Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 8-октябрьдеги ПП-5847-санлы Пәрманы менен тастыйықланған Өзбекстан Республикасы жоқары билимлендириў системасын 2030-жылға шекем раўажландырыў концепциясында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын избе-из тәмийинлеў, сондай-ақ, жоқары билимлендириў мәкемелериниң еркинлигин кеңейтиў, олардың жумысында мәмлекетлик ҳәкимшилик басқарыўды кескин азайтыў ҳәм де бул арқалы өзгермели мийнет базары талапларына жуўап бере алатуғын жоқары квалификациялы кадрлар таярлаўшы мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелерин қәлиплестириў мақсетинде:

  1. 2022-2023-оқыў жылынан баслап финанслық еркинлик берилген мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелеринетөмендеги қосымша ўәкилликлер берилсин:

а) академиялық еркинлик тараўында:

оқыў режелери, оқыў бағдарламалары, квалификация талапларын кәсиплик стандартлар тийкарында тастыйықлаў, тәлим тилин ҳәм тәлим бағдарлары менен қәнигеликлериниң өзгешеликлерин инабатқа алған ҳалда билим алыў формасын белгилеў;

бакалавриат тәлим бағдарлары ҳәм магистратура қәнигеликлери ушын оқыў даўамлылығы мүддетлерин белгилеў;

докторантурада төлем-контракт тийкарында оқыў баҳасын белгилеў, бюджеттен тысқары қаржылар есабынан грант ажыратыў арқалы докторантураға таңлаў тийкарында квотаға қосымша түрде қабыл етиў;

докторант ҳәм өз бетинше излениўшилерге илимий басшылық етиў тәртибин тастыйықлаў;

магистратура басқышында билимлендириўдиң сыртқы, аралық ҳәм кешки түрлерин енгизиў, тәлим бағдарлары ҳәм қәнигеликлер бойынша қос квалификациялар, соның ишинде, әмелий квалификациялар бериў системасын енгизиў;

өз-ара келисимлер тийкарында жоқары билимлендириў мәкемелери менен академиялық мобилликти әмелге асырыў;

жоқары билимлендириў мәкемеси ҳәм оның структурасындағы билимлендириў мәкемелери ушын өз грифи тийкарында сабақлықлар менен басқа да оқыў ҳәм илимий әдебиятларды жаратыў ҳәм баспадан шығарыў;

билимлендириўдиң сапасын ишки қадағалаў механизмлерин белгилеў ҳәм енгизиў;

б) шөлкемлестириў-басқарыўдағы еркинлик тараўында;

жумысының тийкарғы бағдары билимлендириў, илим, оның нәтийжелерин енгизиў ҳәм коммерцияластырыў менен байланыслы болған, мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан қаржыладырылмайтуғын структуралық дүзилислер, коммерциялық ҳәм коммерциялық емес шөлкемлерди дүзиў;

жоқары билимлендириў мәкемелери ушын белгиленген нормативлерге қарамастан мәкемениң структурасын тастыйықлаў ҳәм штат бирликлери санын белгилеў;

мийнет базарындағы зәрүрликтен келип шығып, жаңа тәлим бағдарлары ҳәм қәнигеликлерин ашыў, әмелдеги тәлим бағдарлары ҳәм қәнигеликлерди сапластырыў;

педагог ҳәм басқа хызметкерлерди жумысқа қабыл етиў, жумыстан босатыў ҳәм ишки ротациясына байланыслы тәртипти белгилеў;

сырт мәмлекеттиң пуқараларын төлемли-контракт тийкарында оқыўға қабыл етиў ҳәм аралықтан билим алыў түринде оқытыўды шөлкемлестириў.

Усы пунктте нәзерде тутылған ўәкилликлер жоқары билимлендириў мәкемелери тәрепинен нызамшылық ҳүжжетлери талапларына муўапық еркин түрде әмелге асырылатуғыны белгиленсин.

  1. Министрлер Кабинетиниң төмендеги усынысларына келисим берилсин:

а) Министрлер Кабинети, министрлик (ведомство)лердиң төмендеги ўәкилликлерин билимлендириў мәкемелерине өткериў:

сырт ел пуқараларының оқыўын сырт ел жоқары билимлендириў мәкемелеринен республика мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелерине көшириў;

жоқары билимлендириў мәкемеси қабыллаў комиссиясының баслығы ҳәм жуўаплы хаткерин, сондай-ақ, жоқары билимлендириў мәкемеси тәрепинен өткерилетуғын имтиханлар бойынша қабыллаў комиссиясының баслығы ҳәм ағзалары, имтиханлар кестеси, имтихан алынатуғын пәнлер бағдарламалары ҳәм баҳалаў критерияларын тастыйықлаў;

жоқары, орта арнаўлы ҳәм профессионал билимлендириў мәкемелеринде билим алыўшылардың әмелиятты өтеў тәртибин тасыйықлаў ҳәм оны шөлкемлестириў;

жоқары, орта арнаўлы ҳәм профессионал билимлендириў мәкемелеринде ишки тәртип қағыйдалары, соның ишинде, билим алыўшылардың кийимине байланыслы талапларды белгилеў.

б) Министрлер Кабинетиниң жоқары, орта арнаўлы ҳәм профессионал билимлендириў тараўындағы төмендеги ўәкилликлерин Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигине (кейинги орынларда ­ Министрлик) өткериў:

жоқары, орта арнаўлы ҳәм профессионал билимлендириў мәкемелеринде оқытылатуғын тәлим бағдарлары, қәнигеликлер ҳәм кәсиплер дизимин тастыйықлаў;

бакалавриат тәлим бағдарлары ҳәм магистратура қәнигеликлери бойынша оқыў даўамлылығының ең аз мүддетлерин белгилеў;

кешки, сыртқы ҳәм аралықтан билимлендириў түри енгизилмейтуғын бакалавриат тәлим бағдарлары ҳәм магистратура қәнигеликлерин белгилеў;

сабақлықлар, оқыў ҳәм илимий әдебиятларды таярлаў, баспадан шығарыў тәртибин, сондай-ақ, оларды жеткерип бериўге ҳәм олардан билимлендириў шөлкемлеринде пайдаланыўға қойылатуғын талапларды белгилеў;

билимлендириў мәкемелерине қаратылған материаллық-техникалық, инфраструктуралық ҳәм параметрлик талапларды белгилеў;

в) илимий кеңес ағзаларының ярымынан көбиси усы кеңести дүзген билимлендириў мәкемеси (илимий шөлкем)нде жумыс алып барыўшы илимпазлардан ибарат болыўы ҳаққындағы талапты бийкар етиў.

  1. 2022-жыл 1-январьдан баслап финанслық еркинлик берилген мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелеринде қәўендерлик кеңеслери сапластырылсын ҳәм қурамының кеминде 70 проценти тийисли министрлик, ведомстволар, кадрлар буйыртпашылары, жәмийетшилик ўәкиллери ҳәм қәўендерлерден ибарат болған юридикалық тәреп статусысыз жоқары билимлендириў мәкемелериниң Бақлаў кеңеслери шөлкемлестирилсин.

Бақлаў кеңеси қурамы системасында жоқары билимлендириў мәкемеси бар тийисли министрлик (ведомство) тәрепинен тастыйықланатуғыны;

финанслық еркинлик берилген мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемесиниң ректоры Бақлаў кеңеси тәрепинен лаўазымға тайынланатуғыны ҳәм лаўазымынан босатылатуғыны белгилеп қойылсын;

Бақлаў кеңеси өз ўәкилликлерин жоқары билимлендириў мәкемеси кеңесине тапсырыўға, сондай-ақ, жоқары билимлендириў мәкемеси кеңесине кириўши ўәкилликлерди өз жуўапкершилигине алыўға ҳақылы.

  1. Министрлик мәмлекетлик ҳәм мәмлекеттиң үлеси бар жоқары билимлендириў мәкемеси ректоры (директоры) лаўазымына талабанлар резервин қәлиплестиретуғыны, сондай-ақ, талабанлар ҳәм ректор (директор)лардың басқарыў қәбилетин раўажландырыў, билимлендириўдиң сапасын арттырыў, усыныс етилип атырған академиялық, финанслық ҳәм шөлкемлестириў-басқарыў еркинлигинен нәтийжели пайдаланыў темаларында шөлкемлестирилетуғын мақсетли қәнигелик арттырыў курсларында оқыўын шөлкемлестиретуғыны белгиленсин.
  2. Министрлик системасында жоқары билимлендириў мәкемеси бар министрлик (ведомство)лер менен биргеликте:

еки ай мүддетте мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелериниң халықаралық илимий-техникалық мағлыўматлар базаларына турақлы ағзалығын тәмийинлесин ҳәм олардан студент, изертлеўши ҳәм оқытыўшылардың бийпул пайдаланыўын жолға қойсын;

2022-жылдың ақырына шекем барлық мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелери китапхана фондындағы оқыў әдебиятларының толық электрон формаға өткерилиўин тәмийинлесин ҳәм Министрлик жанында бирден-бир «Электрон китапхана» платформасын иске түсирсин.

«Электрон китапхана» платформасын ислеп шығыў ҳәм жүргизиў Жоқары билимлендириў мәкемелерин раўажландырыў қорының қаржылары есабынан әмелге асырылатуғыны белгиленсин.

  1. Министрлик тәрепинен жоқары билимлендириў мәкемелеринде есабатларды таярлаўдың қағаз формасынан ўаз кешиў ҳәм билимлендириў мәкемесиниң жумысын автоматластырыў бойынша Жәҳән банки менен биргеликте Жоқары билимлендириў процесслерин басқарыў мәлимлеме системасы(кейинги орынларда ­ Мәлимлеме системасы) ислеп шығылып атырғаны мағлыўмат ушын қабыл етилсин.

Министрлик Билимлендириўдиң сапасын қадағалаў мәмлекетлик инспекциясы ҳәм системасында жоқары билимлендириў мәкемелери бар министрлик (ведомство)лер менен биргеликте:

а) биринши басқышта ­ 2022-жыл 1-мартқа шекем:

Мәлимлеме системасының «Оқыў процесин басқарыў» бөлимин енгизсин. Онда жоқары билимлендириў мәкемесиниң академиялық жумысы, атап айтқанда, студенттиң қатнасыў есабаты, өзлестириў регистрациясы ҳәм рейтинг дәптершеси, сондай-ақ, топар журналы, сабақ ҳәм имтихан кестелери санластырылады;

Мәлимлеме системасының «Илимий процессти басқарыў» бөлимин енгизсин. Онда профессор-оқытыўшылардың илимий жойбарлары, мақалалары, илимий-методикалық басылымлары, илимий излениўшилер ҳаққындағы мағлыўматлар базасы қәлиплестириледи ҳәм профессор-оқытыўшылар ҳәм кафедралардың илимий потенциалын баҳалаў мәселелери автоматластырылады;

Мәлимлеме системасының «Ҳәкимшилик процессти басқарыў» бөлимин енгизсин. Онда жоқары билимлендириў мәкемесиниң структурасы, басқарыў кадрлары, профессор-оқытыўшылар қурамы ҳәм студентлер ҳаққындағы мағлыўматларды жүргизиў ҳәм тийисли есабатларды таярлаў санластырылады;

Мәлимлеме системасының «Финанс-хожалық жумысын басқарыў» бөлимин енгизсин. Онда төлем-шәртнамалар электрон көринисте усынылады, стипендия төлемлери ҳаққындағы мағлыўматлар система арқалы әмелге асырылады;

б) екинши басқышта ­ 2022-жыл 1-майға шекем Мәлимлеме системасының «Билимлендириўдиң сапасын қадағалаў» бөлимин енгизсин. Онда билимлендириўдиң сапасы бойынша жоқары билимлендириў мәкемелери көрсеткишлериниң мағлыўматлар базасы қәлиплестириледи ҳәм жоқары билимлендириў мәкемелериниң миллий рейтингин жүргизиў автоматластырылып билимлендириў сапасының мониторингин аралық формада алып барыў имканияты жаратылады;

Төмендегилер белгиленсин:

Мәлимлеме системасы 2021-2022-оқыў жылынан баслап оқыўға қабыл етилген студентлерди толық қамтып алған ҳалда басқышпа-басқыш енгизиледи;

билимлендириў процесслерин басқарыўдың басқа дәстүрий тәмийнатына ийе жоқары билимлендириў шөлкемлери ушын Министрлик ҳәм Билимлендириўдиң сапасын қадағалаў мәмлекетлик инспекциясы тәрепинен белгиленген талаплар бойынша өз системасының Мәлимлеме системасына интеграциялаўы мәжбүрий есапланады;

Билимлендириўдиң сапасын қадағалаў мәмлекетлик инспекциясы Мәлимлеме системасынан тегин пайдаланады ҳәм оған билимлендириўдиң сапасын мониторинг етиў, атап айтқанда, студент, докторант ҳәм профессор-оқытыўшылар арасында социаллық сораў өткериў имканияты жаратылады;

Мәлимлеме системасын енгизиў ҳәм оның жумыс алып барыўын тәмийинлеўге байланыслы қәрежетлер жоқары билимлендириў мәкемелериниң қаржылары, техникалық қоллап-қуўатлаў ҳәм жетилистириў қәрежетлери Жоқары билимлендириў мәкемелерин раўажландырыў қорының қаржылары есабынан қапланады;

мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелерине Мәлимлеме системасын енгизиў ҳәм оған хызмет көрсетиў бойынша Министрлик системасындағы шөлкемлер менен тиккелей шәртнама дүзиўге руқсат бериледи.

  1. Билимлендириўдиң сапасын қадағалаў мәмлекетлик инспекциясы үш ай мүддетте, атап айтқанда, төмендегилерди нәзерде тутатуғын Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Блимлендириўдиң сапасын тәмийинлеў ҳәм қадағалаўдың нәтийжели механизмлерин енгизиў ҳаққынд»ғы қарары жойбарын ислеп шықсын:

билимлендириў шөлкемлерин аккредитациялаўдың институционаллық ҳәм арнаўлы (тәлим бағдарлары, қәнигелик түрлери ҳәм басқалар бойынша) түрлерин енгизиў;

билимлендириўдиң сапасын тәмийинлеў ҳәм қадағалаў процесине мәмлекетлик емес шөлкемлерди тартыў ҳәм абырайлы халықаралық аккредитациядан өткен билимлендириў шөлкемин гезектеги мәмлекетлик аккредитациядан азат етиў;

билимлендириўдиң сапасын қадағалаўда «қәўип-таллаў» системасын енгизиў ҳәм де үйрениўлер қамтыўы, даўамлылығы ҳәм дәўирлилигин билимлендириў сапасының өзгериўи дәрежесине қарап белгилеў;

жоқары билимлендириў мәкемелерине берилип атырған академиялық еркинликти инабатқа алған ҳалда Билимлендириўдиң сапасын қадағалаў мәмлекетлик инспекциясы ўәкилликлерин қайта көрип шығыў.

  1. Өзбекстан Республикасы Президентиниң ҳәм Өзбекстан Республикасы ҳүкиметиниң айырым қарарлары қосымшаға муўапық өз күшин жойытқан деп есаплансын.
  2. Министрлик үш ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  3. Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министри А.Х.Тошқулов ҳәм системасында жоқары билимлендириў мәкемеси бар министрликлер менен ведомстволардың басшылары белгиленсин.

Қарардың орынланыўын талқылап барыў, орынлаў ушын жуўапкер мәкемелердиң жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқап ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи А.А.Абдувахитовқа жүкленсин.

Әмелге асырылып атырған илажлардың нәтийжелилиги бойынша Өзбекстан Республикасы Президентине 2022-жыл 1-июль ҳәм 2023-жыл 1-январьға шекем мәлимлеме берилсин.

 

Өзбекстан Республикасы

      Президенти                                Ш.МИРЗИЁЕВ

 

Ташкент қаласы,

2021-жыл 24-декабрь