Өзбекстан Республикасы Президентиниң

қ а р а р ы

Өзбекстанда шаңарақты раўажландырыўға глобаллық дәрежеде Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Турақлы раўажланыў мақсетлери шеңберинде, сондай-ақ, 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясы шеңберинде қаралады.

Соның менен бирге, бул тараўда мәмлекетлик сиясатты табыслы алып барыўды тоқтатып турыўшы бир қатар системалы машқалалар менен кемшиликлер шаңарақ институтын беккемлеў тараўындағы реформаларды толық жүзеге шығарыўға ҳәм белгиленген мақсетлерге ерисиўге тосқынлық етпекте. Соның ишинде:

бириншиден, тийисли ведомстволар менен шөлкемлердиң жумысын муўапықластырыўдың және мониторинг етиўдиң тәсиршең системасы жоқ, шаңарақты раўажландырыў мәселелери бойынша мәмлекет, пуқаралық жәмийети институтлары ҳәм жеке сектордың бирге ислесиўи төмен дәрежеде;

екиншиден, шаңарақ институтын беккемлеў тараўындағы илимий-изертлеўлердиң қәнигелиги тар, ҳәзирги турмыс ўақыяларынан үзилип қалған, илимий-изертлеўлердиң нәтийжелери әмелиятқа төмен дәрежеде енгизилмекте;

үшиншиден, шаңарақтың демографиялық раўажланыўында өзгерислер жүз бермекте, шаңарақлық ажырасыўлардың саны өспекте, бул тараўда унамсыз тенденциялардың ҳәм машқалалардың себеплерин тийкарлайтуғын изертлеўлер жетиспей атыр;

төртиншиден, шаңарақта, билимлендириў мәкемелеринде мәдений-тарийхый мийрастың потенциалынан төмен пайдаланылмақта, миллий менталитетимизге жат болған идеялар менен көзқараслар тәсириниң алдын алыў бағдарындағы жумыслар нәтийжесиз;

бесиншиден, шаңарақ институтын беккемлеўдиң нызамшылық тийкарлары толық емес, ҳуқықты қолланыў әмелиятын ҳәм алдынғы сырт ел әмелиятын үйрениў тийкарында шаңарақты қорғаў ҳәм қоллап-қуўатлаў тараўында беккем ҳуқықый тийкар жоқ;

алтыншыдан, қәнигелер жетиспейди ҳәм кадрлардың маманлығы төмен дәрежеде, билимлендириў системасында қәнигелерге болған зәрүрликти прогнозластырыў механизми жолға қойылмаған, шаңарақ институтын беккемлеў ҳәм раўажландырыў бойынша оқыў сабақлықлары толық емес.

Шаңарақ институтын жетилистириў бойынша комплексли илажларды әмелге асырыў, бул процессте мәмлекетлик уйымлардың, пуқаралық жәмийети институтларының ҳәм пуқаралардың тығыз бирге ислесиўин және белсенди ролин тәмийинлеў мақсетинде, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 2-февральдағы «Ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў ҳәм шаңарақ институтын беккемлеў тараўындағы жумысын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы ПП-5325-санлы Пәрманына муўапық:

  1. Өзбекстан Республикасының Конституциясына муўапық шаңарақ институтының тийкарғы буўыны және жәмийет ҳәм мәмлекет қорғаўында болыў ҳуқықына ийе екени мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
  2. Төмендегилер Өзбекстан Республикасында шаңарақ институтын беккемлеў бойынша тийкарғы бағдарлар етип белгиленсин:

шаңарақ институтын беккемлеўдиң институциональлық ҳәм ҳуқықый тийкарларын жетилистириў, социаллық шерикликти күшейтиў;

заманагөй шаңарақты беккемлеў ҳәм раўажландырыў мәселелери бойынша фундаменталь, әмелий ҳәм инновациялық изертлеўлер алып барыў;

демографиялық раўажланыўды хошаметлеў ҳәм шаңарақтың абаданлық дәрежесин арттырыў;

шаңарақтың тәрбиялық-билимлендириў потенциалын беккемлеў, жәмийетте дәстүрий шаңарақлық қәдриятларды сақлаў, шаңарақларда руўхый-әдеп-икрамлылық орталықты жақсылаў;

шаңарақларға тәсиршең методикалық, консультативлик ҳәм әмелий жәрдем көрсетиўдиң нәтийжели системасын жаратыў.

  1. Төмендегилер:

Өзбекстан Республикасында шаңарақ институтын беккемлеў концепциясы (кейинги орынларда Концепция деп аталады) 1-қосымшаға муўапық;

Өзбекстан Республикасында шаңарақ институтын беккемлеў концепциясын әмелге асырыў бойынша «Жол картасы» (кейинги орынларда «Жол картасы» деп аталады) 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Министрликлер, ведомстволар, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары ҳәм басқа да шөлкемлердиң басшылары «Жол картасы»нда нәзерде тутылған илажлардың сапалы және толық орынланыўы ушын жеке жуўапкер екени белгилеп қойылсын.

  1. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы «Шаңарақ» илимий-әмелий изертлеў орайы (кейинги орынларда «Шаңарақ» орайы деп аталады):

Концепция ҳәм «Жол картасы»н әмелге асырыў процесиниң нәтийжели муўапықластырылыўы және системалы мониторинги, олардың орынланыўы ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине ҳәр шеректе мәлимлеме берилиўин тәмийинлесин;

концепция ҳәм «Жол картасы»н әмелге асырыўға бағышланған мәлимлеме-таллаў шолыўларын анық көрсеткишлерди ҳәм нәтийжелерди көрсеткен ҳалда турақлы рәўиште таярлаў ҳәм ғалаба хабар қуралларында жәрияланып барылыўы илажларын көрсин;

зәрүр жағдайларда, пуқаралық жәмийети институтларының, илимий топарлардың, халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллерин, сырт елли экспертлерди Концепцияны ҳәм «Жол картасы»н әмелге асырыўға қатнасыўға, сондай-ақ, шаңарақ институтын беккемлеў бойынша әҳмийетли мәселелерди додалаўға тартсын.

  1. «Шаңарақ» орайы, Өзбекстан Ҳаял-қызлар комитети, «Мәҳәлле» қайырқомлық жәмийетлик қоры, Өзбекстан жаслар аўқамы ҳәм кең жәмийетшиликтиң Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясының 1993-жыл 20-сентябрьдеги А/RES/47/237-санлы резолюциясы менен жәрияланған Халықаралық шаңарақ күнин республиканың барлық аймақларында ҳәр жылы белгилеў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.

«Шаңарақ» орайы республикада 2019-жылда ҳәм кейинги жылларда Халықаралық шаңарақ күнин белгилеў ҳаққындағы Ҳүкиметлик бийликтиң жойбарын  2018-жыл 1-сентябрьге шекем Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги, Мәденият министрлиги Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери менен биргеликте турақлы түрде спорт ҳәм мәдений илажларды шөлкемлестирсин және оларды Халықаралық шаңарақ күни алдынан өткериўге айрықша итибар қаратсын.
  2. Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, Өзбекстан Баспасөз ҳәм хабар агентлиги ғалаба хабар қуралларында усы қарардың мақсет-ўазыйпаларының ҳәм Концепцияның әмелге асырылыўын сәўлелендирип барыў бойынша мақалалар жәрияланыўын ҳәм темаға байланыслы көрсетиўлер эфирге берилиўин шөлкемлестирсин.
  3. «Шаңарақ» орайы Өзбекстан Ҳаял-қызлар комитети, Әдиллик министрлиги ҳәм басқа да мәпдар ведомстволар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер менен қосымшалар ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  4. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары – Өзбекстан Ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы Т.К.Норбоеваға, Өзбекстан Республикасы Президенти Мәмлекетлик кеңесгөйиниң биринши орынбасары Б.М.Мавлоновқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы «Шаңарақ» илимий-әмелий изертлеў орайының директоры Д.Г.Тошмуҳамедоваға жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2018-жыл 27-июнь