Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Мәмлекетте экологиялық қәўипсизликти тәмийинлеў, экологиялық жағдайды жақсылаў, қолайлы экологиялық жағдайды турақлы сақлаў, экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў тараўында мәмлекетлик басқарыў нәтийжелилигин тәмийинлеў ҳәм тараўда қол урылып атырған ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў бойынша әмелге асырылып атырған илажларды буннан былай да жеделлестириў мақсетинде:
- Төмендегилер Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитетиниң (кейинги орынларда – Мәмлекетлик экология комитети) жаңаланған тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:
экология, қоршаған орталықты қорғаў, тәбийғый ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў, оларды қайта тиклеў ҳәм инсан ҳәрекетиниң тәбиятқа унамсыз тәсириниң алдын алыў тараўында бирден-бир мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыў;
қоршаған орталықты қорғаў бағдарында жәмийетшилик, пуқаралық жәмийети институтлары менен бирге ислесиўди тәмийинлеў, жәмийетлик қадағалаўға методикалық жәрдем көрсетиў ҳәм жәрдем бериў, пуқаралардың қолайлы қоршаған орталыққа болған ҳуқықларын тәмийинлеў;
қоршаған орталықтың қолайлы экологиялық жағдайын, экологиялық системалар, тәбийғый комплекслер ҳәм объектлердиң қорғалыўын тәмийинлеў;
өсимликлер ҳәм ҳайўанатлар дүньясын сақлаў, олар түрлериниң ҳәр қыйлылығын, тәбийғый дүркинлериниң пүтинлигин ҳәм олардың жасаў орталығын сақлаў, қайта тиклениўи ҳәм раўажланыўы ушын зәрүр шараятлар жаратыў;
шығындылар менен байланыслы жумысларды әмелге асырыўда нызамшылыққа әмел етилиўи бойынша мәмлекетлик қадағалаўды алып барыў, турмыслық шығындыларды жыйнаў, тасыў, утилизациялаў, қайта ислеў ҳәм көмиў бағдарында мәмлекетлик ҳәм жеке меншик шерикликти жедел тартқан ҳалда системаны шөлкемлестириў;
атмосфера ҳаўасы, жер, жер асты байлықлары, суў, тоғайлар, ҳайўанат ҳәм өсимликлер дүньясын, қорғалатуғын тәбийғый аймақларды қорғаў ҳәм олардан пайдаланыўда нызамшылыққа әмел етилиўи бойынша мәмлекетлик экологиялық қадағалаўды орнатыў;
экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бағдарын «Коррупциясыз тараў»ға айландырыў, экологиялық тәрбия, үгит-нәсиятлаў ҳәм билимлендириў системасын шөлкемлестириў, илимий-изертлеў институтлары, жоқары билимлендириў мәкемелериниң жумысына жәрдем бериў.
- Төмендегилер:
Мәмлекетлик экология комитетиниң шөлкемлестириў структурасы ҳәм орайлық аппараты структурасы 1 ҳәм 2-қосымшаларға муўапық;
Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитетиниң структурасы және ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў басқармаларының үлги структурасы 3 ҳәм 4-қосымшаларға муўапық;
район (қала)лық экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў тараўындағы қадағалаў бойынша инспекциялары район (қала)лық экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бөлимлери етип қайта шөлкемлестирилсин және олардың үлги струткурасы 5-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- Ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў басқармаларының баслықлары Мәмлекетлик экология комитетиниң баслығы тәрепинен турақлы лаўазымға тайынланатуғыны ҳәм лаўазымынан босатылатуғыны;
Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитетиниң баслығы Мәмлекетлик экология комитети менен келисилген ҳалда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси тәрепинен лаўазымға тайынланатуғыны ҳәм лаўазымынан босатылатуғыны;
Мәмлекетлик экология комитетиниң баслығы Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Қәўипсизлик кеңесиниң ағзасы есапланатуғыны белгиленсин.
- Мәмлекетлик экология комитети баслығына:
зәрүр жағдайларда, Мәмлекетлик экология комитетиниң орайлық аппараты, аймақлық бөлимлери ҳәм оның қурамына киретуғын уйымлараралық шөлкемлердиң структураларына басқарыў хызметкерлериниң белгиленген улыўма шекленген саны ҳәм мийнетке ҳақы төлеў фонды шеңберинде өзгерислер киргизиў;
экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм шығындылар менен байланыслы жумысларды әмелге асырыў қоры қаржыларының есабынан экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў уйымларының қосымша штат бирликлерин енгизиў ҳәм сақлаў;
мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа шөлкемлер, илимий ҳәм билимлендириў шөлкемлери, халықаралық шөлкемлер, сырт ел компанияларының жоқары тәжирийбели қәнигелерин ҳәм экспертлерин мәсләҳәтши сыпатында тартыў ҳуқықы берилсин.
- Экология, қоршаған орталықты қорғаў, тәбийғый ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм оларды қайта тиклеў тараўын және экологиялық қадағалаў системасын және де жетилистириў бойынша «жол қартасы» 6-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў тараўындағы ҳуқықбузарлықлар профилактикасы ҳәм оларға қарсы гүресиў системасын жаңа дәрежеге көтериў мақсетинде Ишки ислер министрлиги, Миллий гвардия ҳәм Мәмлекетлик экология комитетиниң төмендегилерди нәзерде тутатуғын «Экологиялық патруль» ислесиў системасын енгизиў ҳаққындағы усынысы қоллап-қуўатлансын:
ишки ислер уйымлары жәмийетлик қәўипсизлик хызмети ҳәм Миллий гвардияның патрулликке тартылған бөлимлериниң экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм тәбияттан пайдаланыў тараўындағы ҳуқықбузарлықларға қарсы гүресиў бойынша ўәкилликлерин кеңейтиў;
экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм тәбияттан пайдаланыў тараўындағы нызамшылық талапларының орынланыўы сөзсиз тәмийинлениўин қадағалаўда экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў уйымларының ишки ислер уйымлары ҳәм Миллий гвардия бөлимлери менен жақыннан бирге ислесиўин орнатыў және де биргеликтеги профилактикалық илажларды өткериў әмелиятын жолға қойыў.
- Ишки ислер министрлиги Миллий гвардия ҳәм Мәмлекетлик экология комитети менен биргеликте:
үш ай мүддетте ишки ислер уйымлары ҳәм Миллий гвардия бөлимлериниң экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм тәбияттан пайдаланыў тараўындағы ҳуқықбузарлықларға қарсы гүресиў бойынша ўәкилликлерин кеңейтиў бойынша тийисли нызам жойбарын ислеп шықсын ҳәм белгиленген тәртипте Министрлер Кабинетине киргизсин;
турақлы түрде экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм тәбияттан пайдаланыў тараўындағы нызамшылық талаплардың орынланыўын сөзсиз тәминлениўин қадағалаўда өз-ара тығыз бирге ислесиўди орнатсын және биргеликтеги профилактикалық илажларды өткериў әмелиятын жолға қойсын.
- Мәмлекетлик экология комитетиниң ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықлар ҳаққындағы жумысларды көрип шығыў ҳәм жәрийма салыў ҳуқықына ийе хызметкерлери Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 285-статьясына тийкарланып ҳуқықбузарды ҳәкимшилик жолы менен услап турыў, жеке тексериўден өткериў, оның буйымлары ҳәм транспорт қуралларын көзден өткериў және буйымлар ҳәм ҳүжжетлерди алып қойыў ўәкилликлерине ийе екенлиги мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
- 2022-жыл 1–марттан баслап сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық:
а) мәмлекетлик уйымлар, мәкемелер ҳәм кәрханалар, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳәм көп квартиралы турақ жайлардың мүлк ийелерине олардың ийелигиндеги имарат ҳәм объектлерге тутас (шегаралас) жер участкалары төмендеги шәртлер ҳәм миннетлер менен оларға турақлы пайдаланыў ҳуқықы менен ажыратып бериледи:
жер участкаларын абадан ҳалда сақлаў;
тереклер, путалар, басқа өсимликлер ҳәм нәллер өсириў ҳәм суўғарыў;
жыйнаў-тазалаў жумысларын әмелге асырыў ҳәм шығынды қутыларын орнатыў;
балалар майданшаларын, отырыў орынлары (скамейкалары), түнги жақтыландырыў системасын орнатыў, оңлаў ҳәм сақлаў;
халық ушын пиядалар жолларын қурыў, оңлаў ҳәм зәрүр дәрежеде сақлаў;
б) усы бәнтке тийкарланып турақлы пайдаланыў ҳуқықы менен ажыратып берилетуғын жер участкаларында имарат, объект, өндирислик ҳәм өндирислик емес және жеңил конструкциялы объектлерди орнатыў ҳәм қурыў қадаған етиледи;
в) мәмлекетлик уйымлар, мәкемелер ҳәм кәрханалар, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары және көп квартиралы турақ жайлардың мүлк ийелерине тийисли жер участкаларын турақлы пайдаланыў ҳуқықы менен ажыратып бериў усы бәнттиң «а» ҳәм «б» киши бәнтлеринде нәзерде тутылған талаплар тийкарында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласының ҳәкимликлери тәрепинен белгиленген тәртипте әмелге асырылады;
г) усы бәнтке тийкарланып турақлы пайдаланыў ҳуқықы менен ажыратып берилетуғын жер участкаларында мәмлекетлик уйымлар, мәкемелер ҳәм кәрханалар, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳәм көп квартиралы турақ жайлардың мүлк ийелери тәрепинен белгиленген шәртлер ҳәм миннетлемелериниң орынланыўы үстинен қадағалаў ишки ислер уйымлары жәмийетлик қәўипсизлик хызмети, Миллий гвардияның патрулликке тартылған бөлимлери және экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў уйымлары тәрепинен әмелге асырылады.
- Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласының ҳәкимликлери:
2023-жыл 1-январьға шекем қалалар ҳәм басқа елатлы пунктлерде жайласқан және бос турған абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыўға мөлшерленген жер участкалары тийисли мәмлекетлик уйымлар, мәкемелер ҳәм кәрханалар, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳәм көп квартиралы турақ жайлардың мүлк ийелерине ажыратылыўын;
турақлы түрде қала қурылысы жумысының нәтийжесинде қәлиплескен жаңа абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыўға мөлшерленген жер участкалары белгиленген тәртипте тийисли мәмлекетлик уйымлар, мәкемелер ҳәм кәрханалар, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳәм көп квартиралы турақ жайлардың мүлк ийелерине ажыратылып барылыўын тәмийинлесин.
- Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў уйымларына төмендеги орынланыўы мәжбүрий болған көрсетпелерди киргизиў ҳуқықы берилсин:
мәмлекетлик уйымлар, мәкемелер ҳәм кәрханалар, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳәм көп квартиралы турақ жайлардың мүлк ийелери тәрепинен усы қарардың 9-10-бәнтлерине тийкарланып оларға турақлы пайдаланыў ҳуқықы менен ажыратып берилген жер участкаларында тийисли шәртлер ҳәм миннетлемелердиң орынланыўын тәмийинлеў бойынша;
2023-жыл 1-январьдан баслап Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлери тәрепинен қалалар ҳәм басқа елатлы пунктлерде жайласқан және бос турқан участкалары тийисли мәмлекетлик уйымлар, мәкемелер ҳәм кәрханалар, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳәм көп квартиралы турақ жайлардың мүлк ийелерине ажыратылып барылыўын тәмийинлеў бойынша.
- 2022-жыл 1-февральдан баслап:
ўәлаятлар ҳәм районлар (қалалар) ҳәкимлериниң капитал қурылыс, коммуникациялар ҳәм коммуналлық хожалық мәселелери бойынша орынбасары лаўазымы сапластырылып, қурылыс, коммуникациялар, коммуналық хожалық, экология ҳәм көклемзарластырыў мәселелери бойынша орынбасары лаўазымы киргизилсин;
Ташкент қаласы ҳәм оның районлары ҳәкимлерине архитектура, капитал қурылыс, коммуникацияларды раўажландырыў мәселелери бойынша биринши орынбасары лаўазымы сапластырылып, қурылыс, коммуникацияларды раўажландырыў, экология ҳәм көклемзарластырыў мәселелери бойынша биринши орынбасары лаўазымы киргизилсин.
- Министрлер Кабинети аппараты структурасының Аймақларды комплексли раўажландырыў, коммуникациялар, қурылыс ҳәм турақ жай коммуналлық хожалығы мәселелери секретариятында басқарыў хызметкерлериниң улыўма шекленген саны 3 тен ибарат болған Экологиялық қадағалаў бөлими шөлкемлестирилсин.
Экологиялық қадағалаў бөлиминиң 1 штат бирлиги Министрлер Кабинети аппаратының улыўма штат бирликлери шеңберинде және 2 штат бирлиги мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан қосымша ажыратылыўы есабынан қәлиплестирилетуғыны белгиленсин.
- Мәмлекетлик экология комитети кең жәмийетшилик, илимий-изертлеў институтлары, пуқаралық жәмийети институтлары ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллерин тартқан ҳалда 2022-жыл 1-декабрьге шекем төмендегилерди нәзерде тутатуғын Экологиялық кодекс жойбарын ислеп шықсын ҳәм белгиленген тәртипте Министрлер Кабинетине киргизсин:
Экологияға бюайланыслы нызамшылық ҳүжжетлерин системаластырыў ҳәм ықшамластырыў;
қоршаған орталықты қорғаў тараўында жәмийетлик қадағалаўдың роли ҳәм тәсирин арттырыў;
Био ҳәртүрлиликти сақлаў, тиклеў ҳәм көбейтиўдиң анық механизмлерин ҳәм хошаметлеў системасын енгизиў;
қоршаған орталықты қорғаўда мәмлекетлик шөлкемлер ҳәм пуқаралардың ҳуқықлары менен миннетлери;
экологиялық қадағалаў ҳәм мониторинг түрлерин әмелге асырыў тәртиби, соның ишинде, «жасыл экономиканы» хошаметлеў илажлары;
экологиялық экспертизаны әмелге асырыў тәртиби.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 3-октябрьдеги «Экология ҳәм қоршаған ортлықты қорғаў тараўында мәмлекетлик басқарыў системасын жетилистириў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы ПҚ-3956-санлы қарары 3-бәнтиниң екинши-төртинши абзацлары ҳәм 4-бәнти, сондай-ақ, оған 1-5-қосымшалар өз күшин жойытқан деп есаплансын.
- Мәмлекетлик экология комитети еки ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Минитсрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2021-жыл 30-декабрь