Өзбекстан Республикасы Президентиниң қ а р а р ы
Мәмлекетимизде жоқары технологиялық өндирислерди раўажландырыўдың бир пүтин системасын жаратыў ҳәм инвестицияларды жедел тартыўды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, талап жоқары болған кең түрдеги өнимлерди өзлестириў, санаат кооперациясын кеңейтиў ҳәм республикамыздың экспорт потециалын арттырыў мақсетинде:
- Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлигиниң төмендегилерди нәзерде тутатуғын өндиристи раўажландырыў ҳәм санаат кооперациясын кеңейтиўдиң нәтийжели системасын жаратыў ҳаққындағы усынысларына келисим берилсин:
а) төмендегилерге нәтийжелилик көрсеткишлерин (KPI) баҳалаў системасын енгизиў:
тармақ басшылары, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы ҳәм ҳәкимлер – жаңа түрдеги өнимлерди (хызметлер) өзлестириў арқалы ишки базарды балансластырылған жергиликли өнимлер ҳәм хызметлер менен толықтырыў, өндирис қуўатлықларын толық жумсаў ҳәм кеңейтиў, сондай-ақ, импортты оптималластырыў ушын;
тармақлар басшыларының биринши орынбасарлары ҳәм ҳәкимлердиң жергиликли санаатты раўажландырыў бойынша жәрдемшилери – ишки тармақ ҳәм тармақлар аралық санаат кооперациясын орнатыў және раўажландырыў, шериклерге ислеп шығарылатуғын өнимлердиң техникалық параметрлери менен сапасын тийисли талаплар және стандартларға бейимлестириўге жәрдемлесиў, сондай-ақ, сериялы өндиристи шөлкемлестириў ушын;
б) инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў шеңберинде жергиликли өнимлер контентин кеңейтиў бойынша бәсекиге шыдамлы шараятлар жаратыў:
ири инвестициялық жойбарлар бойынша халықаралық тендерлер өткериў процесинде жергиликли өнимлер ҳәм хызметлерди ислеп шығарыўшылардың қатнасыў имканиятларын кеңейтиў, сондай-ақ, басқа да тең шараятларда санаат ҳәм қурылыс мақсетлеринде пайдаланылатуғын жергиликли өнимлерди жеткерип бериў ушын оларға қолайлықлар жаратыў;
ишки базарда талап жоқары болған өним ислеп шығарыўды шөлкемлестиретуғын тендер саўдаларының қатнасыўшыларына тийкарғы өндирис талаплары ушын тез гөнеретуғын үскенелер, комплектлеўши ҳәм аўысық бөлеклерди орта мүддетли кепиллекленген шәртлерде сатып алыў бойынша имканиятлар бериў;
в) сырт ел ҳәм жергиликли инновациялық технологиялар трансферин қаржыландырыўдың нәтийжели системасы ҳәм платформасын жаратыў;
г) ишки базарда талап жоқары болған өнимлер ислеп шығарыўды өзлестиретуғын кәрханалардың хызметкерлерин олардың басқарыў уйымлары тәрепинен тастыйықланған шәртлер ҳәм тәртиплер тийкарында хошаметлеў.
- Республиканың хожалық бирлеспелери ҳәм кәрханалары, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери менен биргеликте өткерилген тармақ санаат ярмаркаларының нәтийжелерин есапқа алған ҳалда төмендегилерди нәзерде тутатуғын, Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги тәрепинен ислеп шығылған 2022-жылға мөлшерленген өнимлер ислеп шығарыў ҳәм санаат кооперациясын кеңейтиў бағдарламасы тастыйықлансын:
2022-жылы өнимлер ислеп шығарыў ҳәм санаат кооперациясын кеңейтиўдиң прогноз параметрлери 1-қосымшаға муўапық;
2022-жылы жаңа өнимлерди ислеп шығарыў ҳәм қуўатлықларды кеңейтиўдиң жыйналған көрсеткишлери 2-қосымшаға муўапық;
2022-жылы экономика тармақлары тәрепинен жаңа өнимлерди ислеп шығарыў ҳәм қуўатлықларды кеңейтиў бойынша жойбарлар дизими 2.1-қосымшаға муўапық;
2022-жылы аймақлық кәрханалар тәрепинен жаңа өнимлерди ислеп шығарыў ҳәм қуўатлықларды кеңейтиў бойынша жойбарлар дизими 2.2-қосымшаға муўапық;
2022-жылы жергиликли өнимлерди жеткерип бериў бойынша санаат кооперациясын кеңейтиўге қаратылған жойбарлар дизими 3-қосымшаға муўапық;
республикамызда талап жоқары болған өнимлерди ислеп шығарыў бойынша жойбар усынысларының дизими 4-қосымшаға муўапық;
өзлестириў ушын усыныс етилип атырған таяр өнимлер, материаллар ҳәм комплектлеўши үскенелердиң дизими 5-қосымшаға муўапық.
Сыртқы саўда, инвестициялар, жергиликли санаатты раўажландырыў ҳәм техникалық жақтан тәртипке салыў мәселелери бойынша Ҳүкимет комиссиясына (кейинги орынларда – Ҳүкимет комиссиясы) усы қарар менен тастыйықланған әмелге асырылатуғын жойбарлар параметрлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў және жаңа жойбарлар усынысларының дизимин жаңалап барыў ҳуқықы берилсин.
- Ҳүкимет комиссиясы (Умурзаков):
бир ай мүддетте усы қарар менен тастыйықланған 2022-жылы өнимлер ислеп шығарыў прогнозы және тармақлар аралық санаат кооперациясы шеңберинде дүзилген шәртнамаларды Электрон кооперация порталында дизимнен өткерген ҳалда, олардың орынланыўын тәмийинлеў бойынша тармақ кестелерин тастыйықласын;
бир ай мүддетте тармақлар аралық санаат ярмаркасында қол қойылған меморандумлар ҳәм ишки базар талапларын инабатқа алған ҳалда, усыныс етилип атырған өнимлер ислеп шығарыўды өзлестириў бойынша «Жол карта»ларын тармақлар ҳәм аймақлар кесиминде тастыйықласын;
«Жол карта»лары шеңберинде ислеп шығылған технологияларды сынақтан өткериў ҳәм өнимлердиң тәжирийбе партиясын шығарыўды, сондай-ақ, сериялы өндиристи жолға қойыўды турақлы түрде муўапықластырып барсын;
ҳәр шеректе тармақ басшылары ҳәм ҳәкимлердиң локализациялаў ҳәм жаңа өндирис кооперациясы бойынша алып барып атырған жумысларының жуўмақлары бойынша есабатларын тыңлап, тармақ басшылары ҳәм ҳәким жәрдемшилери жумысының нәтийжелилиги рейтингин жүргизсин және нәтийжелер бойынша оларды материаллық хошаметлеў ямаса интизамый жуўапкершиликке тартыў бойынша усынысларды киргизип барсын.
- Сондай тәртип орнатылсын, оған бола 2022-жыл 1-апрельден баслап:
а) ишки базарда талап жоқары болған өнимлер ислеп шығарыўды биргеликте қаржыландырыў бағдарында Тиккелей инвестициялар қорының қаржылары төмендегилерге қаратылады:
ишки базарда талап жоқары болған өнимлер ислеп шығарыўды өзлестириўге қаратылған жойбарлардың маркетинг изертлеўлери, жойбар ҳүжжетлерин ислеп шығыў, қурылыс процесинде технологиялық жәрдемлесиў, сырт ел қәнигелери ҳәм консалтинг компаниялары тәрепинен үскенелерди орнатыў ҳәм иске қосыўға байланыслы қәрежетлерди қаржыландырыўға;
тендерлер ямаса технология лицензияларының ең жақсы усынысларын сайлап алыў тийкарында анықланатуғын заманагөй жоқары технологиялы әсбап-үскенелер баҳасының 50 процентин биргеликте қаржыландырыўға;
б) ишки базарда талап жоқары болған өнимлер ислеп шығарыўды биргеликте қаржыландырыў бағдарында инвестициялық шәртнамалар шеңберинде тартылған сырт ел инвесторларының қаржылары, биринши гезекте, илимий изертлеўлер ҳәм коммерцияластырыўға таяр болған технологиялар трансферин биргеликте қаржыландырыўға қаратылады;
в) тармақлараралық кооперацияны қоллап-қуўатлаў тараўында трансферге таяр илимий қолланбалар ҳәм технологияларды коммерцияластырыў мақсетинде Электрон кооперация порталы арқалы сатыўға руқсат бериледи;
г) жергиликли ислеп шығарыўшылардың өнимлерин сырт елде сертификатластырыў қәрежетлериниң 50 проценти, бирақ 20 000 АҚШ долларынан көп болмаған муғдарда, тастыйықлаўшы ҳүжжетлер тийкарында Экспортты қоллап-қуўатлаў қорының қаржылары есабынан қапланады.
- 2022-жыл 1-апрельден баслап республикамыз аймағында бурын ислеп шығарылмаған, жергиликли кәрханалар тәрепинен өзлестирилетуғын өнимлерди мәмлекетлик уйымлар ҳәм устав капиталдында мәмлекетлик үлеси 50 проценттен артық болған кәрханалар тәрепинен орта мүддетли шәртнама дүзиў арқалы кепилликли түрде сатып алыў системасы енгизилсин. Онда:
кепилликли түрде сатып алыў шәртнамалары бойынша таңлаўлар Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги, Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги, Қаржы министрлиги, мәпдар шөлкем ҳәм хожалық жүргизиўши субъектлер тәрепинен биргеликте қәлиплестирилген ишки базарда талап жоқары болған өнимлер дизими шеңберинде әмелге асырылады;
ишки базарда талап жоқары болған өнимлер дизими Мәмлекетлик сатып алыўлар бойынша арнаўлы мәлимлеме порталы, электрон кооперация порталы және мәпдар министрликлер ҳәм шөлкемлердиң рәсмий веб-сайтларында жайластырылады және ҳәр жылы толықтырып барылады;
мәпдар шөлкемлер ҳәм хожалық жүргизиўши субъектлер орта мүддетли кепилликли түрде сатып алыў шәртнамаларына қол қойыў ушын жеңимпазларды анықлаў бойынша ашық таңлаўларда мәмлекет буйыртпашысы ҳәм бенефициар мүлк ийеси болып есапланады.
Онда мәмлекетлик уйымлар ҳәм устав фондында мәмлекетлик үлеси 50 процент ҳәм оннан артық болған хожалық жүргизиўши субъектлерге өзиниң импорт өнимлери талабы тийкарында мәмлекетимизде ислеп шығарылмайтуғын өнимлерди өзлестирип атырған кәрханалар менен алдыннан белгиленетуғын мүддет даўамында кепилликли түрде сатып алыў ҳаққындағы шәртнамаларды дүзиў және алдыннан аванс төлемлерин өткериўге руқсат бериледи.
- Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрплиги (Воитов), Қаржы министрлиги (Ишметов), Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги (Адбиназаров):
а) бир ай мүддетте ири инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў шеңберинде жергиликли өнимлер контентин кеңейтиўди кепиллеў ҳәм хошаметлеў;
б) үш ай иүддетте;
кепилликли түрде сатып алыў шәртнамаларын дүзиў, олардың шәртлерин ҳәм өним баҳасын келисиў тәртибин;
ишки базарда талап жоқары болған өнимлер ислеп шығарыўды өзлестиретуғын кәрханалардың өндирис процесине байланыслы хызметкерлер тәртиплерин ислеп шығып, Министрлер Кабинетине киргизсин.
- Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги, Мәмлекетлик статистика комитети, Өзбекстан техникалық жақтан тәртипке салыў агентлиги менен биргеликте еки ай мүддетте жергиликли (өним ҳәм хызметлер) ислеп шығарыўшылардың анық өлшемлерин белгилеў бойынша нызамшылық ҳүжжетлерине киргизилетуғын тйиисли өзгерислер ҳәм қосымшалар бойынша Министрлер Кабинетине усыныс киргизсин.
Онда Инвестициялар ҳәм сырқы саўда министрлиги жанындағы Электрон кооперация порталы ҳәм Мәмлекетлик салық комитети мәлимлеме базасы арасында жергиликли өнимлер (хызметлер) ҳаққындағы мағлыўматлар алмасыўын жолға қойыў нәзерде тутылсын.
- Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги, Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги, Инновациялық раўажланыў министрлиги мәпдар министрликлер, уйымлар ҳәм шөлкемлерди тартқан ҳалда еки ай мүддетте төмендегилерди өзлестириўди нәзерде тутатуғын орта мүддетли тармақ бағдарламаларын ислеп шықсын:
«Наўайы КМК» АЖ, «Алмалық КМК» АЖ, «Өзметкомбинат» АЖ, «Технопарк» ЖШЖ, «Өзбекстан темир жоллары» АЖ ҳәм «Өзавтосанаат» АЖ қуйыў-механика заводларының өндирислик қуўатлықлары тийкарында, соның ишинде, республикамыздағы басқа да кәрханалар менен кооперация тийкарында – экономиканың барлық тармақлары тәрепинен талап етилетуғын номенклатурадағы металлды қайта ислейтуғын ҳәм инструментал әсбап-үскенелер (фрезерлеў, жоныў, бурғылаў, ойыў ҳәм токарлық үскенелери), қуйыў қәлиплери және металл, пластмасса ҳәм ағашты қайта ислеў үскенелери;
«Өзэлтехсанаат» ассоциациясы кәрханалары тийкарында, соның ишинде, лицензиар бренди компанияларды тартқан ҳалда – ярым өткизгиш ҳәм электрон компонентлер, альтернатив энергия дәреклери ушын комплектлеўши бөлеклер, электромобильлерге қуўатлаўшы үскенелер ҳәм станциялар, электр үскенелер ҳәм трансформаторлар, мыс шийки затынан кабель-сым ҳәм жаңа түрдеги өнимлер;
«Өзтоқымашылықсанаат» ассоцациясы ҳәм «Өзавтосанаат» АЖ кәрханалары негизинде жеңил санаат ушын үскенелер, инструментлер ҳәм тез истен шығатуғын аўысық бөлеклер;
химия санааты, былғары-аяқ кийим, тоқымашылық, фармацевтика, металлургия, қағаз, мебель ҳәм қурылыс материаллары санааты кәрханалары тийкарында, соның ишинде, республикамыздағы қәнигелестирилген кәрханалар менен кооперация тийкарында жоқары қосымша қунға ийе болған жаңа түрдеги өнимлерди өзлестириў ушын пайдаланылатуғын химия өнимлери, әсиресе, полимер материаллар ҳәм ярым таяр өнимлер ислеп шығарыўды өзлестириў.
- Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги Стратегиялық раўажланыў агентлиги, Монополияға қарсы гүресиў комитети менен биргеликте үш ай мүддетте ишки базарда талап жоқары болған өнимлерди ислеп шығаратуғын кәрханаларды хошаметлеў мақсетинде балл бериў арқалы баҳалаў системасы және топланған баллар тийкарында кәрханаларға қолайлы имканиятлар жаратып бериўди нәзерде тутатуғын тәртиплер ҳәм өлшемлерди ислеп шығып, Министрлер Кабинетине тастыйықлаў ушын киргизсин.
- Жуўапкер тармақ министрлклери, хожалық бирлеспелери, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлиги және ири кәрханалар еки ай мүддетте импорт қурамы ҳәм номенклатурасын таллаў тийкарында 2023-2026-жыллары жаңа өнимлерди өзлестириў бойынша «жол картасы»н ислеп шығып, Ҳүкимет комиссиясына киргизсин.
- Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги Мәмлекетлик статистика комитети, Мәмлекетлик бажыхана комитети, Техникалық жақтан тартипке салыў агентлиги менен биргеликте 2022-жыл 1-майға шекем жергиликли ислеп шығарылатуғын өнимлер ушын сыртқы экономикалық жумыс товар номенклатурасының 10-санлы кодларын енгизсин.
- Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги структурасында улыўмалық штат бирликлери шеңберинде 6 штат бирлигинен ибарат Санаат кооперациясын раўажландырыў басқармасы шөлкемлестирилсин.
- Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги еки ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳаққында усыныслар киргизсин.
- Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириў, оның нәтийжелилигин додалап барыў ҳәм орынлаў ушын жуўапкер уйымлардың жумысын муўапықластырыўға жуўапкер етип инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министриниң биринши орынбасары А.Б.Воитов белгиленсин.
Қарардың орынланыўын қадағалаў Бас министрдиң орынбасары С.У.Умурзаковқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2022-жыл 24-январь