюджеттен 2021-жылдан баслап ҳәр жылы 104 миллиард сумнан қаржылар ажыратылыўының белгиленгенлиги мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы және район (қала) ҳәкимлери:
а) Туризм ҳәм спорт министрлиги (А.Каримов), Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги (Р.Маматов) менен биргеликте:
ҳәр жылдың жуўмағында заманагөй фитнес ушын шараятқа ийе көшелерди қурыў мақсетинде үлгили мәҳәллелер дизимин қәлиплестирип барсын;
ҳәр жылы районлар менен қалаларда заманагөй фитнес ушын шараятқа ийе көшелери бар биреўден үлгили мәҳәллелерди шөлкемлестирсин;
б) Денсаўлықты сақлаў министрлиги (А.Иноятов) менен биргеликте 2022-жылдың ақырына шекем район (қала)лық көп тармақлы орайлық поликлиникаларда жуқпалы болмаған кеселликлер, соның ишинде, жүрек-қан тамыр кеселликлери ҳәм олардың белгилери профилактикасы, өз кеселлигин турақлы қадағалап барыў көнликпесин қәлиплестириўге қаратылған «Профилактика мектеплери»н шөлкемлестирсин.
Онда, «Дурыс аўқатланыў ҳәм саламат турмыс тәризи» ханаларын шөлкемлестирип, наўқасларды 35 түрдеги тарқатпа материаллар менен тәмийинлесин.
- Денсаўлықты сақлаў министрлиги (Б.Мусаев), Республикалық қәнигелестирилген кардиология илимий-әмелий медициналық орайы (Х.Фозилов):
а) 2023-жыл 1-январьға шекем:
Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги (Ш.Шерматов) менен биргеликте медицинаның басланғыш буўынында жумыс ислейтуғын шаңарақлық шыпакерлердиң жумысын әпиўайыластырыў ҳәм нәтийжелилигин арттырыў мақсетинде Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң протоколына тийкарланған жүрек-қан тамыр кеселликлериниң қәўип-стратификациясын баҳалаў ушын мобиль қосымша жаратып, әмелиятқа енгизсин;
тийкарланған есап-санақлар және талапқа бола, район (қала)лық емлеўханаларды 4 түрдеги кардиология үскенелери менен тәмийинлеў есабынан көрсетилетуғын хызмет түрлериниң 15 ке жеткерилиўин тәмийинлесин;
б) Республикалық қәнигелестирилген кардиология илимий-әмелий медициналық орайының (кейинги орынларда – Орай) аймақлық филиалларында кардиология бағдарында жоқары технологиялық хирургиялық операциялардың түрин басқышпа-басқыш 15 түрден 35 түрге шекем арттырсын.
- Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери бир ҳәпте мүддетте усы қарардың талапларына муўапық тийисли аймақларда 2022-2024-жыллары кардиология жәрдемин көрсетиў системасын жетилистириў бойынша аймақлық бағдарламаларды ислеп шықсын және Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм халық депутатлары жергиликли Кеңеслеринде көрип шығылыўы ҳәм тастыйықланыўын тәмийинлесин.
- Қаржы министрлиги (Т.Ишметов) 2022-жылда:
«Саламат турмыс тәризи» платформасынан пайдаланыўшыларды хошаметлеў, олардың санын және де арттырыў және бул бағдарда алып барылып атырған жумыслар көлемин және де кеңейтиў мақсетинде Мәмлекетлик бюджеттен 100 миллиард сум ажыратылыўын;
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери және Денсаўлықты сақлаў министрлиги менен биргеликте район (қала)лық медицина бирлеспелериниң лабораторияларын талапқа қарап коагулометр үскенеси ҳәм зәрүр реактивлер менен тәмийинлеў және «Дурыс аўқатланыў ҳәм саламат турмыс тәризи» ханаларын шөлкемлестириў ушын ҳәр бир район (қала) бюджетлеринде 350 миллион сумға шекемги қаржы нәзерде тутылыўын;
Денсаўлықты сақлаў министрлиги менен биргелките район (қала)лық медицина бирлеспелеринде 4 түрдеги кардиологиялық үскенелердиң бар екенлиги бойынша хатлаў өткериўди және зәрүр болған үскенелерди сатып алыў ушын Өзбекстан Республикасы республикалық бюджеттен Денсаўлықты сақлаў министрлигине орайласқан тәртипте ажыратылатуғын қаржылар есабынан 60 миллиард сумға шекемги муғдарда қаржы ажыратылыўын тәмийинлесин.
- Денсаўлықты сақлаў министрлиги (У.Собиров), Орай (Х.Фозилов):
а) 2023-жыл 1-январьға шекем Орай клиникасын көп тармақлы клиника сыпатында трансформациялаў ҳәм зәрүр болған заманагөй медициналық үскенелер менен тәмийинлеў илажларын көрсин.
Онда:
2023-жыл 1-январьға шекем Орайда жүрек-қан тамыр кеселликлери илимий изертлеўлер лабораторияларын шөлкемлестирсин;
2022-жыл 1-февральға шекем Қаржы министрлиги (Ж.Абруев), Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги (Ш.Вафаев) менен биргеликте Орайдың жүрек-қан тамыр кеселликлери илимий изертлеўлер лабораторияларын заманагөй медициналық үскенелер менен 1-қосымшаға муўапық тәмийинлеў ушын халықаралық финанс шөлкемлери және Мәмлекетлик бюджеттиң қаржылары есабынан 5 миллион АҚШ доллары эквивалентиндеги қаржыларды бағдарлаў илажлары көрилсин;
превентив кардиология, нур жәрдеминде диагностика ҳәм басқа да бағдарларда жаңа илимий изертлеўлер ушын заманагөй лабораториялар шөлкемлестирилсин және Орайда 15 тен аслам жоқары технологиялық операциялардың жолға қойылыўы тәмийнленсин;
б) еки ай мүддетте жүрек-қан тамыр кеселликлерин емлеўде қолланылатуғын дәри қуралларының дизимин олардың нәтийжелилигин есапқа алған ҳалда қайта көрип шықсын ҳәм ҳәр жылы жаңалап барсын;
в) 2022-жыл 1-февральға шекем Орайдың ишки имканиятларынан келип шыққан ҳалда штатлар шеңберинде аймақлық филиаллар менен ислесиў бойынша директор орынбасары лаўазымын енгизсин;
г) 2022-жылдың ақырына шекем, кейин ала болса ҳәр жылы Германия, Россия ҳәм басқа да мәмлекетлердиң абырайлы медицина мәкемелеринде 30 кардиолог қәнигелердиң Денсаўлықты сақлаў министрлиги жанындағы Қәбилетли ҳәм тәжирийбели медицина қәнигелерин қоллап-қуўатлаў және медицина мәкемелерине тартыў қорының есабынан маманлығын арттырыў илажларын көрсин;
д) 2023-жыл жуўмағына шекем Орайдың барлық аймақлық филиалларында телемедицина ҳәм телеметрия орайларын шөлкемлестирсин.
- Төмендегилер:
Кардиология хызметин 2022-2024-жыллары және де раўажландырыўға қаратылған илажлар бағдарламасы (кейинги орынларда – Бағдарлама) 2-қосымшаға муўапық;
Кардиология хызметин 2022-2024-жыллары және де раўажландырыўға қаратылған илажлар бағдарламасын әмелге асырыў нәтийжелилигин анықлаў көрсеткишлери 3-қосымшаға муўапық;
Республикалық қәнигелестирилген кардиология илимий-әмелий медицина орайының филиаллары және район (қала)лық медицина бирлеспелериниң кардиология бөлимлерин 2022-жылы медициналық үскенелер менен тәмийинлеўге байланыслы илажлар 4-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- Денсаўлықты сақлаў министрлиги (Б.Мусаев):
қыстаўлы ҳәм кешиктирип болмайтуғын медициналық жәрдем көрсетиў зәрүр болған жағдайларда өткир коронар синдромы менен аўырған наўқаслар ушын коронарография ҳәм басланғыш стентлеў әмелиятларын Орайдың аймақлық филиаллары, Республикалық қыстаўлы медициналық жәрдем илимий орайының аймақлық филиаллары, Районлараралық қоспа зыянланыўлар ҳәм өткир қан-тамыр кеселликлериниң орайлары және басқа да ангиограф үскенеси бар емлеў-профилактика мәкемелеринде Мәмлекетлик бюджет есабынан әмелге асырыў;
бир миллион ҳәм оннан артық халыққа хызмет көрсетиўши Районлараралық қоспа зыянланыўлар ҳәм өткир қан-тамыр кеселликлери орайларын ангиограф үскенеси менен тәмийинлеў;
Фармацевтика тармағын раўажландырыў агентлиги (С.Кариев) менен биргеликте еки ай мүддетте жоқары технологиялық кардиохирургиялық операциялар ушын пайдаланылатуғын бир мәртелик жумсаў қураллары және тромбты еритететуғын дәри қуралларын республикамызда ислеп шығарыўды жолға қойыў ҳәм оларды үзликсиз тәмийинлеў бойынша Министрлер Кабинетине киргизсин.
- Денсаўлықты сақлаў министрлиги (А.Иноятов):
а) еки ай мүддетте шаңарақлық шыпакер пунктлери ҳәм поликлиникаларда жумыс ислейтуғын мийирбийкелердиң ўазыйпаларын қайта көрип шығып, шыпакерге шекем өткерилетуғын медициналық тексериў түрлерин көбейтиў арқалы олардың функцияларын кеңейтиў;
б) 2022-жылдың ақырына шекем Медицина хызметкерлериниң кәсиплик маманлығын раўажландырыў орайы (Х.Акилов), Орай (Х.Фозилов) менен биргеликте:
медицина бригадаларының 14 мың шаңарақлық шыпакерлерин кеселликлер профилактикасы, оларды ерте анықлаў, емлеў ҳәм басланғыш жәрдем көрсетиўге оқытыў;
сырт елде тәжирийбе арттырыған жеке меншик сектор ўәкиллери менен биргеликте басланғыш буўындағы 500 қәнигени кардиология ҳәм лаборатория бағдарлары бойынша қайта таярлаў;
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери менен биргеликте барлық шаңаралық шыпакер пунктлери ҳәм поликлиникаларда шыпакерге шекем тексериў ханаларын шөлкемлестириў және 15 мың мийирбийкени арнаўлы курсларда оқытыў илажларын көрсин.
Денсаўлықты сақлаў министрлиги (Б.Мусаев) Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери менен биргеликте басланғыш буўындағы қәнигелерди кардиология ҳәм лаборатория бағдарлары бойынша қайта таярлаў ушын қәрежетлердиң 50 проценти Денсаўлықты сақлаў министрлиги жанындағы Қәбилетли ҳәм маман медициналық қәнигелерди қоллап-қуўатлаў және медицина мәкемелерине тартыў қорынан, қалған 50 проценти жергиликли бюджеттен қаплап берилиўин тәмийинлесин.
- Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги (А.Ходжаев), Өзбекстан Миллий телерадикомпаниясы (А.Хаджаев), Денсаўлықты сақлаў министрлиги (Б.Мусаев) жүрек-қан тамыр кеселликлериниң алдын алыў бойынша саламат турмыс тәризин кеңнен үгит-нәсиятлаў ҳәм жәмийетшиликке жеткериў илажларын көрсин.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң ҳәм Өзбекстан Республикасы Ҳүкиметиниң айырым ҳүжжетлерине 5-қосымшаға муўапық өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилсин.
- Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип денсаўлықты сақлаў министри Б.Мусаев, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлери белгиленсин.
Қарардың орынланыўын додалап барыў, жуўапкер шөлкемлердиң жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң биринши орынбасары Л.Н.Тўйчиевқа жүкленсин.
Әмелге асырылып атырған илажлардың нәтийжелилиги бойынша 2022-жылдың ақырына шекем Өзбекстан Республикасы Президентине мәлимлеме берилсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2022-жыл 26-январь