Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы
Халықтың турмыс дәрежесин арттырыўға қаратылған илажлардың избе-излигин тәмийинлеў ҳәм пуқаралардың дәраматларын арттырып барыў мақсетинде:
- 2023-жыл 1-апрельден баслап пенсиялар ҳәм напақалардың муғдары 7 процентке арттырылсын.
- 2023-жыл 1-апрельден баслап Өзбекстан Республикасы аймағында:
пенсияны есаплаўдың базалық муғдары – айына 347 000 сум;
жасқа байланыслы ең аз пенсия муғдары – 677 000 сум;
майыплық пенсиялары, соның ишинде мийнет стажы толық болмаған майыплық пенсиясының ең аз муғдары – айына 747 000 сум;
мийнетке жарамсыз пуқараларға берилетуғын майыплық напақасы ҳәм балалықтан майыплығы болған шахсларға берилетуғын напақа муғдары – айына 747 000 сум;
1941-1945-жыллардағы урыс ақыбетинде майып болған шахслар ҳәм оның қатнасыўшылары, сондай-ақ, фашистлер концлагерлериниң жас өспирим бурынғы тутқынлары ҳәм Ленинград қаласы қамал етилген дәўирде ислеген шахслардың ең аз пенсия муғдары үстемелерди инабатқа алған ҳалда – айына 3 296 000 сум;
белгиленген жасқа байланыслы ең аз пенсия муғдарынан (677 000 сумнан) 747 000 сумға шекем пенсия алыўшылардың жасқа байланыслы пенсияларының муғдары – айына 747 000 сум;
зәрүр жумыс стажына ийе болмаған кексе жастағы пуқараларға берилетуғын напақа муғдары – айына 535 000 сум;
мийнет стажы толық болмаған ўақыттағы жасқа байланыслы пенсияның ең аз муғдары қосымша төлемди есапқа алған ҳалда – айына 535 000 сум;
басқалардың күтимине мүтәж майыплығы болған 18 жасқа шекемги балалардың тәрбиясы менен бәнт болған баланың ҳуқықый ўәкилине берилетуғын напақа муғдары – айына 535 000 сум;
бағыўшысын жойытқанлық напақасын алыўшылардың бир мийнетке жарамсыз шаңарақ ағзасы ушын напақа муғддары – айына 535 000 сум етип белгиленсин ҳәм кейинги ҳәр бир мийнетке жарамсыз шаңарағ ағзасы ушын – 198 000 сум қосылсын;
бағыўшысын жойытқанлық пенсиясын алыўшылардың бир мийнетке жарамсыз шаңарақ ағзасы ушын пенсияның ең аз муғдары – айына 535 000 сум етип белгиленсин ҳәм кейинги ҳәр бир мийнетке жарамсыз шаңарақ ағзасы ушын әмелдеги тәртипке муўапық пенсия төленсин.
- 2023-жыл 1-майдан баслап бюджет шөлкемлери хызметкерлериниң мийнет ҳақысы муғдары 7 процентке арттырылсын.
- 2023-жыл 1-майдан баслап Өзбекстан Республикасы аймағында:
мийнетке ҳақы төлеўдиң ең аз муғдары – айына 980 000 сум;
базалық есаплаў муғдары – айына 330 000 сум етип белгиленсин.
- Бюджет шөлкемлери хызметкерлериниң мийнет ҳақыларын арттырыўға байланыслы қәрежетлер – Өзбекстан Республикасының «2023-жыл ушын Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджети ҳаққында»ғы Нызамына муўапық мийнет ҳақы, пенсия, стипендиялар ҳәм напақалар муғдарын, сондай-ақ, айырым хызмет түрлери бойынша тарифлерди арттырыў менен байланыслы қәрежетлер ушын ажыратылған бюджет қаржылары есабынан;
пенсиялар ҳәм напақалардың муғдарларын арттырыў менен байланыслы қәрежетлер – Мәмлекетлик бюджет сондай-ақ, Экономика ҳәм қаржы министрлиги жанындағы бюджеттен тысқары Пенсия қорының қаржылары есабынан қапланатуғыны белгиленсин.
- Усы Пәрманның талапларын орынлаў ушын талап етилетуғын қосымша қаржылар Өзбекстан Республикасының республикалық бюджет қәрежетлерин арттырыў есабынан қаржыландырылсын.
Жумыс бериўшилерге мийнет ҳақы муғдарын нызамшылық ҳүжжетлеринде белгиленген мийнетке ҳақы төлеўдиң ең аз муғдарынан аз болмаған ҳалда төлеўди тәмийинлеп, мийнет ҳақы муғдарын мийнетке ҳақы төлеўдиң ең аз муғдарына муўапық арттырыў усыныс етилсин.
- Экономика ҳәм қаржы министрлиги:
Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги менен биргеликте усы Пәрманның мақсети, ўазыйпалары ҳәм оннан күтилип атырған нәтийжелерди ғалаба хабар қураллары, Интернет ҳәм социаллық тармақларда кеңнен сәўлелендириў жумысларын шөлкемлестирсин;
мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүдетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Усы Пәрманның орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип экономика ҳәм қаржы министри Ш.Д.Кудбиев белгиленсин.
Пәрманның орынланыўын додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер шөлкемлердиң жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Бас министрдиң орынбасары Ж.А.Қўчқоровқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2023-жыл 28-март