Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы
Туризм, мәденият, мәдений мийрас ҳәм спорт бағдарларында инфраструктураны жедел раўажландырыў, объектлерден нәтийжели пайдаланыў, халыққа қолайлы шараятлар жаратыў, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 6-апрельдеги «Туризм, спорт ҳәм мәдений мийрас тараўларында мәмлекетлик басқарыў системасын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы ПП-6199-санлы пәрманы ҳәм 2021-жыл 6-апрельдеги «Туризм ҳәм спорт министрлиги жумысын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы ПҚ-5054-санлы қарарына муўапық:
- Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық 2022-жыл 1-январьдан 2023-жыл 1-январьға шекем туризм жумысы субъектлери ҳәм авиатасыўшылардың сырт еллерден Өзбекстанға чартер рейслерин шөлкемлестириў бойынша қәрежетлериниң бир бөлеги ҳәр бир сырт ел туристи ушын, ол республика аймағында кеминде бес сутка қонып қалған жағдайда, 10 АҚШ доллары, қыс мәўсиминде (20-ноябрьден 20-февральға шекем) болса 25 АҚШ доллары муғдарында Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан қаплап бериледи.
- 2022-жыл 1-майдан баслап жаслардың исбилерменлик басламаларын қоллап-қуўатлаў мақсетинде Мәмлекетлик бюджеттен Туризм ҳәм спортты қоллап-қуўатлаў қорына ажыратылатуғын қаржылар есабынан ҳәр бир интакерге 50 миллион сум муғдарында, жәми 10 миллиард сумға шекемги грантлар ажыратылатуғыны белгиленсин. Онда:
грант қаржылары онлайн төлемлерди қабыл етиўши заманагөй веб-сайт жаратыўға, сырт еллердеги туризм көргизбелери менен ярмаркаларында қатнасыўға қаратылады;
грант қаржылары белгиленген тәртипте сырт еллерден Өзбекстан Республикасына үш жыл даўамында кеминде 200 сырт ел туристлери ушын тур шөлкемлестириў шәрти менен ажыратылады.
Бас министрдиң орынбасары А.А.Абдухакимов 2022-жыл 1-мартқа шекем жас исбилерменлерге грант ажыратыў тәртибин тастыйықласын.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 25-августтағы «Улыўма аўқатланыў ҳәм туризм тараўларын қоллап-қуўатлаўдың қосымша илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-5232-санлы қарарына муўапық, Туризм ҳәм спортты қоллап-қуўатлаў қорының тийкарғы финанслық дәреги болып есапланған туристлик (мийманхана) жыйымын есаплаў ҳәм төлеў 2021-жыл 1-сентябрьден тоқтатылғанлығы мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
Қаржы министрлиги (Т.А.Ишметов) 2022-жыл 1-февральдан 2023-жыл 1-январьға шекем Туризм ҳәм спортты қоллап-қуўатлаў қорына ҳәр айда 2,5 миллиард сум муғдарындағы қосымша трансфертлер Мәмлекетлик бюджеттен ажыратылыўын тәмийинлесин.
- Туризм ҳәм спорт министрлиги (А.А.Абдухакимов):
а) усы пәрманның 3-бәнтине муўапық ажыратылып атырған қаржыларды Туризм ҳәм спортты қоллап-қуўатлаў қорының қаржыларынан пайдаланыў тәртибинде белгиленген мақсетлер, соның ишинде, аймақлардағы потенциаллы туризм объекти ҳәм орынларын дәслепки илажларды көрген ҳалда туристлер келиўи ушын таярлаў ҳәм оларды үгит-нәсиятлаў, сырт ел туризм ҳәм спорт ярмаркаларында, көргизбелерде, жойбарлар ҳәм бағдарламаларда қатнасыў, министрликлер ҳәм оның аймақлық бөлимлери хызметкерлерин материаллық хошаметлеў ҳәм социаллық қоллап-қуўатлаў ушын қаратылсын және олардан дурыс ҳәм нәтийжели пайдаланылыўы үстинен қатаң қадағалаў орнатсын.
Онда, Туризм ҳәм спортты қоллап-қуўатлаў қорының қаржылары есабынан Туризм ҳәм спорт министрлиги және оның аймақлық бөлимлериниң хызметкерлерин қосымша хошаметлеў олардың жумыс нәтийжелилиги (KPI) ҳәм ерисилген табысларына қарап әмелге асырылады;
б) Туризм ҳәм спортты қоллап-қуўатлаў қорына қаржылар түсиўи ҳәм олардан пайдаланылыўы ҳаққында ҳәр шеректе Қаржы министрлигине есабат берип барсын.
Туризм ҳәм спорт министриниң орынбасары З.О.Казаков Туризм ҳәм спортты қоллап-қуўатлаў қорына қаржылар түсиўи ҳәм олардан пайдаланылыўы ҳаққындағы есабатларды дүзиў ҳәм бериў бойынша жеке жуўапкер екенлиги белгилеп қойылсын;
в) Қаржы министрлиги менен биргеликте бир ай мүддетте «2022-жыл ушын Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджети ҳаққында»ғы нызамға усы пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў бойынша Министрлер Кабинетине усыныс киргизсин.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым ҳүжжетлерине 1-қосымшаға муўапық өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилсин.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым ҳүжжетлери 2-қосымшаға муўапық өз күшин жойытқан деп есаплансын.
- Усы пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары А.А.Абдухакимовқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2022-жыл 15-январь