Өзбекстан Республикасы Президентиниң

қ а р а р ы

Халықаралық қатнасықлар тараўында дипломатиялық, басқарыў кадрларын ҳәм қәнигелерди таңлаў, таярлаў, қайта таярлаў, олардың маманлығын арттырыў системасының нәтийжелилигин түп-тийкарынан арттырыў, елдиң сыртқы экономикалық ҳәм сыртқы сиясий жумысын илимий-методологиялық ҳәм мәлимлеме-таллаў жақтан тәмийинлеў мақсетинде, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 5-апрельдеги «Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги системасын түп-тийкарынан жетилистириў және сыртқы сиясий ҳәм сыртқы экономикалық жумыстың тийкарғы бағдарларын әмелге асырыўда оның жуўапкершилигин күшейтиў илажлары ҳаққында»ғы ПП-5400-санлы Пәрманын орынлаў бойынша:

  1. Жәҳән экономикасы ҳәм дипломатия университети (кейинги орынларда Университет деп аталады) Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги системасына киретуғынлығы және төмендеги бағдарлар бойынша қәнигелер ҳәм илимий-педагогикалық кадрларды таярлаў, қайта таярлаў ҳәм маманлығын арттырыўды, жоқары дәрежеде фундаменталь және илимий-әмелий изертлеўлер алып барылыўын тәмийинлейтуғын тийкарғы жоқары билимлендириў мәкемеси болып есапланатуғыны белгилеп қойылсын:

халықаралық экономика ҳәм менеджмент;

халықаралық қатнасықлар ҳәм сиясий илимлер;

халықаралық ғалабалық ҳәм жеке меншик ҳуқық;

гид алып барыўшысы ҳәм дилмашлық жумысы.

  1. Төмендегилер Университеттиң тийкарғы ўазыйпалары ҳәм жумыс бағдарлары етип белгиленсин:

алдынғы сырт ел тәжирийбесинен, соның ишинде, заманагөй инновациялық педагогикалық  технологиялар ҳәм илимий қолланбалардан пайдаланыў, елимиздеги билимлендириў ҳәм илимий-изертлеў мәкемелериниң усы бағдардағы жумысын нәтийжели муўапықластырыў тийкарында республикалық сыртқы сиясий және сыртқы экономикалық жумыс тараўында халықаралық қәнигелерди таярлаўдың жоқары сапасын тәмийинлеў;

студентлердиң еркин таярлық көриўин тереңлестириўди, оларда таллап  пикирлеўди, беккем кәсиплик көнликпелерди, жоқары руўхый әдеп-икрамлылық ҳәм ўатан сүйиўшилик пазыйлетлерди қәлиплестириў  және раўажландырыўды тәмийинлейтуғын оқыў режелери ҳәм бағдарламаларының әмелий мазмунын күшейтиў;

Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги және басқа да тараўлық министрликлер ҳәм ведомстволардың турақлы жаңаланып туратуғын перспективалы кадрлар резервин қәлиплестириў мақсетинде халықаралық тараўдағы кадрларды қайта таярлаў және олардың маманлығын арттырыўдың нәтийжели системасын жаратыў;

халықаралық қатнасықлар, сырт ел шериклери менен бирге ислесиў, елимиздиң сыртқы сиясий және сыртқы экономикалық жумысы раўажалыныўының прогноз баҳаларын ҳәм перспективаларын ислеп шығыўға қаратылған фундаменталь және илимий-әмелий изертлеўлердиң нәтийжелилигин түп-тийкарынан арттырыў;

халықаралық қатнасықлардың тийкарғы бағдарлары бойынша жоқары қәнигели илимий ҳәм илимий-педагогикалық кадрларды таярлаў;

сырт еллердиң рәсмий илажларына ҳәм делегацияларына жоқары дәрежеде бирге ислесиўди тәмийинлеўге жумсалған жоқары қәнигели профессионал дилмашларды және гидлерди оқытыўдың заманагөй усыллары ҳәм қуралларынан пайдалана отырып шөлкемлестириў;

Университеттиң материаллық-техникалық базасын раўажландырыў және беккемлеў, хызметкерлерди материаллық хошаметлеў ҳәм социаллық қорғаўды жақсылаў, олардың нәтийжели ислеўи ушын мүнәсип шараятлар жаратыў бойынша шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый илажларды ислеп шығыў және әмелге асырыў.

  1. Университеттиң Басқарыў институты ҳәм Дипломатиялық курслары сапластырылсын және олардың негизинде университет жанында юридикалық шахс статусына ийе болған Жоқары дипломатия мектеби (кейинги орынларда – Жоқары мектеп) шөлкемлестирилсин.

Төмендегилер Жоқары мектептиң тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:

шәртнама тийкарында қысқа ямаса узақ мүддетли оқыў курсларын өткериў арқалы Сыртқы ислер ҳәм Сыртқы саўда министрилклериниң хызметкерлерин, сыртқы сиясий және сыртқы экономикалық жумысқа тартылған басқа да мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволар, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары, мәмлекетлик шөлкемлери және мәмлекетлик емес шөлкемлердиң хызметкерлерин қайта таярлаў ҳәм олардың маманлығын арттырыў;

республиканың сыртқы сиясий және сыртқы экономикалық жумысын әмелге асырыўға тартылған хызметкерлер халықаралық экономика ҳәм менеджмент, халықаралық ҳуқық ҳәм ҳуқықый сиясат, жәҳән тарийхы ҳәм мәденияты, соның ишинде, сапар етиўи мүмкин болған еллердиң тарийхы ҳәм мәденияты тараўында терең ҳәм ҳәр тәреплеме билимлерге, сөйлесиўлер жүргизиўге, ҳәр қандай шараятта пуқта ойланған ҳәм прогматикалық қарарлар қабыл етиў көнликпелерине ийе болыўы, мәмлекетлик ҳәм шет тиллерди жоқары дәрежеде ийелеўи ушын зәрүр шараятлар жаратыў;

Университеттиң билимлендириў бағдарлары бойынша жоқары билимлендириў мәкемелериниң илимий-педагогикалық кадрларын қайта таярлаў ҳәм олардың маманлығын арттырыў бойынша турақлы әмел етилетуғын курсларды шөлкемлестириў.

Жоқары мектеп Университеттиң билимлендириў бағдарлары бойынша төлемли-контракт тийкарында бизнес-ҳәкимшилиги жыллық бағдарламалары (МВА) шеңберинде магистрлер таярлаўды әмелге асыратуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Жәҳән экономикасы ҳәм дипломатия университетиниң жаңаланған шөлкемлестириўшилик структурасы және Университет жанындағы Жоқары дипломатия мектебиниң шөлкемлестириўшилик структурасы 1- ҳәм 2-қосымшаларға муўапық тастыйықлансын.

Университет ректорына Өзбекстан Республикасы сыртқы ислер министри менен келискен ҳалда Университет ҳәм Жоқары мектептиң шөлкемлестириўшилик структураларына хызметкерлердиң белгиленген саны ҳәм мийнетке ҳақы төлеў қоры шеңберинде өзгерислер киргизиў ҳуқықы берилсин.

  1. 2018/2019 оқыў жылынан баслап төмендегилер белгиленсин:

Университеттиң бакалавриат бағдарлары бойынша билим алыў мүддети төрт жылды қурайды, сол жерде бурын оқыўға қабыл етилген студентлер әмелдеги тәртип тийкарында оқыўды жуўмақлайды ҳәм диплом алады;

Университеттиң барлық бакалавриат бағдарлары бойынша оқыўға қабыллаў шет тили, математика/тарийх, ана тили ҳәм әдебияты пәнлери бойынша мәмлекетлик тест сынақларының жуўмақлары тийкарында әмелге асырылады;

абитуриентлер ушын дәслепки имтиханнан өтиў тәртиби енгизиледи, оның жуўмақлары бойынша абитуриентлерди мәмлекетлик тест сынақларын тапсырыўшылар дизимине киргизиў ҳаққында қарар қабыл етиледи;

Университеттиң магистратура бағдарлары бойынша билим алыў мүддети өндиристен қол үзген ҳалда билим алыўшылар ушын бир жылды, өндиристен қол үзбеген ҳалда билим алыўшылар ушын еки жылды қурайды;

магистратураға қабыллаў белгиленген тәртипте қәнигелик бойынша жазба имтаханлар ҳәм шет тили бойынша имтихан тапсырыў арқалы әмелге асырылады.

  1. Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги, Экономика министрлиги және Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң 2018/2019 оқыў жылында Университет бакалавриатына студентлерди қабыл етиў квотасын 3-қосымшаға муўапық 150 адам (соның ишинде, мәмлекетлик грантлар бойынша 30 адам), Университеттиң магистратурасына 50 адам (соның ишинде, мәмлекетлик грантлар бойынша 10 адам) етип белгилеў, нызам ҳүжжетлерине муўапық көбейтилген контракт ставкалары бойынша қосымша қабыллаў имканиятын нәзерде тутыў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.

2019/2020 оқыў жылынан баслап магистратураға қабыл етилетуғын студентлердиң саны Университет тәрепинен Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги ҳәм Экономика министрлиги менен келисилген ҳалда бакалавриатқа қабыллаў квотасының 50 процентине шекемги (соның ишинде, мәмлекетлик грантлар бойынша магистратура ушын ажыратылған орынлар санының 20 проценти) және республикалық сыртқы сиясий ҳәм сыртқы экономикалық жумыстың тийисли бағдарлары бойынша жоқары қәнигели халықаралық қәнигелер, илимий ҳәм илимий-педагогикалық кадрлардың резервин толықтырыў талапларынан келип шыққан ҳалда белгиленетуғыны белгиленсин.

Жәҳән экономикасы ҳәм дипломатия университети кадрларына буйыртпашы-шөлкемлердиң дизими ҳәм бакалавриат питкериўшилериниң олар арасындағы бөлистирилиўи 4-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

  1. Университетке төмендеги ҳуқықлар берилсин:

белгиленген тәртипте билимлендириў стандартларын ислеп шығыў, қәнигели студентлер, оқыў режелерин ҳәм бағдарламаларын, сондай-ақ, алдыңғы халықаралық тәжирийбени есапқа алған ҳалда студентлердиң билимин баҳалаў және оқыў процесиниң әмелият  пенен интеграцияласыўын тәмийинлеў системасын ислеп шығыў ҳәм тастыйықлаў;

бакалавриатта уқсас бағдарлар бойынша оқыўды табыслы тамамлаған студентлерди «Гид алып барыўшысы ҳәм дилмашлық жумысы» қәнигелиги бойынша магистратураға қабыл етиў;

профессор оқытыўшылар қурамының жумыс түрлери бойынша ўақыт өлшемлерин белгилеў;

Университеттиң билимлендириў бағдарлары бойынша педагогикалық кадрларды қайта таярлаў ҳәм маманлығын арттырыў режелери және бағдарламаларын ислеп шығыў ҳәм олардың әмелге асырылыўын тәмийинлеў;

бакалавриат, магистратура ҳәм жоқары оқыў орнынан кейинги билимлендириў бағдарлары бойынша жетекши сырт ел жоқары билимлендириў мәкемелери менен биргеликтеги билимлендириў бағдарламаларын енгизиў;

Университет ҳәм Жоқары мектептиң материаллық-техникалық базасын беккемлеў, қәнигелерди шәртнама тийкарында тартыў, хызметкерлерди материаллық хошаметлеў ушын төлемли-контракт (соның ишинде көбейтилген контракт ставкалардан түсимлер) ҳәм бюджеттен тысқары қаржыларға олардан ақылға уғрас және нәтийжели пайдаланыў шәрти менен ийелик етиў;

Университеттиң жумыс бағдарлары бойынша шәртнама тийкарында консалтинг ҳәм эксперт-таллаў хызметлерин көрсетиў, усы ўазыйпаларды әмелге асырыў ушын шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый ҳәм инновациялық-инвестициялық структураларды жаратыў.

Университет және усы тараўдағы министрликлерге ҳәм ведомстволарға Университеттиң академиялық лицейи ҳәм «Дипниҳол» мектепке шекемги билимлендириў мәкемесиниң жумысын муўапықластырыў ҳәм «Улығбек атындағы Ташкент халықаралық мектеби» мәмлекетлик емес билимлендириў мәкемесине оқыў-методикалық ҳәм мәлимлеме-ресурс жәрдемин бериў ўазыйпалары жүкленсин.

  1. Университет дүзилмесинде төмендегилер шөлкемлестирилсин:

а) төмендегилер тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленген Халықаралық экономикалық ҳәм сиясий изертлеўлер орайы:

халықаралық экономика ҳәм менеджмент, елдиң экспорт потенциалын арттырыў, инвестициялар және туристлер ағымын тартыў, жәҳән сиясаты ҳәм халықаралық қәўипсизлик, заманагөй илим және халықаралық қатнасықлар әмелиятының басқа да тийкарғы бағдарлары тараўында фундаменталь ҳәм әмелий изертлеўлер алып барыў;

халықаралық жумыслар бойынша қәнигелерди кәсиплик, илимий-изертлеў ҳәм таллаў арқалы таярлаў нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған халықаралық экономика және сиясат тараўында жаңа курслар ҳәм бағдарламаларды таярлаў ҳәм оқыў процесине енгизиў;

өткерилген изертлеўлер тийкарында елдиң сыртқы сиясий ҳәм сыртқы экономикалық жумысының нәтийжелилигин арттырыў мәселелери бойынша мәлимлеме-таллаў, прогноз материалларды ҳәм усынысларды ислеп шығыў;

б) төмендегилер тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленген Халықаралық-ҳуқықый изертлеўлер ҳәм салыстырмалы ғалабалық ҳуқық орайы:

халықаралық ғалабалық ҳәм жеке меншик ҳуқық тараўында терең фундаменталь ҳәм әмелий изертлеўлерди алып барыў, елдиң сыртқы сиясий және сыртқы экономикалық жумысының ҳуқықый тийкарларын қәлиплестириў;

республиканың сыртқы сиясий және сыртқы экономикалық жумысы тараўындағы ҳуқықый сиясат, нызамшылық ҳәм ҳуқықты қолланыў әмелиятының раўажланыўын турақлы таллаў, изертлеўлер нәтийжелерин алдынғы халықаралық тәжирийбелерди есапқа ала отырып, оқыў процесине ҳәм жаңа әўлад оқыў-методологиялық әдебиятларын таярлаў жумысларына енгизиў;

Өзбекстан Республикасының халықаралық қатнасықларын ҳуқықый тәртипке салыў системасын жетилистириўге қаратылған салыстырмалы ҳуқықтаныўшылық, халықаралық экономика ҳәм коммерция ҳуқықы, заманагөй юридикалық илим және әмелияттың басқа да тармақлары бойынша перспективалы изертлеў жойбарларына жас илимпазларды жедел тартыў.

  1. Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджет қаржылары, шәртнама тийкарында хызметлер көрсетиў түсимлери, илимий-техникалық бағдарламаларға ажыратылған грантлар, сондай-ақ, нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклер Халықаралық экономикалық ҳәм сиясий изертлеўлер орайы және Халықаралық-ҳуқықый изертлеўлер ҳәм салыстырмалы ғалабалық ҳуқық орайы (кейинги орынларда – орайлар) жумысын қаржыландырыў дәреклери болып есапланатуғыны;

орайларға илимий хызметкерлер сыпатында, соның ишинде, еки жумысты ислеў тийкарында жумысқа тартыў илимий ҳәм әмелий көнликпеге ийе, жоқары маман қәнигелер арасында өткерилетуғын таңлаў тийкарында әмелге асырылатуғыны;

орайлардың алып баратуғын изертлеў жумысларын муўапықластырыў елдиң сыртқы сиясий ҳәм сыртқы экономикалық жумысының тийкарғы ўазыйпаларын есапқа алған ҳалда Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги тәрепинен әмелге асырылатуғыны белгилеп қойылсын.

  1. а) 2018-жыл 1-сентябрьден баслап Жоқары мектепте төмендеги хызметкерлердиң категориялары мәжбүрий тәртипте қайта таярланатуғыны ҳәм маманлығын арттыратуғыны:

Сыртқы ислер ҳәм Сыртқы саўда министрликлери, сыртқы сиясий ҳәм сыртқы экономикалық жумысқа тартылған басқа да министрликлер ҳәм ведомстволар, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының ҳәкимшилик-басқарыў хызметкерлери – үш жылда бир мәрте;

сыртқы сиясий және сыртқы экономикалық жумыс тараўында ўазыйпаларды орынлаўға байланыслы басшылық лаўазымына тайынлаў ушын резервке алынған мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымлары, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары, басқа да қәнигелестирилген мәмлекетлик мәкемелердиң хызметкерлери;

Өзбекстан Республикасының сырт елдеги мәкемелери менен халықаралық шөлкемлердиң Өзбекстан ушын ажыратылған квоталарына дипломатиялық ҳәм ҳәкимшилик-техникалық лаўазымларға тайынланатуғын хызметкерлер, соның ишинде, олардың өмирлик жолдаслары;

халықаралық қатнасықлар және сиясий илимлер, халықаралық экономика ҳәм менеджмент, халықаралық ғалабалық және жеке меншик ҳуқық, гид алып барыўшылығы ҳәм дилмашлық жумысы бағдарындағы жоқары билимлендириў мәкемелериниң педагог кадрлары – үш жылда бир мәрте;

б) Жоқары мектеп курсларының өндиристен қол үзбеген ҳалда билим алып атырған тыңлаўшылары ушын пүткил билим алыў дәўиринде тийкарғы жумыс орнындағы ийелеп турған лаўазымы, мийнет ҳақысы ҳәм оған теңлестирилген төлемлердиң сақланатуғыны;

в) Жоқары мектепте оқытыў, қайта таярлаў және маманлығын арттырыў Өзбекстан Республикасы сыртқы ислер министри тәрепинен ҳәр жылы тастыйықланатуғын реже ҳәм бағдарламаларға муўапық шәртнама тийкарында әмелге асырылатуғыны белгиленсин.

Жоқары мектепке коммерциялық тийкарда мәмлекетлик емес шөлкемлер ушын қәнигелестирилген оқыў курсларын өткериў ҳуқықы берилсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги:

жоқары қәнигели кадрлар таярлаўдың қәрежетлери ҳәм Университеттиң раўажландырыў стратегиясын есапқа алған ҳалда ҳәр жылы төлемли-контракт тийкарындағы бакалавриатта ҳәм магистратурада билим алыўдың баҳасын белгилесин ҳәм тастыйықласын. Онда, Университетте шәртнама тийкарында билим алыўдың төлемли баҳасы тийисли бағдар ҳәм қәнигелик бойынша республикалық билимлендириў мәкемелери ушын белгиленгенинен 3 есеге артыўы мүмкин емес;

Университет ҳәм Жоқары мектеп кадрларын Сыртқы ислер министрлиги орайлық аппараты және Өзбекстан Республикасының сырт елдеги мәкемелеринде турақлы түрде ишки ведомстволық ротациялаў тәртибин енгизиўди;

Университет жумысына тартылатуғын ҳәм оның бирге ислесиўдеги илажларында қатнасыў ушын мирәт етилетуғын сырт елли оқытыўшылар, илимпазлар және қәнигелерге кириў визаларын консуллық ҳәм басқа да жыйымларды өндирмеген ҳалда рәсмийлестириўди тәмийинлесин.

  1. Сыртқы саўда министрлиги, Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети, Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети, Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Стратегиялық ҳәм регионлараралық изертлеўлер институты, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары, сыртқы сиясий және сыртқы экономикалық жумысқа тартылған министрилклер ҳәм ведомстволар Сыртқы ислер министрлиги менен биргеликте:

оқыў әмелиятынан өтиў бағдарламаларына муўапық тараўлық министрлик ҳәм ведомстволардың тийисли бөлимлерине студентлер тәрепинен билимлендириў процесинде алынған әмелий ҳәм теориялық билимлерди әмелиятта қолланыў мақсетинде олардың мәжбүрий әмелиятын шөлкемлестириўде Университетке ҳәр тәреплеме жәрдем көрсетсин;

Университет ҳәм Жоқары мектеп профессор оқытыўшыларының қурамы, изертлеўшилериниң ведомстволық жақтан бойсынған бөлимлериниң жумысы менен танысыўлары ҳәм сыртқы сиясий және сыртқы экономикалық жумыс тараўында мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарлары ҳаққындағы жаңа билимлерге ийе болыўы ушын оларда қысқа мүддетли стажировкадан өтиўлерин шөлкемлестириў әмелиятын енгизсин;

Университет ҳәм Жоқары мектепте басқарыў қурамы, жуўапкер хызметкерлер ҳәм әмелиятшы-қәнигелер тәрепинен халықаралық қатнасықлар, елдиң ишки ҳәм сыртқы сиясатының әҳмийетли мәселелери бойынша турақлы түрде сабақлар, баянатлар (соның ишинде, саат есабы менен ҳақы төлеў ямаса еки жумысты қатара ислеў шәртлери тийкарында) өткерилиўин тәмийинлесин.

  1. Университет ҳәм Жоқары мектеп жумысын қаржыландырыўдың тийкарғы дәреклери етип Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети, Университет және жоқары мектептиң бюджеттен тысқары қорлары, соның ишинде, билимлендириўдиң төлемли шәртнама түринен түсетуғын қаржылар, шәртнама тийкарында хызметлерди әмелге асырыўдан түскен қаржылар, грантлар, сондай-ақ, сырт ел ҳәм нызам ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа да дәреклер белгиленсин.

Университетте бюджет мәкемелериниң ҳәм шөлкемлериниң хызметкерлерин материаллық хошаметлеў арнаўлы қоры менен бир қатарда бюджеттен тысқары қаржылар, соның ишинде, төлемли-шәртнама (соның ишинде, көбейтилген шәртнама тийкарында билим алыўға киретуғынлар) қаржылары есабынан ҳәкимшилик-басқарыў, профессор-оқытыўшы, илимий, оқыў-жәрдемши, техникалық ҳәм хызмет көрсететуғын хызметкерлерди олардың мийнетине ҳақы төлеў қорынан 85 процент  муғдарына шекем болған материаллық хошаметлеў арнаўлы қоры (кейинги орынларда – Арнаўлы қор) шөлкемлестирилсин.

  1. Университет ректоры Арнаўлы қордың қаржылары есабынан Университет ҳәм Жоқары мектеп хызметкерлерине олардың жумысларының көлемин ҳәм нәтийжелилигин есапқа алған ҳалда лаўазым мийнет ҳақының 100 процентине шекемги муғдарда айлық үстеме белгилеў, сондай-ақ, нызамшылыққа муўапық басқа да қосымша материаллық хошаметлеў илажларын қолланыў ҳуқықына ийе екенлиги;

Арнаўлы қор қаржыларын қәлиплестириў ҳәм оннан пайдаланыў тәртиби, сондай-ақ, Университет ҳәм Жоқары мектеп хызметкерлерине айлық үстеме белгилеў нормалары Университет тәрепинен Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги менен келисилген ҳалда белгиленетуғыны;

2018-жыл 1-июльден Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги системасындағы хызметкерлерге көп жыллық мийнети ҳәм дипломатиялық реңлери айлық ушын мийнет ҳақысына қосымша ҳақы Университет ҳәм Жоқары мектеп хызметкерлерине де енгизилетуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги усы қарарда нәзерде тутылған ўазыйпаларды әмелге асырыў ушын зәрүр қаржыларды 2018-жыл ушын ажыратсын, кейинги жыллардан баслап болса оларды Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетиниң қәрежетлери параметрлеринде нәзерде тутсын.
  2. Университет:

нызамлар, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси палаталарының қарарлары, Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманлары, қарарлары ҳәм бийликлери, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң қарарлары ҳәм бийликлери, Сыртқы саўда министрлиги, Әдиллик министрлиги, Ишки ислер министрлиги, Жоқарғы суд, Бас прокуратура, Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети, Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети, Мәмлекетлик бажыхана комитети, Мәмлекетлик салық комитети, басқа да тараўлық министрликлер ҳәм ведомстволар, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлери мәжбүрий (бир нусқада) жиберилетуғын шөлкемлер дизимине;

баспа ҳәм китап өнимлери (ҳуқықый, жәмийетлик-сиясий ҳәм экономикалық басылымлар)ниң бийпул нусқаларын (бир нусқада) алатуғын шөлкемлер дизимине;

Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик статистика комитети, сондай-ақ. басқа да министрлик ҳәм ведомстволардың статистикалық мәлимлемелери мәжбүрий жиберилетуғынлардың дизимине киргизилсин.

  1. Жәҳән экономикасы ҳәм дипломатия университетиниң жумысын түп-тийкарынан жетилистириў бойынша комплексли илажлар бағдарламасы 5-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
  2. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети:

бир ҳәпте мүддетте Жәҳән экономикасы ҳәм дипломатия университетиниң бакалавриаты ҳәм магистратурасына қабыл етиў ҳаққындағы Режени тастыйықласын;

бир айлық мүддетте 2020-жылдың ақырына шекем Университет ҳәм Жоқары мектептиң материаллық-техникалық базасын беккемлеў ҳәм кеңейтиў. объектлерди қурыў, реконструкциялаў, капитал оңлаў және үскенелеў, Университеттиң толық инженерлик-техникалық, мәлимлеме-коммуникация инфраструктурасын жаратыў мәселелери бойынша қарар қабыл етсин;

Жоқары билмлендириў бағдарлары ҳәм қәнигеликлери классификаторына «Халықаралық экономика ҳәм менеджмент», «Гид алып барыўшысы ҳәм дилмашлық жумысы» қәнигеликлериниң киргизилиўин тәмийинлесин.

  1. Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Жәҳән экономикасы ҳәм дипломатия университетиниң буйыртпаларына бола Университетте ислеў ушын тартылатуғын сырт ел оқытыўшыларына, профессор ҳәм қәнигелерине мәмлекетлик бажылар төлеўден азат еткен ҳалда көп мәртелик визалар берилиўин ҳәм созылыўын белгиленген тәртипте тәмийинлесин.
  2. Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте бир ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында усыныс киргизсин.
  3. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасы Президентиниң Мәмлекетлик кеңесгөйи Р.С.Қасимовқа, Өзбекстан Республикасы Президенти Мәмлекетлик кеңесгөйиниң биринши орынбасары Б.М.Мавлоновқа ҳәм Өзбекстан Республикасы сыртқы ислер министри А.Х.Камиловқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                          Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2018-жыл 21-июнь