Өзбекстан Республикасы Президентиниң
қ а р а р ы
Өткен дәўир ишинде пайтахтта мәмлекетлик уйымлар ҳәм пуқаралық жәмийети институтларының тығыз бирге ислесиўи тийкарында жәмийетлик тәртипти сақлаў, ҳуқықбузарлықлар профилактикасы ҳәм жынаятшылыққа қарсы гүресиўдиң сапа жағынан жаңа системасын енгизиў, ҳуқық-қорғаўды ҳәм пуқаралардың ҳуқықларын, еркинликлери менен нызамлы мәплерин қорғаўды тәмийинлеў бойынша салмақлы жумыслар әмелге асырылды.
Соның менен бирге, хызметти өтеўди шөлкемлестириў әмелиятын үйрениў сутканың кешки ҳәм түнги ўақтында ҳуқық қорғаў уйымларының әмелдеги күш ҳәм қуралларын бөлистириўдиң жеткиликли дәрежеде нәтийжели емеслигин көрсетти және ол пайтахтта криминоген жағдайға жедел тәсир етиў, оны қадағалаў ҳәм баҳа бериў имканиятын бермей атыр. Усы ўақытта ҳуқықбузарлықлар улыўма санының ярымынан көби, әсиресе, аўыр ҳәм оғада аўыр жынаятлардың жүз берип атырғаны да буннан дәрек береди.
Ташкент қаласында ҳуқық қорғаў уйымлары жумысының нәтийжелигин арттырыў, сутканың кешки ҳәм түнги ўақтында жәмийетлик тәртипти тәмийинлеў, ҳуқықбузарлықлар профилактикасы ҳәм жынаятшылыққа қарсы гүресиў бағдарында олардың тығыз бирге ислесиўин шөлкемлестириў мақсетинде:
1. Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы, Ишки ислер министрлиги, Миллий гвардиясы, Жоқарғы суды, Өзбекстан жаслар аўқамы ҳәм Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының жумысын муўапықластырыў бойынша республикалық кеңестиң 2018-жыл 1-июльден Ташкент қаласында жәмийетлик тәртипти тәмийинлеў, ҳуқықбузарлықлар профилактикасы ҳәм жынаятшылыққа қарсы гүресиў системасына төмендегилерди нәзерде тутатуғын «Қәўипсиз пайтахт» концепциясын (кейинги орынларда Концепция деп аталады) эксперимент түринде енгизиў ҳаққындағы усынысы мақуллансын:
саат 16:00 дан 8:00 ге шекемги ўақыт аралығында ишки ислер уйымлары, Миллий гвардияның қатардағы бөлимлери жәмийетлик тәртипти тәмийинлеў күшлериниң кеминде 70 процентин, сондай-ақ, жәмийетшилик ўәкиллерин (кейинги орынларда – жәмийетлик тәртипти тәмийинлеў күшлери) тартыў арқалы күни-түни үш сменалы патруль режимин шөлкемлестириў;
ишки ислер ҳәм прокуратура уйымларының оператив ҳәм тергеў бөлимшелери, ҳәкимшилик судлар, адвокатура, сондай-ақ, суд-медициналық экспертиза хызметлериниң хызметкерлери тәрепинен сутканың кешки ҳәм түнги ўақтында хызмет ўазыйпасын толық әмелге асырыў, кейин ала сутканың күндизги ўақтында он алты саат даўамында оларды хызмет ўазыйпаларын атқарыўдан азат етиў;
ҳуқықбузарлықлардың өз ўақтында алдын алыў ҳәм оларға шек қойыў мақсетинде ишки ислер уйымларының бөлимлери, биринши гезекте, жәмийетлик тәртипти тәмийинлеў күшлериниң патруль топарлары ҳәдийсе жүз берген ямаса сигнал берилген орынға максимал тезликте жетип барыўын тәмийинлеў.
2. Патрульлик етиў ушын бириктирилген аймақта жәмийетлик тәртипти бузыў жағдайлары жоқ екенлиги, олардың өз ўақтында алды алыныўы ҳәм оларға шек қойылыўы сутканың кешки ҳәм түнги ўақтында хызмет етип атырған жәмийетлик тәртипти тәмийинлеў күшлериниң жумысын баҳалаўдың ең әҳмийетли критериялары болып табылатуғыны;
сутканың кешки ҳәм түнги ўақтындағы жумыс жәмийетлик тәртипти тәмийинлеў күшлериниң ҳәм тартылған мәмлекетлик уйымлардың бөлимлери жеке қурамының тығыз бирге ислесиўинде шөлкемлестирилетуғыны;
жәмийетлик тәртипти тәмийинлеў күшлери тәрепинен сутканың кешки ҳәм түнги ўақтында автомобильлерде патрульлик етиў аралас тәртипте, яғный ҳәм автомобильлерде, ҳәм пияда әмелге асырылатуғыны;
сутканың кешки ҳәм түнги ўақтында хызмет етиўге тартылған жәмийетлик тәртипти тәмийинлеў күшлери ҳәм мәмлекетлик уйымлар жеке қурамының жумысы дәўирлик түрде сутканың күндизги ўақтындағы жумыс пенен алмастырылып турылатуғыны белгилеп қойылсын.
3. Концепцияны әмелге асырыў шеңберинде жәмийетлик тәртипти тәмийинлеў күшлерин муўапықластырыў ҳәм байланыс мобиль орайларының (кейинги орынларда – мобиль орайлар) жумыс алып барыў әмелияты енгизилсин ҳәм олар ишки ислер бөлимлериниң хызмет көрсетиў аймақларына бириктирилсин.
Төмендегилер мобиль орайларының тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:
сутканың кешки ҳәм түнги ўақтында жумыс алып барыў даўамында жәмийетлик тәртипти тәмийинлеў күшлерин ҳәм тартылған мәмлекетлик уйымлардың бөлимлерин қадағалаў, басқарыў және олардың нәтийжели бирге ислесиўин шөлкемлестириўде ишки ислер бөлимлерине көмеклесиў;
ҳәдийсе жүз берген ямаса сигнал берилген орынға жәмийетлик тәртипти тәмийинлеў күшлериниң ең жақсы патруль топары тез жетип келиўин тәмийинлеў арқалы ҳуқықбузарлықлар ҳаққында келип түскен арза, хабар ямаса басқа да мағлыўматлар бойынша оператив илаж көриў;
жәмийетлик тәртипти тәмийинлеў күшлерин муўапықластырыў ҳәм ҳәрекетлендириў мақсетинде, соның ишинде, ҳәдийсе жүз берген орынға тиккелей барған ҳалда мобиль штаб функцияларын орынлаў;
ғалаба илажларды өткериўде ҳәм адамлар көп жыйналған жерлерде оператив ҳәм криминоген жағдайды мәлимлеме-коммуникация технологияларынан пайдалана отырып тиккелей бақлаўды ҳәм визуал баҳалаўды әмелге асырыў;
жәмийетлик тәртипти тәмийинлеў күшлери тәрепинен ҳуқықбузарлық жағдайлары анықланған ҳәм излеўдеги жынаятшылар қолға алынған жағдайларда ишки ислер ҳәм прокуратура уйымларының профилактика, оператив ҳәм тергеў бөлимшелери тартылыўын шөлкемлестириў.
4. Ташкент қаласында жәмийетлик тәртипти тәмийинлеў, ҳуқықбузарлық профилактикасы ҳәм жынаятшылыққа қарсы гүресиў бойынша үзликсиз күни-түни хызмет режимин шөлкемлестириў схемасы қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
5. Өзбекстан Республикасы ишки ислер министри, Қарақалпақстан Республикасы ишки ислер министри, Ташкент қалалық ишки ислер басқармасы ҳәм ўәлаятлық ишки ислер басқармалары баслықларының орынбасарлары лаўазымлары тийислисинше Өзбекстан Республикасы ишки ислер министри, Қарақалпақстан Республикасы ишки ислер министри, Ташкент қалалық ишки ислер басқармасы ҳәм ўәлаятлық ишки ислер басқармалары баслықларының жәмийетлик тәртипти сақлаў бойынша орынбасарлары лаўазымларына өзгертилсин және оларға төмендегилер жүкленсин:
жәмийетлик тәртипти сақлаўдың, әсиресе, сутканың кешки ҳәм түнги ўақтында нәтийжелилигин тәмийинлеў бойынша жумысты шөлкемлестириў ушын жеке жуўапкершилик;
ишки ислер уйымларының патруль-пост хызмети ҳәм жәмийетлик тәртипти сақлаў, өрт қәўипсизлиги, қорғаў, сондай-ақ, жол ҳәрекети қәўипсизлигин тәмийинлеў бөлимшелериниң нәтийжели ҳәм өз-ара байланыслы жумыс алып барыўын шөлкемлестириў бойынша ўазыйпалар.
9. Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги, Қорғаныў министрлиги, Өзбекстан жаслар аўқамы ҳәм Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының жумысын муўапықластырыў бойынша республикалық кеңестиң Ташкент қаласының ҳәр бир мәҳәллесинде «Пидәкер жаслар» жәмийетлик патруль топарларын (кейинги орынларда – жәмийетлик топарлар) шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин және бул топарлардың қурамы:
мүддетли әскерий хызметти өтеў нийетинде қорғаныў ислери бойынша районлық бөлимге мүрәжат еткен әскерий хызметке шақырылыўшылар;
республикалық жоқары әскерий билимлендириў мәкемелерине, сондай-ақ, ишки ислер уйымларының билимлендириў мәкемелерине кириў тилегин билдирген талабанлар;
ишки ислер уйымларында хызмет етиў тилегин билдирген талабанлар арасынан қәлиплестирилетуғыны нәзерде тутылсын.
Жәмийетлик топарлар қурамына кириў қорғаныў ислери бойынша районлық бөлимлери ямаса ишки ислер уйымлары тәрепинен берилетуғын жолламалар тийкарында әмелге асырылатуғыны;
жәмийетлик топарлар олар жумыс алып баратуғын мәҳәлле аймағында жасайтуғын жаслардан қәлиплестирилетуғыны;
жәмийетлик топарлардың жумысын нәтийжели шөлкемлестириў бойынша жуўапкершилик районлық ишки ислер уйымлары баслықларының жаслар мәселелери бойынша орынбасарларына ҳәм профилактика инспекторына жүкленетуғыны;
жәмийетлик топарлардың ҳәр бир ағзасы сутканың кешки ҳәм түнги ўақтында белгиленген бағдар бойынша улыўма 100 сааттан кем болмаған ўақыт муғдарында патрульлик етиўге тартылатуғыны ҳәм бул хызметке (оқыўға) ҳүжжетлерди жуўмақластырып қабыллаўға тийкар болып есапланатуғыны;
өзиниң мәҳәллесинде ҳуқық қорғаўды тәмийинлеўге белсене қатнасқан жәмийетлик топарлардың ағзаларына профилактика инспекторлары тәрепинен пуқаралар жыйынларының баслықлары менен биргеликте хызметке (оқыўға) таңлаў өткериўде есапқа алынатуғын усыныслар берилиўи мүмкин екенлиги белгилеп қойылсын.
10. 2018-жыл 1-августтан Ташкент қаласында жәмийетлик тәртипти тәмийинлеў күшлериниң қурамында хызмет етип атырған хызметкерлерге ҳәм әскерий хызметкерлерге ҳәр айдағы жумыс жуўмағы бойынша патрульлик аймағында аўыр ҳәм оғада аўыр жынаятларға тиккелей шек қойылғаны, оларды анықлағаны ямаса ашқаны, сондай-ақ, тергеў ҳәм судтан жасырынған шахсларды услағаны ушын лаўазым айлықларының 50 процентине шекемги муғдарда бир мәртелик ақшалай сыйлық бериў тәртиби орнатылсын.
15. Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды бир ай мүддетте Ташкент қаласы районлары ҳәкимшилик судларының штат бирликлерин қайта бөлистириў ҳәм көбейтиў бойынша тийкарланған усыныслар киргизсин.
16. Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги бир ай мүддетте:
Ташкент қаласында районлараралық суд-медициналық экспертиза пунктлерин ең альтернатив орналастырыў зәрүрлигин есапқа ала отырып, оларды ашыў ҳәм жумысын шөлкемлестириў бойынша усыныслар киргизсин;
Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы, Жоқарғы суды ҳәм Ишки ислер министрлиги менен биргеликте транспорт қураллары басқарыўшыларының мәс ҳалда екенин, соның ишинде, алып жүрилетуғын техникалық қураллар арқалы анықлаўдың әпиўайыластырған тәртибин ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын.
17. Өзбекстан Республикасы Адвокатлар палатасына сутканың кешки ҳәм түнги ўақтында процессуал ҳәрекетлерди өткериўде пуқаралардың ҳуқықларын қорғаў ҳәм оларға қәнигели юридикалық жәрдем көрсетиў бойынша қосымша илажларды әмелге асырыў усыныс етилсин.
18. Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Миллий гвардия менен биргеликте Концепция талапларын есапқа ала отырып, еки ҳәпте мүддетте:
жәмийетлик тәртипти тәмийинлеў күшлериниң қурамында биргеликте патрульлик хызметин өтеў тәртибин, соның ишинде, автомобильлерде ҳәм пияда патрульлик етиўдиң аралас усыллары механизмин нәзерде тутқан ҳалда ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын;
әмелдеги патруль бағдарларының орналасыўын өзгериўшең оператив ҳәм криминогер жағдайға муўапық тәризде жәмийетлик тәртипти сақлаў күшлерин жедел ҳәрекетлендириў механизмин енгизген ҳалда қайта көрип шықсын;
сутканың аралық ўақтына муўапық жәмийетлик тәртипти тәмийинлеў күшлери жеке қурамының қайта бөлистирилиўин тәмийинлесин;
сутканың кешки ҳәм түнги ўақтында хызмет етилиўи үстинен тәсиршең қадағалаўды тәмийинлеў бойынша өзлериниң қәўипсизлик бөлимлеринде жумыс нәтийжелилигин арттырыў илажларын көрсин.
19. Ташкент қаласы ҳәкимлиги бир ай мүддетте Концепцияға муўапық сутканың кешки ҳәм түнги ўақтында хызмет етип атырған және жумыс алып барып атырған хызметкерлердиң ҳәм әскерий хызметкерлердиң аўқатланыўын шөлкемлестириў ҳәм бул ушын шараятлар жаратыў бойынша зәрүр илажларды әмелге асырсын.
20. Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы Жоқарғы суд ҳәм Ишки ислер министрлиги менен биргеликте еки ай мүддетте:
а) төмендегилерди нәзерде тутқан ҳалда бурын судланған шахслар менен ислесиў системасын жетилистириў:
шахсты бурын судланған деп табыўда нызам ҳүжжетлери нормаларына қатаң әмел етиў;
оқыўға, жумысқа кириўде ямаса басқа да жағдайларда судланғанлық жағдайы жуўмақланған ямаса судланғанлығы алып тасланған шахслардың судланғаны ҳаққындағы мағлыўматын жазып қойыў әмелиятына шек қойыў;
бурын судланған шахслар тәрепинен жынаят еткени ушын жуўапкершилик илажларын күшейтиў;
б) сутканың кешки ҳәм түнги ўақтында ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықлар ҳаққындағы жумыслар бойынша ис жүргизиў тәртибин әпиўайыластырыў бойынша усыныслар киргизсин.
21. Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги, Қорғаныў министрлиги, Өзбекстан жаслар аўқамы, Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының жумысын муўапықластырыў бойынша республикалық кеңес бир ай мүддетте «Пидәкер жаслар» жәмийетлик патруль топарларының жумыс алып барыўын шөлкемлестириў тәртибин, жумысын баҳалаў механизмин ҳәм критерияларын белгилейтуғын «Пидәкер жаслар» жәмийетлик патруль топарлары ҳаққындағы режени ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын.
22. Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологияларын ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги «Қәўипсиз қала» аппарат-бағдарламалық комплексин әмелге асырыў процесинде Ташкент қаласының барлық ишки ислер бөлимлерин шахстың жүзин ҳәм транспорт қуралларын мәмлекетлик саны белгисин интеллектуал танып алыў системасы менен тәмийинлеўди нәзерде тутсын.
23. Аймақларда жынаятшылықтың ерте алдын алыў ҳәм ҳуқықбузарлыққа қарсы гүресиў республикалық комиссиясы (Н.Йўлдошев) Ташкент қаласында Концепция нәтийжели әмелге асырылыўының системалы мониторингин тәмийинлесин және 2018-жылдың жуўмағы бойынша бундай әмелиятты республиканың барлық аймақларына енгизиў бойынша усыныслар киргизсин.
24. Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги:
Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги менен биргеликте бир ай мүддетте ишки ислер уйымларының патруль-пост ҳәм жол-патруль хызметлериниң жәмийетлик тәртипти сақлаўда үлги көрсеткен хызметкерлерине жергиликли ислеп шығарылған арзан жеңил транспорт қуралларын сатып алыў ушын жеңилликли кредит бериў бойынша усыныс киргизсин;
бир ай мүддетте мобиль орайлардың жумысын шөлкемлестириў тәртибин тастыйықласын, бунда олар тәрепинен жәмийетлик тәртипти тәмийинлеў күшлериниң өз-ара муўапықласқан бирге ислесиўин шөлкемлестириўдиң сәйкес механизмлерине ҳәм олардың ҳуқықбузарлықларға жедел мүнәсибет билдириўи нәзерде тутылсын;
бир ай мүддетте усы қарардың талапларын есапқа алып, ақшалай сыйлық системасының анық критерияларын есапқа алған ҳалда жәмийетлик тәртипти тәмийинлеў күшлериниң жумысын баҳалаў тәртибин белгилейтуғын Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң қарары жойбарын киргизсин;
еки ай мүддетте республика ишки ислер уйымларының әмелдеги штат бирликлерин сын көзқарастан қайта көрип шықсын және Ташкент қаласы ишки ислер уйымлары патруль-пост ҳәм жол-патруль хызметлериниң структурасын жетилистириў ҳәм штат бирликлерин олардың реал жумыс көлемин есапқа алған ҳалда көбейтиў бойынша илажларды көрсин;
еки ай мүддетте Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине ишки ислер уйымлары патруль-пост хызметлери бөлимшелерин индивидуал қорғаў ҳәм белсенди қорғаўдың заманагөй арнаўлы қураллары менен тәмийинлеў бағдарламасын киргизсин;
үш ай мүддетте Ташкент қаласы ишки ислер уйымлары патруль-пост ҳәм жол-патруль хызметлериниң автомобиль паркин басқышпа-басқыш қайта үскенелеў ҳәм беккемлеў бойынша усыныс киргизсин.
25. Усы қарарда нәзерде тутылған илажларды әмелге асырыўға байланыслы қәрежетлер бюджет қаржылары, мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволардың бюджеттен тыс қаржылары, сондай-ақ, нызам ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа да дәреклер шеңберинде әмелге асырылатуғыны белгилеп қойылсын.
26. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Қәўипсизлик кеңесиниң хаткери В.В.Маҳмудовқа, Өзбекстан Республикасының Бас прокуроры О.Б.Мурадовқа, Өзбекстан Республикасы Президенти Мәмлекетлик Кеңесгөйиниң биринши орынбасары Б.М.Мавлоновқа ҳәм Өзбекстан Республикасы ишки ислер министри П.Р.Бабажоновқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2018-жыл 19-июнь