Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Елимизде мәмлекетлик үлеси бар хожалық жәмийетлери ҳәм мәмлекетлик унитар кәрханаларда (кейинги орынларда – мәмлекет қатнасыўындағы кәрханалар) корпоратив басқарыўды енгизиў, олардың операциялық нәтийжелилигин арттырыў ҳәм ашық-айдынлығын тәмийинлеў бойынша системалы жумысларды даўам еттириў, сондай-ақ, мәмлекет қатнасыўындағы кәрханалардың базар механизмлерине өтиўин жеделлестириў мақсетинде:
- 2023-2025-жылларда реформаланатуғын ҳәм операциялық нәтийжелилиги арттырылатуғын мәмлекет қатнасыўындағы ири кәрханалар дизими қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Стратегиялық реформалар агентлигине (кейинги орынларда – Стратегиялық реформалар агентлиги) усы кәрханаларды реформалаў ўазыйпасы жүкленсин.
- Стратегиялық реформалар агентлиги «UzAssets» инвестициялық компаниясы» АЖ (кейинги орынларда – «UzAssets» инвестициялық компаниясы) ҳәм усы қарарға қосымшада көрсетилген мәмлекет қатнасыўындағы кәрханаларда мәмлекетлик акция пакети (үлеси) бойынша акционер (қатнасыўшы) функциясын әмелге асыратуғыны;
усы қарарға қосымшада көрсетилген мәмлекет қатнасыўындағы кәрханалар устав капиталындағы мәмлекетлик акция пакетлери (үлеслери) «UzAssets» инвестициялық компаниясы басқарыўына берилетуғыны;
«UzAssets» инвестициялық компаниясы тәрепинен оған басқарыўға берилген кәрханалардың атқарыўшы уйымы ҳәм бақлаў кеңеси ағзаларын тайынлаў ҳәм сап пайданы бөлистириў мәселелери бойынша қарарлар белгиленген тәртипте келисилген ҳалда қабыл етилетуғыны;
«UzAssets» инвестициялық компаниясы тәрепинен халықаралық консалтинг аудиторлық ҳәм инвестиция кеңесгөйлери, инвестиция банклери ҳәм басқа да қәнигелескен компанияларды тартыў ең жақсы усынысларын таңлап алыў тийкарында әмелге асырылатуғыны. Онда, олар менен дүзилетуғын шәртнамаларды экспертизадан өткериў талап етилмейтуғыны;
мәмлекетлик хызметкерлер мәмлекет қатнасыўындағы кәрханалар бақлаў кеңесиниң қурамына киргизилиўи мүмкин екени, бул кәрханалардың жумысын лицензиялаў, тәртипке салыў және олардың финанс-хожалық жумысын тексериў ўазыйпалары жүкленген мәмлекетлик уйымлардың хызметкерлери (мәмлекетлик уйымлардың басшылары ҳәм олардың орынбасарларынан тысқары) оған кирмейтуғыны;
басқарылатуғын инвестициялық активлер орташа жыллық баҳасының кеминде 5 проценти муғдарында өз материаллық активлерине ийе болыў ҳаққындағы талап «UzAssets» инвестициялық компаниясына байланыслы енгизилмейтуғыны белгиленсин.
- Стратегиялық реформалар агентлигиниң «UzAssets» инвестициялық компаниясына төмендеги қосымша ўазыйпаларды жүклеў ҳаққындағы усынысы мақуллансын:
экономика ушын айрықша әҳмийетке ийе болған ири кәрханаларды реформалаў, соның ишинде, экологиялық, социаллық ҳәм корпоратив басқарыў (ESG) принциплерин енгизиў ҳәм жеке меншик секторды тартыў;
кәрханалардың рентабельлиги ҳәм операциялық нәтийжелилигин арттырыў, финанслық турақлылығын тәмийинлеў ҳәм бизнес-процесслерди оптималластырыў;
Экономикалық бирге ислесиў ҳәм раўажланыў шөлкеминиң корпоратив басқарыў бойынша усынысларын енгизиў арқалы өзине басқарыўға берилген кәрханалардың нәтийжели басқарылыўын ҳәм турақлы раўажланыўын тәмийинлеў және олардың баҳасын ҳәм инвестициялық тартымлылығын арттырыў;
өзине басқарыўға берилген кәрханалардың атқарыўшы уйымы ҳәм бақлаў кеңесине жергиликли ҳәм сырт елли маман менеджерлерди тартыў.
- Стратегиялық реформалар агентлиги ҳәм «UzAssets» инвестициялық компаниясының мәмлекет қатнасыўындағы кәрханаларды реформалаў ҳәм басқарыўға байланыслы қәрежетлерди қаржыландырыў дәреклери етип төмендегилер белгиленсин:
усы қарарға қосымшада келтирилген мәмлекет қатнасыўындағы кәрханалар тәрепинен мәмлекетлик үлеси бойынша есапланған дивидендлер (нызам ҳүжжетлерине тийкарланып Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетине өткерилетуғын бөлеги буған кирмейди);
Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Стратегиялық реформалар агентлигин қоллап-қуўатлаў қорының қаржылары;
нызамшылық ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклер.
- Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги, тийисли министрликлер ҳәм уйымлар менен еки ҳәпте мүддетте усы қарарда нәзерде тутылған өзлерине тийисли акция пакетлери (үлеслери) Стратегиялық реформалар агентлигине өткерилиўин тәмийинлесин.
- Стратегиялық реформалар агентлиги (Ш.Вафаев):
а) бир ай мүддетте:
«UzAssets» инвестициялық компаниясының шөлкемлестириўшилик структурасы ҳәм ишки корпоратив ҳүжжетлерин тастыйықласын, атқарыўшы уйым ҳәм бақлаў кеңесиниң қурамын қәлиплестирсин;
«UzAssets» инвестициялық компаниясы тәрепинен оған басқарыўға берилген ҳәр бир кәрханаға консультантлар тартылыўын тәмийинлесин ҳәм кәрханаларды реформалаў графигин тастыйықласын;
Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги менен биргеликте нызамшылық ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққындағы усынысларын киргизсин;
б) еки ай мүддетте «UzAssets» инвестициялық компаниясының нәтийжелилик әҳмийетли көрсеткишлерин незерде тутқан ҳалда, оның бизнес режесин тастыйықласын;
в) 2023-жыл 1-июльға шекем «UzAssets» инвестициялық компаниясы тәрепинен оған басқарыўға берилген кәрханалардың бизнес-режелери қайта көрип шығылыўын тәмийинлесин.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының басшысы С.У.Умурзаковқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2023-жыл 1-март