Өзбекстан Республикасы Президентиниң
п ә р м а н ы
Салық жүгин избе-излик пенен азайтыў, салық салыў системасын әпиўайыластырыў ҳәм салық ҳәкимшилигин жетилистириў экономиканы жедел раўажландырыў және елимиздиң инвестициялық тартымлылығын жақсылаўдың әҳмийетли шәртлери болып есапланады.
Соның менен бирге, үйрениўлер нәтийжелери усы тараўда бир тегис экономикалық өсиўге, исбилерменлик ҳәм инвестициялық белсендиликти арттырыўға, саламат бәсеки орталығын қәлиплестириўге, сондай-ақ, салықлар ҳәм басқа да мәжбүрий төлемлердиң жыйналыўшаңлық зәрүрлиги дәрежесин тәмийинлеўге тосқынлық етип атырған бир қатар системалы машқалаларды көрсетти, соның ишинде:
бириншиден, улыўма белгиленген салықларды төлеўшилер ушын салық жүги дәрежесиниң жоқарылығы, сондай-ақ, салық салыўдың әпиўайыластырылған ҳәм улыўма белгиленген системасында салықларды төлейтуғын хожалық жүргизиўши субъектлер арасындағы салық жүги дәрежесиндеги айырмашылықтың сезилерлилиги;
екиншиден, қосымша қун салығын өндириўдиң нәтийжесиз системасын, салық төлеўшилердиң айланыс қаржыларын тартатуғын, сондай-ақ, тутыныў өниминиң аралық ҳәм жуўмақлаўшы қунының қымбатлаўына алып келетуғын және ири ҳәм киши бизнес арасындағы кооперацияның раўажланыўына тосқынлық ететуғын мәжбүрий төлемлердиң бар екенлиги;
үшиншиден, салық төлеўшилер тәрепинен хызметкерлердиң реал санын ҳәм мийнетке ҳақы төлеў қорын жасырыўға алып келетуғын мийнетке ҳақы төлеў қоры салық ставкаларының жоқарылығы;
төртиншиден, хожалық жүргизиўши субъектлерди салық ҳәм бажыхана, соның ишинде, индивидуаллық сыпатқа ийе болған жеңилликлер есабынан қоллап-қуўатлаў бойынша кең көлемли әмелияты, нәтийжеде саламат бәсекилик орталығына унамсыз тәсир көрсететуғын жеңилликлердиң нәтийжелилигин қадағалаў ҳәм мониторинг етиў системасының жоқ екенлиги;
бесиншиден, мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер арасында мәлимлеме алмасыў механизмлериниң, электрон салықлар ҳәкимшилиги ҳәм салық қадағалаўын әмелге асырыўдың түр ҳәм усылларының жетилиспегенлиги;
алтыншыдан, өткерилетуғын қадағалаў илажларының сапасына унамсыз тәсир ететуғын инсаплы исбилерменлик субъектлериниң жумысына араласыўларды азайтыўға тосқынлық ететуғын қадағалаў жумысын әмелге асырыўда қәўип-қәтерлерди таллаў ҳәм басқарыўдың анық системасының жоқ екенлиги;
жетиншиден, жергиликли салықлар ҳәм жыйымлардың ҳәкимшилиги механимзлериниң нәтийжесизлиги ақыбетинде оларды жыйнаўшылық дәрежесиниң жетерли емеслиги, сондай-ақ, көшпес мүлк ҳәм жер участкаларын толық есапқа алыў ҳәм қунын объектив анықлаўдың жоқ екенлиги.
Орын алған системалы машқалаларды сапластырыў, 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында белгиленген салық жүгин азайтыў ҳәм салық салыў системасын әпиўайыластырыў, салық ҳәкимшилигин жетилистириў ўазыйпаларын әмелге асырыў мақсетинде, сондай-ақ, кең жәмийетшилик додалаўы нәтийжелери ҳәм халықаралық валюта қорының. Жәҳән банки ҳәм халықаралық экспертлердиң усынысларынан келип шығып:
- Өзбекстан Республикасының салық сиясатын жетилистириў концепциясының тийкарғы бағдарлары етип төмендегилер белгиленсин:
экономикаға салық жүгиниң дәрежесин азайтыў. сондай-ақ, салық салыўдың әпиўайыластырылған ҳәм улыўма белгиленген системасы бойынша салықларды төлейтуғын хожалық жүргизиўши субъектлер арасындағы салық жүги дәрежесиндеги теңсизликлерди сапластырыў;
салықларды унификациялаў жолы менен оларды оптималластырыў, уқсас салық салыў базасына ийе болған салықларды бирлестириў, салық есапларын азайтыў ҳәм әпиўайыластырыў, операциялық қәрежетлерди минималластырыў;
макроэкономикалық жағдайдың турақлылығын, Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджет ҳәм оның дәраматларын беккем қәлиплестириўди тәмийинлеў;
салық нызамшылығын әпиўайыластырыў, салық қатнасықлары тараўында нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердеги келиспеўшиликлерди ҳәм қарама-қарсылықларды сапластырыў, инсаплы салық төлеўшилердиң ҳуқық ҳәм нызамлы мәплериниң қорғалыўын күшейтиў;
салық салыў мәселелерин тәртипке салатуғын усыныс етилетуғын нормалар ҳәм нызамнан келип шығатуғын ҳүжжетлерди максимал дәрежеде шеклеген ҳалда салық нызамшылығының турақлылығын және Өзбекстан Республикасы Салық кодекси нормаларының тиккелей әмел етиўин тәмийинлеў, соның ишинде, кодексте салықлар ҳәм басқа да мәжбүрий төлемлер ставкаларының муғдарларын белгилеў;
сырт ел инвесторлары ҳәм инвестициялар ушын қолайлы режимди сақлап қалыў, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў ҳәм исенимли ҳуқықый қорғаў;
салық қадағалаўының түри ҳәм механизмлерин, соның ишинде, салық салыў объектлерин және салық төлеўшилерди буннан былай да толық қамтып алыў ҳәм есабын тәмийинлейтуғын заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларын кеңнен енгизиў есабынан жетилистириў, трансфер баҳаларды қәлиплестириў менен байланыслы операцияларға салық салыў тәртибин енгизиў.
- Мағлыўмат ушын қабыл етилсин, Өзбекстан Республикасының салық сиясатын жетилистириў концепциясы шеңберинде 2019-жыл 1-январьдан баслап:
а) бириншиден, мийнетке ҳақы төлеў қорына салық жүги төмендегилер арқалы кемейтиледи:
барлық пуқаралар ушын физикалық шахслардан алынатуғын дәрамат салығының бирден-бир ставкасын 12 процент муғдарында енгизиў, соннан 0,1 процентин жеке жыйналып барылатуғын пенсия есап-бетлерине бағдарлаў. Бунда пуқаралардың айырым категориялары ушын ең кем айлық мийнет ҳақының 4 есеси муғдарындағы дәраматларын салық салыўдан азат етилиўдиң әмелдеги тәртиби сақлап қалынады;
пуқаралардың мийнетке ҳақы төлеў түриндеги дәраматларынан бюджеттен тысқары Пенсия қорына услап қалынатуғын қамсызландырыў төлемлерин бийкар етиў;
пенсия системасының турақлылығын тәмийинлеў мақсетинде, бюджет шөлкемлери ҳәм мәмлекетлик кәрханалар, устав қоры (капитал)нда мәмлекетлик үлеси 50 процент ҳәм оннан көп болған юридикалық шахслар, сондай-ақ, басқа да юридикалық шахстың устав қоры (капитал)ның 50 проценти ҳәм оннан көбирек бөлими тийисли болған устав қоры (капитал)нда мәмлекетлик үлеси 50 процент ҳәм оннан да көбирек болған юридикалық шахслар және олардың қурамлық структуралары ушын бирден-бир социаллық төлем муғдары 25 процент етип, қалған юридикалық шахслар ушын 15 проценттен 12 процентке шекем төменлетилген ставкада белгилеў;
б) екиншиден, айланыстан (жалпы түсимнен) салықларды оптималластырыў менен улыўма белгиленген ҳәм әпиўайыластырылған салықлар төлеўшилерди салыққа тартыў, сондай-ақ, салық салыўдың әпиўайыластырылған тәртибине өтиў нормалары төмендегилер арқалы жетилистириледи:
мәмлекеттиң мақсетли қорларына юридикалық шахслардың айланысынан (жалпы түсиминен) өндирилетуғын мәжбүрий ажыратпаларды бийкар етиў;
юридикалық шахслардан алынатуғын пайда салығының ставкасы 14 проценттен 12 процентке шекем, коммерциялық банклер ушын–22 проценттен 20 процентке шекем төменлетиў, сондай-ақ, мобиль байланыс хызметин көрсетип атырған юридикалық шахслар (уялы байланыс компаниялары) ушын, рентабельлик дәрежесинен келип шығып олар ушын қосымша пайда салығын есаплаў тәртибин бийкар еткен ҳалда 14 проценттен 20 процентке шекем арттырыў;
дивидентлер ҳәм процентлер көринисиндеги дәраматлар бойынша төлеў дәрегинен услап қалынатуғын пайда салығының ставкасын 10 проценттен 5 процентке шекем азайтыў;
өткен жылдың жуўмақлары бойынша жыллық айланысы (жалпы түсими) 1 миллиард сумнан артқан ямаса усы жыл даўамында усы белгиленген шекленген муғдарға жеткен кәрханаларды улыўма белгиленген салықларды төлеўге өткериў. Бунда, жыллық айланыстың (жалпы түсимниң) 1 миллиард сум етип белгиленген шекленген муғдары ҳәр 3 жылда кеминде бир мәрте қайта көрип шығылады;
барлық исбилерменлик субъектлери, соның ишинде, айланысы (жалпы түсими) 1 миллиард сумға шекем болған юридикалық шахслар ушын юридикалық шахслардың мүлк салығы, жер салығы ҳәм суў ресурсларынан пайдаланғаны ушын салықты енгизиў;
қосымша пайда салығын есаплаў ҳәм төлеў тәртибин, соның ишинде, роялти төлеўди енгизиў арқалы жетилистириў;
в) үшиншиден, салық салыўдың әпиўайыластырылған тәртиби бойынша салық төлеўшилерге салық сиясатын жетилистириўдиң унамсыз тәсирин азайтыў илажлары төмендегилер арқалы әмелге асырылады:
юридикалық шахслардың мүлкине салынатуғын салық ставкасын, имарат ҳәм қурылмалардан, соның ишинде, бурын меншиклестирилген объектлерден нәтийжесиз пайдаланып атырған юридикалық шахслар ушын жоқары ставкада салық есаплаў тәртибин сақлап қалған ҳалда 5 проценттен 2 процентке азайтыў;
жыллық айланысы (жалпы түсими) 1 миллиард сумға шекем болған салық төлеўшилер ушын айланыстан (жалпы түсимнен) салықты 4 процент муғдардағы базалық ставкадан келип шығып есаплаў ҳәм төлеў тәртибин және ықтыярлы түрде қосылған қун салығын төлеў имканиятын белгилеў;
бирден-бир жер салығын төлеўшилер ушын әмелдеги салық салыў тәртибин сақлап қалыў.
г) төртиншиден, қосымша қун салығын ҳәм акциз салығын есаплаў ҳәм төлеў тәртиби төмендегилер арқалы жетилистириледи:
қосымша қун салығын толық есапқа алыў системасын енгизиў, салық салыў базасын анықластырыў ҳәм жеңилликлер санын азайтыў, сондай-ақ, 2019-жыл жуўмағы бойынша усы салық ставкасын азайтыў арқалы қосымша қун салығының 20 процент муғдардағы әмелдеги ставкасын сақлап қалыў;
соның менен бир ўақытта сатып алынатуғын тийкарғы қураллар, қурылысы тамамланбаған объектлер ҳәм материаллық емес активлер баҳасына киргизилетуғын қосымша қун салығын есапқа алыў суммаларына киргизиў ҳуқықын бериў;
тийисли илажларды қаржыландырыў ушын қаржыларды республика бюджетине өткериў жолы менен алкоголь ҳәм темеки өнимлерин ислеп шығарыўшылардың ҳәр бир ислеп шығарылатуғын өним бирлигине орнатылған акциз ҳәм жыйымларды бирлдестириў.
- Жаңа редакциядағы Өзбекстан Республикасының Салық кодекси жойбарын ислеп шығыўды муўапықластырыў ҳәм нәтийжесиз салық ҳәм бажыхана жеңилликлери және преференцияларын бийкар етиў бойынша жаңаланған жумысшы комиссияның қурамы қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Жумысшы комиссия (Б.Мавлонов):
бир ҳәпте мүддетте тийисли бағдарлар бойынша эксперт топарларының жумысын, соның ишинде, олардың жумысына салыққа тартыў тараўында әмелий тәжирийбеге ийе экспертлерди ҳәм бизнес ўәкиллерин тартқан ҳалда шөлкемлестирсин;
2018-жыл 1-ноябрьге шекем нәтийжесиз салық ҳәм бажыхана жеңилилклери ҳәм преференцияларын бийкар етиў, Өзбекстан Республикасының Салық ҳәм Бажыхана кодекслерине муўапық турақлы әмелде болатуғын салық ҳәм бажыхана жеңилликлерин усыныў тәртибин енгизиў бойынша усыныслар таярлаўды тәмийинлесин;
2018-жыл 1-декабрьге шекем жаңа редакциядағы Өзбекстан Республикасының Салық кодекси жойбарын Халықаралық валюта қоры, Жәҳән банки ҳәм басқа да шөлкемлердиң экспертлерин тартқан ҳалда Өзбекстан Республикасының салық сиясатын жетилистириў концепциясының тийкарғы бағдарларынан келип шығып, оның кең жәмийетшиликтиң додалаўын тәмийинлеген ҳалда ислеп шығыўды тәмийинлесин.
Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги жаңа редакциядағы Өзбекстан Республикасының Салық кодекси жойбарын таярлаўда ҳәм Өзбекстан Республикасы салық системасын реформалаўда техникалық жақтан жәрдемлесиўди тәмийинлеў ушын Халықаралық валюта қоры ҳәм Жәҳән банкиниң өз-ара бирге ислесиўин шөлкемлестириў илажларын көрсин.
- 4. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети еки ай мүддетте:
а) салық миннетлемелерин орынлайтуғын салық төлеўшилер ҳәкимшилик қәрежетлериниң кескин артыўының алдын алыўға қаратылған төмендегилерди нәзерде тутатуғын комплексли илажларды тастыйықласын:
мәмлекетлик салық хызмети уйымларының хызметкерлери ҳәм салық төлеўшилердиң, соның ишинде, қосымша қун салығы ҳәм юридикалық шахслардың пайда салығын есаплап шығыў ҳәм төлеў бойынша қәнигелигин арттырыў;
салық есабын әпиўайыластырыў ҳәм оның автоматластырылған бухгалтерия есабын жүргизетуғын программалық өнимлер менен интеграцияласыўын тәмийинлеў;
салық ҳәкимшилигин, соның менен бирге, салықларды төлеў даўамлылығын түп-тийкарынан жетилистириў бойынша илажлар бағдарламасын;
пенсияларды есаплаў ушын зәрүр болған есапланған мийнет ҳақының персоналластырылған есабын жүргизиў тәртибин енгизиў;
б) жеке тәртиптеги исбилерменлер тәрепинен әмелге асырылыўына рухсат етилген жумыс түрлерин сын көзқарастан көрип шығыўды ҳәм қысқартыўды тәмийинлесин;
в) мағлыўматлар базалары салық уйымларының Бирден-бир интеграцияластырылған мәлимлеме-ресурс базасына интеграцияланатуғын мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң дизимин тастыйықласын.
Өзбекстан Республикасы Есап палатасы Мәмлекетлик салық комитети менен биргеликте 2019-жыл 1-январьға шекем министрликлер ҳәм ведомстволардың салықлар ҳәм басқа да мәжбүрий төлемлерди есаплаў ушын пайдаланылатуғын мағлыўматлар базасының исенимлилигин үйренсин ҳәм олардың исенимлилигин тәмийинлеў бойынша «Жол картасы»н ислеп шықсын.
- 5. Өзбекстан Республикасы Жер ресурслары, геодезия, картография ҳәм мәмлекетлик кадастр бойынша мәмлекетлик комитети Мәмлекетлик салық комитети, Қаржы министрлиги ҳәм басқа да мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте еки ай мүддетте юридикалық шахслар көшпес мүлкиниң базар қунын анықлаў механизмин ғалабалық баҳалаў бойынша алдынғы сырт ел тәжирийбесин есапқа алған ҳалда енгизиў бойынша комплексли илажларды Министрлер Кабинетине киргизсин.
- 6. Өзбекстан Республикасы Экономика министрлиги Қаржы министрлиги, Орайлық банк ҳәм Мәмлекетлик статистика комитети менен биргеликте 2018-жыл 1-августқа шекем стратегиялық режелестириў ҳәм прогнозлаўдың заманагөй усылларынан пайдаланған ҳәм усы Пәрман менен белгиленген салық системасын реформалаў илдажларын инабатқа алған ҳалда 2019-2021-жылларға мөлшерленген Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың тийкарғы макроэкономикалық көрсеткишлериниң прогнозын ислеп шығыўды тәмийинлесин.
- 7. Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары – Қаржы министри Ж.А.Қўчқоров:
2019-жыл ушын бюджетте усы Пәрман менен белгиленген тәртип ҳәм қағыйдалаарды нәзерде тутсын;
2019-жылғы Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети жойбарын усыныў менен бир ўақытта Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети параметрлериниң 2020-2021-жылларға мөлшерленген орта мүддетли бюджет мөлшерлерин Министрлер Кабинетине киргизсин;
2019-2021-жылларға Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетин ислеп шығыўда сырт елден тартылатуғын қаржылар есабына қаржыландырылатуғын қәрежетлерди инабатқа алмаған ҳалда оның теңсалмақлылығын тәмийинлесин.
- 8. Мәмлекетлик салық комитети, Мәмлекетлик бажыхана комитети, Қаржы министрлиги басшылары, сондай-ақ, олардың орынбасарлары, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери бюджет системасы бюджетлериниң прогноз параметрлериниң орынланыўы ушын жеке жуўапкер екени белгилеп қойылсын.
- 9. Қаржы-бюджет интизамын беккемлеў ҳәм Өзбекстан Республикасы бюджетиниң балансласқан орынланыўын тәмийинлеў ушын:
министрликлер ҳәм ведомстволар, исенимли басқарыўшылар және мәмлекеттиң исенимли ўәкиллери 2019-жылдан баслап устав капиталындағы мәмлекеттиң үлеси 50 процент ҳәм оннан зыят болған хожалық бирлеспелери тәрепинен дивидентлер сөзсиз есапланыўын, сондай-ақ, ҳәрекеттеги нызамшылыққа муўапық мәмлекетлик унитар кәрханалар тәрепинен олардың сап пайдасынан 30 процент муғдарында Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетине ажыратылыўын тәмийинлесин;
Өзбекстан Республикасы Меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў ҳәм бәсекиликти раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети 2018-жыл 1-сентябрьге шекемги мүддетте мәмлекетлик мүлк бойынша ижара төлемлериниң минимал ставкаларын ҳәр бир аймақтың өзине тән өзгешеликлеринен келип шыққан ҳалда қайта көрип шықсын;
Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик салық комитети салықлар ҳәм басқа да мәжбүрий төлемлердиң толық жыйналыўын, жумыс пенен бәнт пуқаралардың максимал нызамластырылыўын ҳәм мийнет ҳақы фондын көбейтиўди тәмийинлеў бойынша қатаң илажлар көрсин;
Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги ҳәм Мәмлекетлик салық комитети Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери менен биргеликте Өзбекстан Республикасы Есап палатасы менен келисилген ҳалда еки ай мүддетте избе-из анық ҳәрекетлерди және жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият, мәмлекетлик салық, қаржы уйымлары ҳәм басқа да уйымлардың, сондай-ақ, олардың лаўазымлы шахсларының қатаң жуўапкершилигин нәзерде тутқан ҳалда салық салыў базасын кеңейтиў, бюджетке қосымша түсим дәреклерин анықлаў, сондай-ақ, оның баланслығын ҳәм де дефицит жүзеге келиўине жол қоймаўды тәмийинлеў бойынша районлар ҳәм қалалар кесиминде «Жол карталары»н тастыйықласын.
- 1 Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик салық комитети, Мәмлекетлик бажыхана комитети, Қаржы министрлиги, Экономика министрлиги, Әдиллик министрлиги, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, Өзбекстан Баспасөз ҳәм хабар агентлиги, басқа да мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте усы Пәрманның мазмун-мәнисин кеңнен түсиндириў жумысларын, соның ишинде, ғалаба хабар қураллары ҳәм Интернет тармағы арқалы системалы түрде шөлкемлестирсин.
- 11. Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы, Есап палатасы, Мәмлекетлик салық комитети, Мәмлекетлик бажыхана комитети, Қаржы министрлиги Саўда-санаат палатасы менен биргеликте еки ай мүддетте салық төлеўшилердиң салықлар ҳәм басқа да мәжбүрий төлемлерди төлеўден бас тартыў фактлерин сапластырыўға физикалық ҳәм юридикалық шахслардың салықларын өз ўақтында ҳәм толық төлемегени ушын жуўапкершиликти арттырыўға қаратылған илажларды күшейтиў бойынша усыныслар киргизсин.
- 12. Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасының Бас прокуроры О.Б.Муродовқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Мәмлекетлик кеңесгөйиниң биринши орынбасары Б.М.Мавлоновқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2018-жыл 29-июнь