Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Кейинги жыллары елимизде «Инсан қәдири ушын» деген идея тийкарында ҳәр бир пуқара еркин ҳәм абадан жасайтуғын Жаңа Өзбекстанды қурыў мақсетинде халқымыздың әзелий арзыў-нийетлерине үнлес ҳалда кең көлемли реформалар алып барылмақта.

Алдымызға қойған бундай уллы ўазыйпаны әмелге асырыўда биз, бәринен бурын, әййемги тарийхымыз ҳәм бай мәдениятымызға, жоқары адамгершилик принциплерин өзинде жәмлеген миллий ҳәм диний қәдириятларымызға сүйениўимиз тәбийғый. Әсиресе, ел-халқымыз бәрқулла әрманлап, үлкен қуўаныш пенен күтип алатуғын, жәмийетимизде тынышлық, дослық, мийрим-шәпәәт ҳәм кеңпейиллик орталығын беккемлеўге хызмет ететуғын муқаддес Рамазан айының бул бағдарда айрықша орны ҳәм әҳмийети бар екенлигин атап өтиў зәрүр.

Пүткил дүнья мусылманлары қатары халқымыз ушын жақсылық,  сақаўат, уллылық ҳәм шүкиршилик тымсалы болған мүбәрек Рамазан айын мүнәсип күтип алыў ҳәм жоқары дәрежеде өткериў, диний-ағартыўшылық, мәдений қәдириятларымызды қәстерлеп сақлаў ҳәм улығлаў мақсетинде:

  1. 2023-жыл мүбәрек Рамазан айының басланыўы 23-март күнине туўра келиўи ҳаққындағы Өзбекстан мусылманлары мәкемесиниң мәлимлемеси мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
  2. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери Дин ислери бойынша комитет ҳәм бирге ислесиўши шөлкемлер менен биргеликте Рамазан айын миллий дәстүр ҳәм қәдириятларға сәйкес ҳәм мүнәсип түрде өткериўге байланыслы илажларды әмелге асырсын.

Аймақларда Рамазан айының мазмун-мәнисинде жәмленген адамгершилик, инсан қәдирин улығлаў, жақсылық ҳәм меҳир-сақаўат сыяқлы пазыйлетлерди көрсететуғын, ҳәзирги күнги тыныш ҳәм татыў турмысымызды қәдирлеў, шаңарақ ҳәм мәҳәллелерде, пүткил елимизде мийрим-шәпәәт, өз-ара ҳүрмет орталығын беккемлеў, кем тәмийинленген, социаллық қорғаўға мүтәж адамларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға қаратылған илажларды шөлкемлестириўге айрықша итибар қаратылсын.

  1. Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги ҳәм басқа да ғалаба хабар қуралларына Рамазан айын өткериўге байланыслы илажларды кеңнен сәўлелендириў усыныс етилсин.
  2. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи М.М.Камиловқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                     Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2023-жыл 21-март