Өзбекстан Республикасы Президентиниң

қарары

Жанажан Ўатанымыз – Өзбекстанымыз миллий раўажланыўдың жаңа басқышына қәдем қойып, барлық тараўлар менен тармақларда демократиялық жаңаланыў процесслери әмелге асырылып атырған бүгинги күнде биз ушын бийбаҳа жемис болған ғәрезсизликтиң қәдир-қымбаты ҳәм әҳмийети барған сайын артып бармақта.

Өткен дәўир биз ушын оғада әҳмийетли бир ҳақыйқатты қайта-қайта тастыйықлап бермекте. Еркин ҳәм абадан турмысымызды, уллы келешегимизди тек ғана ғәрезсизлик тийкарында қурыўымыз, адамларымызды, ел-журтымызды тек ғана ғәрезсиз сиясаттың нәтийжесинде разы етиўимиз мүмкин. Тек ғана ғәрезсизлик бүгинги ҳәм келешек әўладлар ушын мисли көрилмеген имканиятлар ашып береди.

Усы көзқарастан, елимиздиң ғәрезсизлигин, оның менен байланыслы сәне ҳәм ўақыя-ҳәдийселердиң мазмунын терең түсиниў ҳәм қәдирлеў, ҳәр тәреплеме мүнәсип белгилиў жәмийетлик-сиясий ҳәм мәнәўий турмысымызда әҳмийетли орын ийелейди.

Халықымыздың әсирлик әрманы болған, Ўатанымыздың бир неше мың жыллық тарийхында пүткиллей жаңа бет ашқан, елимизди халықаралық жәмийетшиликтиң тең ҳуқықлы ағзасына айландырған Өзбекстан ғәрезсизлигиниң жигирма жети жыллығын мүнәсип күтип алыў ҳәм белгилиў мақсетинде:

  1. Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң жигирма жети жыллық байрамына таярлық көриў ҳәм оны өткериў бойынша республикалық комиссияның қурамы қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
  2. Республикалық комиссия бир ҳәпте мүддетте «Әзиз ҳәм жалғызымсаң, жанажан Өзбекстаным!» деген идеяны өзинде жәмлеген шөлкемлестириўшилик-әмелий, руўхый-ағартыўшылық илажларды және үгит-нәсият жумысларының бағдарламасын ислеп шықсын.

Усы бағдарлама 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясы ҳәм «Белсенди исбилерменликти, инновациялық идеяларды ҳәм технологияларды қоллап-қуўатлаў жылы» Мәмлекетлик бағдарламасы менен сәйкес ҳалда таярлансын.

Бунда мәмлекет ҳәм жәмийет қурылысы системасын жетилистириў, әсиресе, халық пенен турақлы пикирлесиўди жолға қойыў, инсан мәплерин тәмиийнлеў, нызам үстинлигине ерисиў ҳәм суд-ҳуқық системасын буннан былай да реформалаў, экономиканы раўажландырыў ҳәм белсенди исбилерменликти қоллап-қуўатлаў, социаллық тараўды, атап айтқанда, илим, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, мәденият ҳәм көркем өнер, туризм ҳәм спорт тараўларын раўажландырыў, тынышлық-татыўлықты ҳәм қәўипсизликти, миллетлер аралық аўызбиршиликти ҳәм диний кеңпейилликти беккемлеў, сыртқы сыясат тараўында барлық узақ ҳәм жақын мәмлекетлер менен өз-ара пайдалы байланысларды жедел раўажландырыў бойынша әмелге асырылып атырған кең көлемли жумыслардың мазмун-мәнисин илимий-ағартыўшылық тийкарда, турмыслық мысаллар арқалы ашып бериўге айрықша итибар қаратылсын.

  1. Республикалық комиссия тәрепинен Қарақалпақстан Республикасында, ўәлаятларда ҳәм Ташкент қаласында Ғәрезсизлик байрамына бағышлап халықтың кең қатламлары арасында ағартыўшылық ушырасыўлар, ашық пикирлесиўлер ҳәм сәўбетлесиўлер, әдебий-көркем кешелер, мәдений илажлар өткериў мақсетинде белгили илимпазлардан, дөретиўши зиялылардан ҳәм көркем өнер хызметкерлеринен ибарат руўхый-ағартыўшылық үгит-нәсиятлаў топарлары шөлкемлестирилсин ҳәм олардың анық реже тийкарында жумыс алып барыўы тәмийинленсин.
  2. Республикалық комиссия өз мәжилислеринде белгиленген илажлар орайда ҳәм орынларда қалай әмел асырылып атырғаны бойынша ҳәр бир аймақ, министрлик пенен ведомство басшыларының есабатларын турақлы түрде тыңлап барсын.
  3. Қарақалпақстан Республикасында, ўәлаятларда ҳәм Ташкент қаласында өткерилетуғын байрам бағдарламаларын таярлаўға ғалабалық тамашалар бойынша жоқары шеберлик ҳәм тәжирийбеге ийе болған сценаристлер ҳәм режиссёрлар, жазыўшылар менен шайырлар, композиторлар ҳәм балетмейстерлер, сахна художниклери, талантлы жас атқарыўшылар, фольклор өнери ўәкиллеринен ибарат дөретиўшилик топарлар кеңнен тартылсын.
  4. Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлиги Өзбекстан Жазыўшылар ҳәмде Өзбекстан Композиторлары ҳәм мелодистлери аўқамлары менен биргеликте елимиздиң ғәрезсизлигин жырлаўға қаратылған ең жақсы қосық ҳәм музыка шығармалары ушын «Жалғызсаң сен, муқаддес Ўатан!» республикалық таңлаўының жуўмақлаўшы басқышын өткерсин.

Таңлаў жеңимпазлары ҳәм сыйлы орын ийелери Ғәрезсизлик байрамы алдынан жәриялансын ҳәм сыйлықлансын.

  1. Өзбекстан Баспасөз ҳәм хабар агентлиги Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлиги Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы, Өзбекстан Журналистлери дөретиўшилик аўқамы, Өзбекстан Көркем өнер академиясы, «Сүўретлеў айнасы» дөретиўшилик ассоциациясы ҳәм басқа да тийисли шөлкемлер менен биргеликте «Ең уллы, ең әзиз», «Реңлер жилўасында – ана дияр», «Ўатан ушын жасайық!» сыяқлы дәстүрий таңлаўларды жоқары дәрежеде өткериўди тәмийинлесин.
  2. Өткерилетуғын байрам илажларының:

Қарақалпақстан Республикасында ҳәм ўәлаятларда жергиликли бюджетлер ҳәм қәўендерлик жәрдемлери есабынан;

Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджети ҳәм Ташкент қаласы жергиликли бюджет қаржылары есабынан тең үлеслерде қапланатуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Өзбекстан Баспасөз ҳәм хабар агентлигине, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясына, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлигине, «Дунё» мәлимлеме агентлигине ҳәм басқа да ғалаба хабар қуралларына Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң жигирма жети жыллық байрамына таярлық көриў ҳәм оны өткериў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларды ҳәр тәреплеме сәўлелендирип барыў усыныс етилсин.
  2. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Ариповқа жүкленсин.

 

Өзбекстан Республикасы

           Президенти                                  Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2018-жыл 28-июнь