Өзбекстан Республикасы Президентиниң

қ а р а р ы

Өткен ўақыт ишинде елимизде халықаралық экономикалық жәмийетшиликке интеграцияласыў ҳәм исбилерменлик субъектлери тәрепинен сыртқы экономикалық жумысты әмелге асырыў ушын қолайлы шараятлар жаратыў бойынша избе-из жумыслар алып барылды.

Соның менен бирге, бажыхана-тариф бойынша тәртипке салыўдың әмелдеги системасы бәсекиликтиң базар принциплери раўажланыўын хошаметлемей атыр. Соның ишинде, алып кирилип атырған товарларға бажыхана төлемлерин төлеў бойынша ҳәдден тыс кең жеңилликлер берилетуғыны тариф бойынша нәтийжели тәртипке салыў имканиятын бермей атыр, сонлықтан, жеке преференциялар исбилерменлик жумысын раўажландырыў ушын тең болмаған бәсекилик шараятларын жаратпақта.

Бәсекиге шыдамлы өндиристи хошаметлеўге, саламат бәсеки орталығын қоллап-қуўатлаўға, жоқары қосымша қунға ийе өнимлердиң экспортын хошаметлеўге, ишки базарды сапалы тутыныў өнимлери менен тәмийинлеўге қаратылған бажыхана-тариф бойынша тәртипке салыўдың нәтийжели системасын қәлиплестириў мақсетинде:

  1. Төмендегилер бажыхана–тариф бойынша тәртипке салыў системасын буннан былай да жетилистириў тийкарғы принциплери етип белгиленсин:

бажы тарифлериниң тәртипке салыў функцияларын экономика тармақларын раўажландырыўдың қосымша қун глобал шынжырына үйлескен интеграцияласыўға бағдарланған үстинликлеринен келип шыққан ҳалда күшейтиў;

сыртқы экономикалық жумысты тариф бойынша тәртипке салыў системасын алдынғы сырт ел тәжирийбесин, халықаралық принциплерди ҳәм нормаларды инабатқа алған ҳалда жетилистириў;

жергиликли ислеп шығарыўшыларды республикада ислеп шығарылмайтуғын ямаса жетерли болмаған көлемде ислеп шығарылатуғын және экспортқа бағдарланған өним ислеп шығарыўда пайдаланылатуғын шийки зат ҳәм материаллар менен тәмийинлеў ушын шараятлар жаратыў;

жаңа өндирислерди шөлкемлестириў мақсетинде заманагөй технологиялық үскенелерди ҳәм техникаларды алып кириў ушын қолайлы шараятларды тәмийинлеўди сақлаў, сондай-ақ, жергиликли өндиристи модернизациялаў ҳәм қайта үскенелеў, инфраструктура жойбарларын әмелге асырыў процесслерин буннан былай да жеделлестириў;

бажыхана рәсмийлестириўи ўақтында түри, мақсети, өзгешелиги ҳәм қурамы бойынша уқсас, сыртқы экономикалық жумыстың товар номенклатура коды бойынша жақын болған товарларды бажыхана төлемлериниң төменирек ставкалары қолланылатуғын позицияға бөлистириў жағдайларын сапластырыў мақсетинде усы товарларға бажыхана төлемлериниң ставкаларын унификациялаў;

актив салығына тартылатуғын товарларға акциз салығы ставкаларын унификациялаў, оны инсан саламатлығы ҳәм қоршаған орталық ушын зыянлы болған товарларға қолланыў.

2.Төмендегилер:

импорт бажыхана бажыларының ставкалары 1-қосымшаға муўапық:

Өзбекстан Республикасы аймағына алып кирилетуғын, акциз салығына тартылатуғын товарларға акциз салығының ставкалары 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Усы бәнт пенен тастыйықланып атырған ставкалар 2019-жыл 1-январьдан баслап әмелге асырылатуғыны белгиленсин.

  1. 2018-жыл 1-сентябрьден баслап сондай тәртип белгиленсин, оған муўапық:

шегара бажыхана постларында бажыхана уйымлары тәрепинен бажыхана қадағалаўын өткериў ўақтында ветеринариялық, фитосанитарлық, экологиялық ҳәм санитария-эпидемиологиялық қадағалаў әмелге асырылады:

Өзбекстан Республикасына алып кирилип атырған, Экономикалық бирге ислесиў ҳәм раўажланыў шөлкемине ағза мәмлекетлердиң аккредитациядан өткен уйымлары тәрепинен муўапықлық сертификатлары берилген товарларға муўапықлыққа мәжбүрий сертификатластырыўды әмелге асырыў талап етилмейди;

товарлардың «Еркин айланысқа шығарыў (импорт)» режимине бажыхана рәсмийлестириўи ушын товарларды мәмлекетлик тилде мәжбүрий маркировкалаў талап етилмейди;

«бажыхана қоймаханасы» режиминде алты айдан көп болған товарлардың бажыхана рәсмийлестириўи ўақтында Өзбекстан Республикасы Президенти және Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң қарарлары менен бажыхана төлемлери бойынша усынылған жеңилликлер қолланылмайды.

  1. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте:

а) 2018-жыл 1-сентябрьге шекемги мүддетте:

республикаға товарлар алып кириўде бажыхана төлемлери бойынша жеңилликлерди бийкар етиў бойынша усыныслар киргизилиўин;

товарларды реализациялаўдың қолайлылығын тәмийинлеў ушын шегара аймақларда саўда комплекслерин шөлкемлестириў бойынша зәрүр илажлар әмелге асырылыўын;

Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бажыхана комитетиниң веб-сайтында товарлардың бажыхана шегарасы арқалы ҳәрекетиниң режимин тәртипке салатуғын барлық нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер, товарлардың бажыхана рәсмийлестириўи ушын зәрүр болған ҳүжжетлер, ҳәр бир товарға сәйкес түрде бажыхана бажыларының ставкалары, усы ҳүжжетлерди беретуғын уйымлар ҳаққындағы толық мәлимлемени, сондай-ақ, сыртқы экономикалық жумысты әмелге асырыў ушын басқа да мағлыўматларды реал ўақыт режиминде бийпул тийкарда алыў имканиятын беретуғын «Интеграцияласқан тариф» интерактив хызметиниң енгизилиўин;

б) еки ай мүддетте:

«Интеграцияласқан тариф» интерактив хызмети арқалы усынылатуғын мәлимлемениң, соның ишинде, санитарлық-карантин, фитосанитарлық ҳәм ветеринария қадағалаўы бойынша руқсатнама бериў өзгешелигине ийе болған басқа да ҳүжжетлер ҳаққындағы талаплардың толық дизими;

«Интеграцияласқан тариф» интерактив хызмети арқалы усынылатуғын мәлимлемени  өз ўақтында жаңалап барыў ушын тийисли министрликлер ҳәм ведомстволардың усы мәлимлемени өз ўақтында жаңалап бармағаны  және сапасыз жаңалап барғанлығы ушын жуўапкершилигин нәзерде тутқан ҳалда технологиялық инструкцияның ислеп шығылыўын ҳәм тастыйықланыўын;

в) «Интеграцияласқан тариф» интерактив хызметиниң үзликсиз ислеўин ҳәм мәлимлеме қәўипсизлигин тәмийинлесин.

  1. Исбилерменлик субъектлери тәрепинен сыртқы экономикалық жумысты әмелге асырыў ўақтында мәмлекетлик уйымларға «Интеграцияласқан тариф» интерактив хызметинде нәзерде тутылмаған мағлыўматларды ҳәм ҳүжжетлерди талап етиў қадаған етиледи.
  2. Өзбекстан Республикасы Меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў ҳәм бәсекиликти раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети Бас прокуратура менен биргеликте хожалық жүргизиўши субъектлердиң баҳа бойынша өз-ара тил бириктириў жағдайларын ҳәм саламат бәсекиликти шеклейтуғын келисилген ҳәрекетлерин анықлаў ҳәм олардың алдын алыў механимзлериниң нәтийжелилигин арттырыў бойынша илажларды көрсин.
  3. Төмендегилер 2019-жыл 1-январьдан баслап өз күшин жойытқан деп табылсын:

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 29-сентябрьдеги «Өзбекстан Республикасының Сыртқы экономикалық жумысын буннан былай да тәртипке салыў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-3303-санлы қарары;

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 29-декабрьдеги «Өзбекстан Республикасының 2018-жылғы тийкарғы макроэкономикалық көрсеткишлериниң прогнозы ҳәм Мәмлекетлик бюджетиниң параметрлери ҳаққында»ғы ПҚ-3454-санлы қарарының 12 2-қосымшасы.

  1. Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бажыхана бойынша комитети мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  2. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасының Бас прокуроры О.Б.Муродовқа, Өзбекстан Республикасы Президенти Мәмлекетлик кеңесгөйиниң биринши орынбасары Б.М.Мавлоновқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бажыхана комитетиниң баслығы М.Б.Азимовқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                             Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2018-жыл 29-июнь