Өзбекстан Республикасы Президентиниң
пәрманы

Республикадағы шийки зат базасынан нәтийжели пайдаланған ҳалда тоқымашылық ҳәм тигиў-трикотаж кәрханаларында терең қайта ислеў ҳәм жоқары қосымша қунлы таяр өнимлер ислер шығарыў және олардың экспортын және де хошаметлеў механизмлерин енгизиў мақсетинде:

  1. Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги жанындағы Экспортты хошаметлеў агентлиги (кейинги орынларда – Агентлик) жанында юридикалық тәреп жаратпаған ҳалда Тоқымашылық тараўын қоллап-қуўатлаў қоры (кейинги орынларда – Қор) шөлкемлестирилсин ҳәм оның дәраматларын қәлиплестириў дәреклери етип төмендегилер белгиленсин:

Тиклениў ҳәм раўажланыў қорынан ажыратылатуғын қаржылар;

Өзбекстан Республикасы бажыхана шегарасы арқалы пахта ийирилген жип ҳәм трикотаж гезлемени алып шығыўда өндирилетуғын жыйымлардың нызамшылық  ҳүжжетлеринде белгиленген муғдары;

физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң қайырқомлық қаржылары, халықаралық қаржы институтлары ҳәм сырт  ел шөлкемлериниң грантлары;

нызамшылық ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа да дәреклер.

  1. 2022-жыл 1-февральдан 2025-жыл 1-январьға шекем сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық:

а) Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятларда боялған полотно және аралас ҳәм боялған гезлеме өнимлерин ислеп шығарыў жойбарларын әмелге асырған кәрханаларға, усы жойбарлар шеңберинде сатып алынған үскенелер баҳасының 10 проценти, бирақ  500 мың АҚШ доллары эквивалентинен көп болмаған  муғдарда Қор есабынан субсидия ажыратылады. Онда:

усы жойбарлар шеңберинде жаңа үскенелер сатып алынған болыўы;

үскене баҳасына жеткерип бериў және басқа қосымша хызметлер қәрежетлери киргизилмейтуғыны;

жойбарды пайдаланыўға тапсырыў акти  бар болыўы зәрүр.

б) боялған полотно және аралас ҳәм боялған гезлеме өнимлерин және қурамында жасалма талшық 80 проценттен жоқары болған ийирилген жип ислеп шығарыў  үскенелерин сатып алыўшы кәрханаларға басланғыш 15 процент төлемди төлеў ушын сырт ел валютасында 7 жыл мүддетке шекем 3 жыллық жеңилликли дәўир менен усы пәрманның 4-бәнти 4-абзацы бойынша белгиленетуғын депозит ставкасына банктиң 1 процентлик маржасын есапқа алған ҳалда «Өзбекстан Республикасы Сыртқы экономикалық жумыс  миллий банки» АЖ тәрепинен кредит ажыратылады;

в) боялған полотно ҳәм таяр тигиў-трикотаж өнимлерин экспорт етиўши кәрханаларға сырт ел валютасында 1 жыл мүддетке шекем 9 айға шекем жеңилликли дәўир менен усы пәрманның 4-бәнти 4-абзацы бойынша белгиленетуғын депозит ставкасына банктиң 1 процентлик маржасын есапқа алған ҳалда 3 миллион АҚШ долларынан аслам болмаған муғдарда «Өзбекстан Республикасы Сыртқы экономикалық жумыс  миллий банки» АЖ тәрепинен экспорт алды қаржыландырыў, соның ишинде, айланыс қаржыларды толықтырыў ушын кредит ажыратылады;

г) боялған гезлеме ҳәм таяр тигиў-трикотаж өнимлерин, соның ишинде, комиссионер (исенимли ўәкил) арқалы реализациялаўдан түскен улыўма түсиминде бул өнимлердиң кеминде  80 процентин экспорт еткен кәрханаларға:

социаллық  салықты 1 процент муғдардағы салық ставкасы бойынша төлеў;

жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларына арза жиберместен турып, салық уйымларын хабардар еткен ҳалда үш жыл мүддетке шекем юридикалық тәреплерден алынатуғын мүлк салығы төлемин кешиктириў ҳуқықы бериледи. Онда, салықты кешиктириў мүддетти тамамланғаннан соң салық қарзы ҳәм есапланған процентлер кешиктириў мүддетине тең мүддет ишинде бөлип-бөлип төленеди.

Министрлер Кабинети  еки ҳәпте мүддетте  Өзбекстан Республикасы Салық кодексине усы бәнттиң «г» киши бәнти екинши абзацынан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар бойынша нызам жойбарын Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасына киргизсин.

  1. 2022-жыл 1-февральдан 2025-жыл 1-январьға шекем төмендеги дәреклерден келип түсетуғын қаржылар Қорға қаратылады:

а) пахта ийирилген жип  экспорты ушын өндирилетуғын жыйымның 25 проценти ҳәм трикотаж гезлеме экспорты ушын өндирилетуғын жыйымның  100 проценти. Онда бул қаржылар боялған полотно және аралас ҳәм боялған гезлеме өнимлерин ислеп шығарыў жойбарлары шеңберинде  сатып алынған үскенелер  баҳасының бир бөлегин субсидиялаў ушын ажыратылатуғыны;

б) пахта ийирилген жип экспорты ушын өндирилетуғын жыйымның 70 проценти. Онда бул қаржылар таяр тигиў-трикотаж өнимлерин (СЭЖ ТН коды 61-63) экспорт етиўши кәрханаларға субсидиялаў ушын ажыратылады. Бул субсидиялар ҳәр айда кейинги айдың  20 сәнесине шекем есабат айында түскен қаржылар есабынан экспортшы кәрханаларға олардың таяр тигиў-трикотаж өнимлери экспорт көлеминиң  баҳасына тең үлесте ажыратылатуғыны белгиленсин.

  1. Тиклениў ҳәм раўажланыў қоры Агентликтиң талапнамасына тийкарланып Қорға 25 миллион АҚШ доллары муғдарындағы қаржыларды боялған полотно және аралас ҳәм боялған гезлеме өнимлерин ислеп шығарыў жойбарлары шеңберинде сатып алынған үскенелер баҳасының бир бөлегин субсидиялаўға бийғәрез ажыратсын.

Қаржы министрлиги, зәрүр болғанда, усы мақсетлер ушын  2022-жылы республикалық бюджеттен Қорға қосымша түрде  250 миллиард сумға шекем қаржы ажыратсын.

Қаржы министрлиги «Өзбекстан Республикасы Сыртқы экономикалық жумыс миллий банки» АЖның талапнамасына тийкарланып  100 миллион АҚШ доллары эквиваленти муғдарына шекем қаржыларды суверен халықаралық облигацияларды шығарыў ҳәм жайластырыўдан түскен қаржылар есабынан усы пәрманның  2-бәнти «б» ҳәм «в» киши бәнтлеринде көрсетилген мақсетлер ушын, сәйкес түрде, 7 жыл ҳәм 1 жыл мүддетлерге депозит есап-бетине жайластырып барсын.

Онда депозит ставкалары «Өзбекстан Республикасы Сыртқы экономикалық жумыс миллий банки» АЖ тәрепинен талапнама усыныс етилген күндеги Өзбекстан Республикасы халықаралық  облигацияларының екилемши базарындағы котировкалары ставкасы муғдарынан кем болмайды.

  1. Экспорт етиўшилердиң экспорт алды қаржыландырыў ушын коммерциялық банклерден алған кредитлери бойынша Исбилерменлик жумысын қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик қоры тәрепинен компенсация ҳәм кепиллик бериў мүддетлери 2024-жыл 1-январьға шекем созылсын және бул тәртип барлық экспортшы кәрханаларға енгизилсин.
  2. Министрлер Кабинети бир ай мүддетте:

боялған полотно және аралас ҳәм боялған гезлеме өнимлерин ислеп шығарыў жойбарлары шеңберинде сатып алынған үскенелер баҳасының бир бөлегин  субсидиялаў тәртибин;

Тоқымашылық тараўын қоллап-қуўатлаў қоры қаржыларын қәлиплестириў ҳәм олардан пайдаланыў тәртиби ҳаққындағы режени;

Пахта талшығын биржа саўдаларына сатыў тәртибин тастыйықласын.

  1. «Өзтоқымашылықсанаат» ассоциациясы Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги менен биргеликте 2022-жыл 1-июльге шекем пахта талшығын мәжбүрий автоматластырылған есапқа  алыў системасы ислеп шығарылыўын ҳәм иске қосылыўын тәмийинлесин.
  2. Министрлер Кабинети ҳәм Есап палатасы ҳәр ярым жылда Қор есабынан субсидиялардың мақсетли ажыратылыўын және ажыратылған субсидия муғдарларының экспорт көлемлерине муўапық екенлигин үйренип, нәтийжелери бойынша мәлимлемени Өзбекстан  Республикасы Президенти Администрациясына киргизип барсын.
  3. Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги, Қаржы министрлиги және мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте бир ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  4. Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым ҳүжжетлерине қосымшаға муўапық өзгерислер менен қосымшалар киргизилсин.
  5. Усы пәрманның орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары С.У.Умурзаков белгиленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2022-жыл 21-январь