Өзбекстан Республикасы Президентиниң
п ә р м а н ы
Заманагөй билим ҳәм көнликпелерге ийе, елимиздиң мүнәсип келешеги ушын жуўапкершиликти өз мойнына ала билетуғын бәркамал, мақсетке умытылыўшаң ҳәм ғайратлы жасларды тәрбиялаў елимизди турақлы ҳәм жедел раўажландырыўдың ең әҳмийетли шәрти.
Соңғы жыллары жаслардың интеллектуаллық ҳәм дөретиўшилик потенциалын көрсетиў, олардың пуқаралық жуўапкершилигин ҳәм алып барылып атырған реформаларға қатнасын арттырыў бағдарында үлкен жумыслар әмелге асырылды.
Соның менен бирге, орынларда жаслардың социаллық-экономикалық белсендилигин арттырыўға, оларды исбилерменлик жумысына кеңнен тартыўға, жас исбилерменлердиң перспективалы идеяларын ҳәм жойбарларын жүзеге шығарыўға, сондай-ақ, сол тийкарда жаслардың бәнтлигин тәмийинлеўге тосқынлық етип атырған системалы машқалалар елеге шекем сақланып қалмақта.
Атап айтқанда, жаслардың исбилерменлигин комплексли раўажландырыў ҳәм жасларды исбилерменлик жумысы менен шуғылланыўға белсене тартыў бойынша орынларда мақсетли бағдарламалар әмелге асырылмай атыр және зәрүр инфраструктура жаратылмаған, бул болса жаңа жумыс орынларын жаратыўдың ең әҳмийетли шәрти болып есапланады.
Орынларда мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң лаўазымлы шахслары жаслардың исбилерменлик саўатлылығын арттырыўға, оларға бизнес шөлкемлестириў ҳәм жүргизиў көнликпелерин сиңдириўге ҳәзир де бийпарўа қатнаста болмақта.
Жаслардың исбилерменлигин ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, жасларды бизнес пенен шуғылланыўға белсене тартыў ушын шараятлар жаратыў, жумыс орынларын жаратыў ҳәм жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде, сондай-ақ, 2017-2021-жыллары Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясының ўазыйпаларына муўапық:
- Жаслардың бизнес басламаларын, стартапларын, идеялары менен жойбарларын жүзеге шығарыўға жәрдемлесиў ҳәм қоллап-қуўатлаў, бәнт болмаған жасларды мийнет базарында талап жоқары болған қәнигеликлерге ҳәм бизнес жүргизиў көнликпелерине оқытыў, сондай-ақ, улыўма жаслардың социаллық-экономикалық белсендилигин арттырыў арқалы олардың бәнтлигин тәмийинлеўге қаратылған «Yoshlar-kelajagimiz» Мәмлекетлик бағдарламасын Ташкент ўәлаятының Төменги Шыршық районында ҳәм Ташкент қаласының Чиланзар районында әмелге асырыў басланғанлығы мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
- 2018-жыл 1-июльден баслап республиканың барлық район (қала)ларында «Yoshlar-kelajagimiz» Мәмлекетлик бағдарламасы (кейинги орынларда Мәмлекетлик бағдарлама деп аталады) әмелге асырылсын.
Мәмлекетлик бағдарлама шеңберинде төмендегилердиң әмелге асырылыўы белгиленсин:
а) Өзбекстан жаслар аўқамы жанында «Yoshlar-kelajagimiz» қорын (кейинги орынларда – Қор), сондай-ақ, оның районлық ҳәм қалалық филиалларын шөлкемлестириў, Қордың қаржыларынан Мәмлекетлик бағдарламадағы илажларды қаржыландырыў, соның ишинде, төмендегилерди әмелге асырыў ушын пайдаланыў:
жаслардың бизнес басламаларын, стартапларын, идеялары менен жойбарларын әмелге асырыў ушын коммерциялық банклер арқалы жыллық 7 процент ставка менен жеңиллетилген кредит ҳәм мүлкти лизингке бериў;
Мәмлекетлик бағдарлама шеңберинде алынатуғын кредитлер бойынша кредит көлеминиң 50 процентинен көп болмаған муғдарда кепилликлер бериў;
Мәмлекетлик бағдарлама шеңберинде әмелге асырылатуғын исбилерменлик жойбарларында олардың қунының 50 процентинен көп болмаған муғдарда қатнасыў, кейин ала Қордың үлесин 5 жыл даўамында реализациялаў;
тийисли көнликпелерге ийе бәнт болмаған жаслар жасайтуғын үй хожалықлары ушын 20 ға шекем таўық ҳәм қоян баласы, 5 майда ҳәм 2 ири қара мал сатып алыў, олардың қунын келисилген мүддетлерде қайтарған ҳалда бағыў ҳәм кейин ала реализациялаўда көмеклесиў;
б) жаслардың қайта таярланыўын ҳәм қәнигелигин арттырыўын шөлкемлестириў, мийнет базарында талап жоқары болған кәсиплерге оқытыў, сондай-ақ, оларға бизнес жүргизиў көнликпелерин сиңдириў;
в) мәмлекетлик – жеке – меншик шериклик шәртлеринде:
жас исбилерменлерге жеңилликли шәртлерде имаратларды, офис техникасын ҳәм жумсаў материалларын ижараға бериў, оларды интернет пенен тәмийинлеў, сондай-ақ, жаслардың бизнес басламаларын, стартапларын, идеялары менен жойбарларын әмелге асырыўға басқаша жәрдем бериў, соның ишинде, бизнес режелер ислеп шығыў, мәсләҳәт, юридикалық, бухгалтериялық ҳәм басқа да хызмет түрлерин көрсетиў, форумлар, мастер-класслар ҳәм семинарлар шөлкемлестириў ушын «Yosh-tadbirkorlar» коворкинг – орайларын;
саўда – турмыслық ҳәм киши өндирис майданларын шөлкемлестириў ушын мийнет күши ҳәдден зыят болған районларда «Yoshlar mehnat guzari» комплекслерин қурыў.
- «Yosh-tadbirkorlar» коворкинг – орайларын ҳәм «Yoshlar mehnat guzari» комплекслерин қурыў мәмлекетлик-жеке-меншик шерикликтиң төмендеги шәртлеринде әмелге асырылатуғыны белгилеп қойылсын:
а) район (қала)лар ҳәкимликлери:
«Yosh-tadbirkorlar» коворкинг – орайларын ҳәм «Yoshlar mehnat guzari» комплекслерин, сондай-ақ, басқа да объектлерди қурыў (жайластырыў) ушын жеке меншик инвесторларға тиккелей сөйлесиўлер арқалы жер участка (бос имарат)ларын турақлы пайдаланыў ҳуқықы тийкарында ажыратады;
«Yosh-tadbirkorlar» коворкинг – орайларын ҳәм «Yoshlar mehnat guzari» комплекслерин қәнигелик коммуникацияларына соның ишинде, электр, газ ҳәм суў тәмийнаты тармақларына алып барыўды ҳәм жалғаўды район (қала)лар бюджетлериниң қосымша дәреклери есабынан тәмийинлейди;
б) Қор «Yosh-tadbirkorlar» коворкинг – орайлары ҳәм «Yoshlar mehnat guzari» комплекслери қурылыўы қунының 30 процентине шекемги бөлимин қаржыландырыўда усы қаржыларды олардың устав қоры (капиталы)на кейин ала капиталластырған ҳалда қатнасыўға ҳақылы;
в) жеке-меншик инвесторлар төмендеги миннетлемелерди өз мойнына алады:
«Yosh-tadbirkorlar» коворкинг – орайлары ҳәм «Yoshlar mehnat guzari» комплекслери қурылысы қунының кеминде 70 процентин қаржыландырыў, олардың келисилген мүддетлерде ҳәм үлги жойбарларға муўапық қурылыўын ҳәм пайдаланыўға тапсырылыўын тәмийинлеўди;
Мәмлекетлик бағдарламаның қатнасыўшысы болған жас исбилерменлерге «Yosh-tadbirkorlar» коворкинг – орайлары ҳәм «Yoshlar mehnat guzari» комплекслеринде жер бериў, оларға мақул баҳаларда хызмет көрсетиў, сондай-ақ, оларда жумыс орынлары улыўма санының кеминде 70 проценти муғдарында бәнт болмаған жасларды жумысқа қабыл етиў шәрти менен еркин түрде исбилерменлик жумысын шөлкемлестириўди;
Қордың районлық ҳәм қалалық филиалларын жайластырыў ушын «Yosh-tadbirkorlar» коворкинг – орайларындағы бөлмелерди бийпул усыныўды;
г) «Yosh-tadbirkorlar» коворкинг – орайларын ҳәм «Yoshlar mehnat guzari» комплекслерин сақлап турыў жеке меншик инвесторлардың қаржысы есабынан әмелге асырылады;
д) «Yosh-tadbirkorlar» коворкинг – орайларын ҳәм «Yoshlar mehnat guzari» комплекслерин қурыўға жумсалатуғын қаржылар жеке-меншик инвесторлардың салық салынатуғын базасынан шегирип тасланады.
Мәмлекетлик бағдарламаның әмел етилиўи жаслар исбилерменлиги субъектлерине, 50 процент ҳәм оннан көбирек хызметкерлери жаслардан ибарат болған исбилерменлик субъектлерине, сондай-ақ, жаратылатуғын жумыс орынларының 70 процентинен аз болмаған бөлегин 5 жыл даўамында жасларды жумыс пенен тәмийинлеў ушын усыныў миннетлемесин өз мойнына алатуғын исбилерменлик субъектлерине, соның ишинде, сырт ел инвесторларына қолланылады.
- Төмендегилер 2018-жылда Қордың қаржыларын қәлиплестириў дәреклери етип белгиленсин:
дәраматлардың прогнозластырылған бөлегин арттырып орынлаў есабынан республика бюджетинен 2018-жыл июльде, 1-октябрьге шекем ҳәм 1-декабрьге шекем теңдей үлеслерде ажыратылатуғын 500 миллиард сум муғдарындағы бийғәрез қаржы жәрдеми;
ҳәр шеректе Қорға өткерилетуғын, министрликлер, мәмлекетлик комитетлер ҳәм ведомстволардың бюджеттен тысқары қорларына түсетуғын жыллық түсимлердиң 1 проценти муғдарындағы ажыратпалар;
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 5-июльдеги «Жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясаттың нәтийжелилигин арттырыў ҳәм Өзбекстан жаслар аўқамының жумысын қоллап-қуўатлаў ҳаққында»ғы ПП-5106-санлы Пәрманының 13-бәнтине муўапық Өзбекстан жаслар аўқамының раўажландырыў қорына ҳәр айда түсетуғын қаржылардың 10 проценти;
жергиликли, сырт ел ҳәм халықаралық шөлкемлердиң грантлары;
қәўендерлик етиўшилер – физикалық ҳәм юридикалық шахслар, Өзбекстан Республикасы резидентлери ҳәм резидент емеслериниң қаржылары;
Қордың ўақтынша бос қаржыларын коммерциялық банклерге жайластырыўдан алынатуғын дәраматлар;
нызам ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа да дәреклер.
- Қорға атқарыўшы директор – Өзбекстан жаслар аўқамы Орайлық кеңеси баслығының биринши орынбасары басшылық ететуғыны;
Қордың районлық ҳәм қалалық филиалларына Қордың атқарыўшы директоры тәрепинен тайынланатуғын тийисли районлар ҳәм қалалардың табысқа ерискен жас исбилерменлери басшылық ететуғыны;
инвестициялық ҳәм социаллық комплекслердиң республикалық ҳәм аймақлық уйымлары, сондай-ақ, қаржыландырыўшы коммерциялық банклер хызметкерлериниң 30 процентке шекем болған бөлеги тийкарғы жумыс орны бойынша лаўазымы және мийнет ҳақысы сақланып қалынған ҳалда Қорға, оның районлық ҳәм қалалық филиалларына бириктирилетуғыны белгилеп қойылсын.
- Төмендегилер:
Өзбекстан жаслар аўқамы жанындағы «Yoshlar-kelajagimiz» қорының структурасы ҳәм Қордың районлық ҳәм қалалық филиалларының үлги структурасы 1- ҳәм 2-қосымшаларға муўапық;
жаслардың исбилерменлигин раўажландырыў республикалық комиссиясы қурамы 3-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- районлар менен қалаларда жаслар сиясаты, социаллық раўажландырыў ҳәм руўхый-ағартыўшылық жумыслар бойынша ҳәкимлердиң орынбасары басшылығында және жаслар мәселелери бойынша ишки ислер басқармалары (бөлимлери) баслықларының орынбасарлары, Өзбекстан жаслар аўқамының районлық ҳәм қалалық кеңеслериниң баслықлары, сондай-ақ, Исбилерменликке көмеклесиў орайы бөлимлериниң басшыларынан ибарат жаслардың исбилерменлигин раўажландырыў комиссиялары (кейинги орынларда комиссиялар деп аталады) дүзилсин.
Төмендегилер Комиссияның тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:
инвестициялық ҳәм социаллық комплекслердиң аймақлық уйымларының, сондай-ақ, қаржыландырыўшы коммерциялық банклердиң бириктирилген хызметкерлери, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары менен биргеликте исбилерменлик жумысы менен шуғылланыўды қәлейтуғын бәнт болмаған халықты анықлаў, районларды (қалаларды) анықлаў ҳәм олардың жаслар паспортларын қәлиплестириў мақсетинде үйме-үй барыў ҳәм халық пенен ушырасыўлар шөлкемлестириў;
инвестициялық ҳәм социаллық комплекслердиң аймақлық уйымларының, сондай-ақ, қаржыландырыўшы коммерциялық банклердиң бириктирилген хызметкерлерин тартқан халда жаслардың бизнес басламаларын, стартапларын, идеялары менен жойбарларын ислеп шығыўда, зәрүр ҳүжжетлерди ҳәм материалларды таярлаўда және рәсмийлестириўде жәрдем бериў;
жаслардың бизнес басламаларын, стартапларын, идеялары менен жойбарларын әмелге асырыўда көмеклесиў ушын талапнамаларын, сондай-ақ, Мәмлекетлик бағдарлама шеңбериндеги басқа да мүрәжатларын «бир айна» принципи бойынша көрип шығылыўын тәмийинлеў;
инвестициялық ҳәм социаллық комплекслердиң аймақлық уйымларының, сондай-ақ, қаржыландырыўшы коммерциялық банклердиң бириктирилген хызметкерлерин тартқан халда жаслардың бизнес басламаларын, стартапларын, идеялары менен жойбарларын әмелге асырыў мониторингин өткериў, келип шыққан машқалаларды шешиў;
исбилерменлик жумысын шөлкемлестириў ҳәм жүргизиў мәселелери бойынша жаслар арасында кеңнен түсиник жумысларын алып барыў.
- «Yoshlar-kelajagimiz» Мәмлекетлик бағдарламасы шеңберинде республиканың район ҳәм қалаларында әмелге асырылатуғын илажларды 2018-жылы қаржыландырыў параметрлери 4-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
«Yoshlar-kelajagimiz» Мәмлекетлик бағдарламасы шеңберинде республиканың район ҳәм қалаларында әмелге асырылатуғын илажларды соңғы жыллары қаржыландырыў параметрлери Қор қаржыларын қәлиплестириўдиң анық дәреклерин көрсеткен ҳалда Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен тастыйықланатуғыны белгилеп қойылсын.
- Мәмлекетлик бағдарлама шеңберинде жаслардың бизнес басламаларын, стартапларын, идеялары менен жойбарларын қаржыландырыўдың төмендеги механизмлери орнатылсын:
Қор Мәмлекетлик бағдарлама шеңберинде усынылатуғын жеңиллетилген кредитлер ҳәм мүлкти лизингке бериўди қаржыландырыў ушын жыллық 5 процент ставка бойынша коммерциялық банклерге қаржылай ресурслар ажыратады;
жеңиллетилген кредитлер ҳәм мүлкти лизингке бериў 5 жыл мүддетке 12 айға шекем жеңилликли дәўир менен бериледи;
жеңиллетилген кредитлер ҳәм мүлкти лизингке бериў Өзбекстан Республикасы Сыртқы экономикалық хызмет миллий банки, «Ипак йўли» АИКБ, Халық банки АК ҳәм «Ҳамкор банк» АКБ арқалы әмелге асырылады;
жаслардың бизнес басламалары, стартаплары, идеялары менен жойбарлары Өзбекстан Республикасы саўда-санаат палатасы тәрепинен қаржыландырыўшы коммерциялық банклер менен биргеликте ислеп шығылатуғын үлги бизнес-режелери тийкарында қаржыландырылады;
нырқы 2 миллиард сумнан жоқары болған жаслардың бизнес басламаларын, стартапларын, идеялары менен жойбарларын қаржыландырыў олардың бизнес режелери Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Жойбарлаў басқармасы миллий агентлиги менен келисилгеннен соң әмелге асырылады;
жаслардың бизнес басламаларын, стартапларын, идеялары менен жойбарларын реализациялаў ушын жеңиллетилген кредитлер ҳәм мүлкти лизингке бериў талапнамаларын бирлемши көрип шығыў және таңлап алыў комиссия тәрепинен әмелге асырылады;
комиссия тәрепинен ҳәр бир шаңарақты үйме-үй барыў, бар инфраструктураны инвентаризациялаў, жаслар шуғылланыў тилегин билдирген жумыс түрин таллаў, сондай-ақ, жеңиллетилгени кредитлер ҳәм мүлкти лизингке бериў талапнамаларын таңлап алыў нәтийжелери бойынша тастыйықланатуғын параметрлер шеңберинде тийисли районлар ҳәм қалаларда үлги бизнес режелер тийкарында реализацияланатуғын жаслардың бизнес басламалары, стартаплары, идеялары менен жойбарларының мәнзилли дизими қәлиплестириледи;
жаслардың исбилерменлигин раўажландырыў республикалық комиссиясының усынысына қарап, бирақ 2018-жыл 1-августтан ҳәм соңғы жыллары 25-декабрьден кешикпей Мәмлекетлик бағдарлама шеңберинде тийисли районлар ҳәм қалаларда реализацияланатуғын жаслардың бизнес басламалары, стартаплары, идеялары менен жойбарларының мәнзилли дизимин тастыйықлайды. Тастыйықланған мәнзилли дизимге өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў Республикалық комиссия менен келисилген ҳалда комиссиялар тәрепинен әмелге асырылады;
тастыйықланған мәнзилли дизим жеңиллетилген кредитлер ҳәм мүлкти лизингке бериўди қаржыландырыў ушын коммерциялық банклерге ҳәм қорға усынылады;
қаржыландырыўшы коммерциялық банклер усынылған мәнзилли дизим тийкарында жеңиллетилген кредитлер ҳәм мүлкти лизинг тийкарында усыныў ҳаққында орнатылған тәртипте қарар қабыл етеди.
Жаслардың бизнес басламаларын, стартапларын, идеялары менен жойбарларын әмелге асырыў мақсетинде жеңиллетилген кредитлер ҳәм мүлкти лизингке бериў талапнамаларын коммерциялық банклер тәрепинен көрип шығыў мүддети 3 жумыс күнинен артпаўы тийис;
комиссиялар инвестициялық ҳәм социаллық комплекслердиң аймақлық уйымларының, сондай-ақ, қаржыландырыўшы коммерциялық банклердиң бириктирилген хызметкерлери менен биргеликте финанслық қаржылардан анық мақсетте ҳәм өз ўақтында пайдаланып атырғанлығы бойынша ҳәр айда мониторинг өткереди, мониторинг даўамында жаслардың бизнес басламаларын, стартапларын, идеялары менен жойбарларын әмелге асырыў ушын тосқынлық етип атырған машқалаларды шешеди.
Өзбекстан Республикасы Саўда-санаат палатасы қаржыландырыўшы коммерциялық банклер ҳәм басқа да мәпдар ведомстволар менен биргеликте еки ҳәпте мүддетте Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Жойбарлаў басқармасы миллий агентлиги менен келисилген ҳалда Қордың қаржылары есабынан қаржыландырылатуғын жаслардың бизнес басламалары, стартаплары, идеялары менен жойбарларының үлги бизнес режелери ислеп шығылыўын тәмийинлесин.
- Комиссиялар, Қордың районлық ҳәм қалалық филиаллары ҳәм қаржыландырыўшы коммерциялық банклерге:
ажыратылатуғын, соның ишинде, мақсетсиз пайдаланылып атырған финанслық қаржыларды өз ўақтында ҳәм толық қайтарыў бойынша илажлар көриў;
Мәмлекетлик бағдарлама қатнасыўшысы ажыратылған финанслық қаржыларды ҳәм келтирилген зыянды ықтыярлы түрде қаплаўдан бас тартқан жағдайларда оларды мәжбүрий өндириў мақсетинде судқа мүрәжат етиў миннетлемеси жүкленсин.
- Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети бир ай мүддетте төмендегилерди тастыйықлайтуғын ҳүкимет қарарын қабыл етсин.
Өзбекстан жаслар аўқамы жанындағы «Yoshlar-kelajagimiz» қорының жумысын шөлкемлестириў, сондай-ақ, Қордың қаржыларын қәлиплестириў ҳәм олардан пайдаланыў тәртиби ҳаққындағы режелер;
жаслардың бизнес басламаларын, стартапларын, идеялары менен жойбарларын қаржыландырыў ушын жеңиллетилген кредитлер усыныў, соның ишинде, ажыратылатуғын кредитлердиң шекленген лимитлерин анықлаў механизми, сондай-ақ, мәмлекетлик бағдарлама шеңберинде алынатуғын кредитлер бойынша кепилликлер бериў тәртиби;
жасларды мийнет базарында талап жоқары болған кәсиплерге ҳәм қәнигеликлерге профессионал оқытыў бойынша қысқа мүддетли курслардың санын түп-тийкарынан арттырыў ҳәм олардың сапасын жақсылаў бойынша илажлар комплекси.
- Өзбекстан жаслар аўқамына Өзбекстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери менен биргеликте Мәмлекетлик бағдарлама шеңберинде объектлерди қурыў бойынша ҳақы төленетуғын жумысларға бәнт болмаған жасларды, соның ишинде, Өзбекстан жаслар аўқамының жаслардың мийнет отрядларын ықтыярлы түрде кеңнен тартыў илажларын көриў усыныс етилсин.
- Төмендегилер:
Өзбекстан Республикасы Президенти аппаратының Жаслар сиясаты мәселелери хызметине – Мәмлекетлик бағдарламаны әмелге асырыў бойынша мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң жумысы муўапықластырылыўы ушын;
Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлигине – Қордың қаржылары өз ўақтында ҳәм толық қәлиплестирилиўи ушын;
Өзбекстан Республикасы Қурылыс министрлигине – аймақлардың өзине тәнлигин есапқа алған ҳалда «Yosh-tadbirkorlar» коворкинг – орайлары ҳәм «Yoshlar mehnat guzari» комплекслери жойбарларына қойылатуғын үлги талаплардың ислеп шығылыўы ушын;
Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги ҳәм Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитетине – Өзбекстан Республикасының сырт еллердеги дипломатиялық мәкемелерине бириктирилген аймақларға Мәмлекетлик бағдарлама шеңбериндеги илажларды әмелге асырыўда қатнасыў ушын, соның ишинде, республиканың тийисли район (қала)ларына сапар етиўлерди шөлкемлестирген ҳалда, сырт ел инвесторларының, сондай-ақ, Қордың қаржыларын қәлиплестириў ушын халықаралық қаржы институтлары ҳәм донор шөлкемлердиң техникалық жәрдем қаржылары және грантларының тартылыўы ушын;
Өзбекстан Республикасы Саўда-санаат палатасына – Қордың қаржылары есабынан қаржыландырылатуғын жаслардың бизнес баламалары, стартаплары, идеялары менен жойбарларының үлги бизнес режелери өз ўақтында ҳәм сапалы ислеп шығылыўы, сондай-ақ, олардың комисияға усынылыўы ушын;
Өзбекстан Республикасы Турақ жай коммуналлық хызмет көрсетиў министрлиги, «Өзбекэнерго» АЖ, «Өзтрансгаз» АЖ, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы, район (қала)лардың ҳәкимликлерине – «Yosh-tadbirkorlar» коворкинг – орайлары ҳәм «Yoshlar mehnat guzari» комплекслерине инженершилик коммуникациялар, соның ишинде, электр, газ ҳәм суў тәмийнаты тармақлары алып келиниўи ҳәм жалғаныўы ушын;
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы, район (қала)лардың ҳәкимликлерине – «Yosh-tadbirkorlar» коворкинг – орайларын ҳәм «Yoshlar mehnat guzari» комплекслерин қурыў ушын жер участкалары өз ўақтында ажыратылыўы, сондай-ақ, Қордың жумысын шөлкемлестириўде көмеклесиў ушын жуўапкершилик жүкленсин.
- Өзбекстан Республикасы Есап-санақ палатасы Бас прокуратура менен биргеликте Қор қаржыларының өз ўақтында қәлиплестирилиўи ҳәм мақсетли жумсалыўы үстинен қатаң қадағалаў орнатсын.
- Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги ҳәм басқа да ғалаба хабар қураллары менен биргеликте Мәмлекетлик бағдарламаның әмелге асырылыўы процеси кеңнен жарытылыўын шөлкемлестирсин.
- Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте бир ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасы Президентиниң Мәмлекетлик кеңесгөйи – Өзбекстан жаслар аўқамы Орайлық кеңесиниң баслығы Қ.К.Қуронбоевқа, Өзбекстан Республикасының Бас прокуроры О.Б.Муродовқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Мәмлекетлик кеңесгөйиниң биринши орынбасары Б.М.Мовлоновқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2018-жыл 27-июнь