Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы
Халықтың сатып алыў қәбилетин беккемлеў, тийкарғы түрдеги азық-аўқат ҳәм тутыныў өнимлерине болған талапты тәмийинлеў, товарлар тәмийнатының глобаллық шынжырларын диверсификациялаў ҳәм инфляция дәрежесин тоқтатыў мақсетинде:
- 2024-жыл 1-январьға шекем Өзбекстан Республикасы аймағында алып кириўде бажыхана бажысының нольлик ставкасы қолланылатуғын товарлардың дизими 1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 31-майдағы «Тутыныў базарларында баҳалардың турақлылығын тәмийинлеўге ҳәм монополияға қарсы илажлардың тәсиршеңлигин арттырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы ПП-145-санлы пәрманында:
1-бәнттеги ҳәм 1-қосымшаның аталыўындағы «2023-жыл 1-июльге шекем» сөзлери «2024-жыл 1-январьға шекем» сөзлери менен алмастырылсын;
4-бәнттеги «2023-жыл 1-январьға шекем» сөзлери «2024-жыл 1-январьға шекем» сөзлери менен алмастырылсын.
- Министрлер Кабинети (Ж.Ходжаев) бир ай мүддетте:
мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте азық-аўқат ҳәм аўыл хожалығы өнимлерин республика аймағына алып кириўде мәмлекетлик қадағалаўдан өткериў процесиниң нәтийжелилигин арттырыў және оның қәўпин таллаў принципи тийкарында жолға қойыў;
импорт етиўде бажыхана бажысының нольлик ставкасы қолланылатуғын күнделикли тутыныў товарларының дизимин кеңейтиў бойынша усынысларды Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясына киргизсин.
- Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Усы пәрманның орынланыўын қадағалаў Бас министрдиң орынбасары Ж.А.Ходжаевқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2023-жыл 23-март