Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 25-январьдағы «Республика атқарыў ҳәкимияты уйымларының жумысын нәтийжели жолға қойыўға байланыслы биринши гезектеги шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы ПП-14-санлы Пәрманының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде:
- Төмендегилер:
Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги жумысының тийкарғы бағдарлары 1-қосымшаға муўапық;
Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги системасы шөлкемлерин қайта тиклеў бойынша илажлар режеси 2-қосымшаға муўапық;
Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлигиниң шөлкемлестириў структурасы 3-қосымшаға муўапық;
Мәмлекетлик активлерди басқарыў тараўында реформаларды тереңлестириў ҳәм системаның жумысын трансформациялаў бойынша «жол картасы» 4-қосымшаға муўапық;
«Мәмлекетлик мүлк» мәлимлеме системасына интеграцияланатуғын министрлик ҳәм уйымлардың мәлимлеме системаларының дизими 5-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- 2023-жыл 1-майдан баслап, мәмлекетлик мүлк есабын жүргизиў, оның толықлығы ҳәм дурыслығын тәмийинлеўдиң төмендеги тәртиби енгизилсин:
республика мүлки болған мәмлекетлик көшпес мүлклер ҳәм мәмлекетлик акция пакетлери (үлеслери) Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлигине өткериледи, оған Стратегиялық реформалар агентлиги, Тиклениў ҳәм раўажланыў қорына тийисли үлеслер сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарарларында нәзерде тутылған жағдайлар кирмейди;
мәмлекетлик мәкемелер ҳәм мәмлекет қатнасыўындағы кәрханаларды шөлкемлестириў, сондай-ақ, мәмлекетлик үлестиң пайда болыўы ҳәм муғдарының өзгериўи менен байланыслы шөлкемлестириў ҳүжжетлерине киргизилетуғын өзгерислерди мәмлекетлик дизимнен өткериў Давактив агентлигиниң тийисли буйрығы бар болғанда әмелге асырылады;
мәмлекетлик көшпес мүлк объекти ҳәм бос жер участкалары тийкарында әмелге асырылатуғын мәмлекетлик-жеке меншик шериклик жойбарлары ҳаққындағы мағлыўматлар мәмлекет шериги тәрепинен тийисли келисим дүзилгеннен соң он күн мүддетте «Мәмлекетлик мүлк» мәлимлеме системасына киргизиледи;
министрлик ҳәм уйымлар, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының мәмлекетлик көшпес мүлки тийкарында инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў ҳәм оларды алыў сондай-ақ, мәмлекеттиң қатнасындағы кәрханалар ҳәм олардың системасындағы кәрханаларға үшинши шахслар тәрепинен инвестиция киргизиўге байланыслы келисимлери (келисим, шәртнама, меморандумлар) бойынша мәжбүрий тәртипте Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлигиниң жуўмағы алынады.
- 2023-жыл 1-июльден баслап мәмлекеттиң қатнасындағы кәрханаларда заманагөй корпоратив басқарыў системасын енгизиў, олардың жумыс нәтийжелилигин арттырыў ҳәм дивидент сиясатын жетилистириў мақсетинде:
мәмлекет қатнасындағы кәрханалардың басшысы ҳәм оның орынбасарларын тайынлаў (сайлаў) таңлаў тийкарында әмелге асырылатуғыны, оған Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарарларында нәзерде тутылған жағдайлар кирмейтуғыны;
мәмлекет қатнасындағы кәрханалардың жумысы ҳаққындағы нызамшылық ҳүжжетлеринде белгиленген мағлыўмат «Мәмлекетлик мүлк» мәлимлеме системасына өз ўақытында берилмегенде олардың атқарыў уйымы басшыларының хошаметлениўине жол қойылмайтуғыны;
мәмлекет үлеси бойынша дивидент муғдары кәрхананың инвестициялық жойбарлары, бизнес-реже көрсеткишлери ҳәм қаржы жағдайынан келип шыққан ҳалда мәмлекет қатнасындағы кәрханалардың мәмлекетлик үлеси бойынша сайланған бақлаў кеңеси ағзалары тәрепинен Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги менен келисилген ҳалда акционерлер (қатнасыўшылар)диң улыўмалық мәжилисине усыныс етилетуғыны белгиленсин.
- 2023-жыл 1-июльден баслап, мәмлекетлик уйымлар ҳәм мәкемелер, мәмлекет қатнасындағы кәрханалар ҳәкимшилик имаратларынан хызметкерлер ушын белгиленген нормадан келип шығып, нәтийжели пайдаланыў тәртиби енгизилсин.
Онда, мәмлекетлик уйымлар ҳәм мәкемелер, мәмлекет қатнасындағы кәрханалардың ҳәкимшилик имаратларында коммерциялық шөлкемлерди «ноль»лик ставкада ямаса тиккелей жайластырыўға жол қойылмайды, бул имаратлардың бос майданлары ижараға бериў ушын электрон онлайн-аукцион саўдаларына шығарылады ҳәм ижара шәртнамалары салық уйымларының «E-ijara» электрон системасында дизимнен өткериледи.
- Мәмлекетлик активлер, оларды басқарыў ҳәм меншиклестириў ҳаққында жәмийетшиликти хабардар етиўдиң төмендеги жаңа системасы енгизилсин:
мәмлекетлик көшпес мүлк объектлери, мәмлекетлик үлес, мәмлекетлик унитар кәрханалар ҳәм мәмлекетлик мәкемелер сондай-ақ, оларға тийисли автотранспорт қураллары ҳаққындағы мағлыўматлар Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлигиниң рәсмий веб-сайтында реал ўақыт режиминде жәрияланады, нызамшылықта белгиленген жағдайлар оған кирмейди;
мәмлекет қатнасындағы кәрханалардың экономикадағы орны ҳәм үлеси, қаржы нәтийжелери, бизнес-реже көрсеткишлериниң орынланыўы ҳәм басқа да әҳмийетли мәлимлемелерди өз ишине алатуғын мәмлекет қатнасындағы кәрханалардың топланған есабаты ҳәр жылы 1-августқа шекем Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлигиниң рәсмий веб-сайтында жәрияланады;
2023-жыл 1-октябрьге шекем «Мәмлекетлик мүлк объектлери менен саўдаларды өткериў ҳаққындағы мағлыўматларды жайластырыў порталы» жаратылады, онда барлық мәмлекетлик мүлк объектлерин саўдаға шығарыў ҳәм оның нәтийжелери ҳаққындағы мәлимлемелер жайластырылады сондай-ақ, бул система салық уйымларының мәлимлеме системасына интеграцияланады.
- «E-auksion» электрон саўда платформасында:
жеке меншик мүлк ийелериниң буйыртпасына тийкарланып олардың мүлклерин әпиўайыластырылған тәртип ҳәм мүддетлерде сатыў бойынша саўдалар өткерилетуғыны;
2023-жыл 1-сентябрьден баслап мәмлекет қатнасындағы кәрханалардың бос пул қаржыларын депозитке жайластырыў бойынша коммерциялық банклер арасында процент артып барыў тәризинде банк капиталының жетерли екенлиги, банк капиталының оның миннетлемелерине қатнасы, ликвидлик коэффициенти сыяқлы шәртлерди нәзерде тутқан ҳалда аукцион саўдалары өткерилетуғыны белгиленсин.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2023-жыл 24-март