Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Кейинги жылларда экономикада мәмлекеттиң қатнасын қысқартыў, мәмлекетлик активлерди меншиклестириў арқалы жеке меншик мүлкшиликти кеңейтиў, нәтийжесиз жумыс алып барып атырған ҳәм перспективасыз кәрханаларды сапластырыў бойынша системалы реформалар әмелге асырылмақта.
Атап айтқанда, кейинги үш жылда устав фондында мәмлекетлик үлеси бар 300 ге шамалас хожалық жәмийетлери ҳәм мәмлекетлик унитар кәрханалары (кейинги орынларда – мәмлекет қатнасыўындағы кәрханалар) ҳәм 1 600 ден аслам көшпес мүл объектлери меншиклестирилди, 650 ден аслам кәрханалар сапластырылды ҳәм 160 и қайта шөлкемлестирилди.
Жеке меншик сектор табыслы жумыс алып барып атырған ҳәм бәсеки раўажланған тараўларда мәмлекеттиң қатнасын және де қысқартыў мақсетинде:
- Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги (кейинги орынларда – Мәмактив агентлиги) тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери, министрликлер ҳәм уйымлар, мәмлекет қатнасыўындағы кәрханалар менен биргеликте 30 мыңнан аслам мәмлекетлик мәкемелер, мәмлекет қатнасыўындағы кәрханалар және олардың система кәрханалары ҳәм көшпес мүлк объектлери талланып, оларды қысқартыў бойынша усыныс ислеп шығылғаны мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
Төмендегилер:
ғалабалық саўдалар арқалы толықлығынша сатылатуғын 1 001 кәрхананың акция пакетлери (үлеслери)ниң дизими 1-қосымшаға муўапық;
акция пакетлери «бир акция – бир лот» принципи тийкарында халық IPOсын өткериў тәртибинде ғалабалық саўдалар арқалы сатылатуғын 40 кәрханалар дизими 1а-қосымшаға муўапық;
ғалабалық саўдалар арқалы сатылатуғын 1 046 мәмлекетлик ҳәм мәмлекет қатнасыўындағы кәрханалардың көшпес мүлк объектлериниң дизими 2-қосымшаға муўапық;
муниципал мүлк объектлерин белгилеў нормалары 3-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- Усы қарарға 1а-қосымшадағы мәмлекетлик акция пакетлерин сатыў шеңберинде:
ең жақсы усынысларды таңлап алыў тийкарында профессионал шөлкемлер саўда процесслерин шөлкемлестириў ушын тартылыўы мүмкин екенлиги;
жергиликли инвесторларға «E-auksion» электрон саўда платформасы, соның ишинде, мобиль қосымшасы арқалы реал ўақыт режиминде оларды идентификациялаў, инвестиция дәлдәлшилери менен шәртнама дүзиў ҳәм депо есапбетин ашыў имканияты жаратылады;
акцияларды сатып алыўда «E-auksion» электрон саўда платформасында барлық инвестиция дәлдәлшилери ҳәм олардың қарыйдарлары қатнасыўы ушын тең шараятлар жаратылатуғыны;
акцияларды сатып алыў ушын электрон арзалар жергиликли инвестордың өзи тәрепинен ямаса инвесторлар атынан ҳәрекет ететуғын инвестиция дәлдәлшиси арқалы берилиўи мүмкин екенлиги;
онлайн аукционлардың жуўмақларына бола алды-сатты шәртнамалары баҳалы қағазлар саўдалары шөлкемлестириўшилериниң саўда майданшаларынан тысқарыда дизимнен өткерилетуғыны ҳәм оның нәтийжеси ҳаққындағы мағлыўмат инвестордың жеке кабинетине жиберилетуғыны белгиленсин.
- Мәмлекетлик мүлкти сатыўда тендер саўдаларын өткериў бойынша мәмлекетлик комиссия Мәмлекетлик активлерди меншиклестириў процесслерин муўапықластырыў мәмлекетлик комиссиясы деп қайта аталсын ҳәм оның жаңаланған қурамы 4-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Мәмлекетлик аквтивлерди меншиклестириў ҳәм меншиклестириў процесслерин муўапықластырыў мәмлекетлик комиссиясы (А.Арипов):
еки ҳәпте мүддетте усы қарарға 1-, 1а- ҳәм 2-қосымшалардағы активлерди 2023-жылы саўдаға шығарыў графиклерин тастыйықласын;
активлерди саўдаға шығарыўда, зәрүрлик болғанда олардың әмелдеги жумыс бағдарын сақлап қалыў ямаса негизинде белгили бир бағдардағы жумысты шөлкемлестириў сыяқлы шәртлердиң белгилениўин есапқа алсын;
бир ай мүддетте 1а-қосымшада белгиленген кәрханалардың акцияларын халық IPOсын өткериў тийкарында сатыў тәртибин тастыйықласын.
- Мәмактив агентлигиниң «Электрон онлайн-аукционларын шөлкемлестириў» АЖ ҳәм «Баҳалы қағазлардың орайлық депозитарийси» АЖның кеминде 10 процент акцияларын жергиликли фонд базарында халық IPOсын өткериў арқалы ғалабалық жайластырыў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.
- а) фонд биржасына шығарылған мәмлекетлик акция пакетлерин сатыўға ҳәм алды-сатты шәртнамасын рәсмийлестириўге тек ғана саўда процесслеринде кеминде еки қатнасыўшы қатнасқанда рухсат берилетуғыны;
б) барлық мәмлекетлик мәкемелердиң тийкарғы қуралларын сатыў ямаса ижараға бериў «E-auksion» электрон саўда платформасы арқалы әмелге асырылатуғыны;
в) 2023-жыл 1-июльдан баслап, физикалық тәреплерге «Мәмлекетлик мүлк» мәлимлеме системасы арқалы майданы 2 000 метр квадратқа шекемги мәмлекетлик көшпес мүлк объектлерин меншиклестириў ямаса ижараға бериў ушын тиккелей онлайн аукцион саўдаларына шығарыў бойынша арза бериў ҳуқықы берилетуғыны;
г) 2023-жыл 1-сентябрьден баслап:
көшпес мүлк объектлери ҳәм мәмлекет үлеслери меншиклестирилгени ҳаққындағы мәмлекетлик үлгидеги ордер ҳәм сертификат Мәмлекетлик хызметлер орайлары ҳәм (ямаса) Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы (кейинги орынларда – БИМХП) арқалы QR-код қойылған ҳалда берилетуғыны;
онлайн аукцион саўдаларында мәмлекетлик мүлк объектлерин сатып алған қарыйдарлар менен шәртнамалар саўда нәтийжеси бойынша протокол тийкарында «E-auksion» электрон саўда платформасында электрон тәризде (соның ишинде, электрон санлы қолтаңба арқалы) рәсмийлестирилетуғыны;
ҳәр шеректе тийисли министрликлер ҳәм уйымлар хызметкерлериниң орнына шыққан ҳалда инвестиция миннетлемелериниң орынланыўын аралық мониторинг етиў тәртиби бийкар етилетуғыны;
инвестициялық миннетлемелердиң орынланыўы ҳаққындағы есабатларды қағаз формасында усыныў тәртиби бийкар етилип, тийисли мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң электрон базасын «Мәмлекетлик мүлк» мәлимлеме системасына интеграциялаў исбилерменлер электрон системаға киргизетуғын мағлыўматлар арқалы есабатларды алыў жолға қойылатуғыны белгиленсин.
- Министрлер Кабинети:
а) еки ҳәпте мүддетте сапластырылатуғын ҳәм қайта шөлкемлестирилетуғын мәмлекет қатнасыўындағы кәрханалар ҳәм мәмлекетлик мәкемелердиң дизими;
б) үш ай мүддетте усы қарарға 3-қосымшаға муўапық муниципал мүлк объектлерин белгилеў нормаларын есапқа алып:
Өзбекстан Республикасы Ҳүкиметиниң қарарларына тийкарланып қарамағына өткерилетуғын республикалық мүлклерди есапқа алып:
Өзбекстан Республикасы Ҳүкиметиниң қарарларына тийкарланып қарамағына өткерилетуғын республика мүлклериниң дизими;
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, халық депутатлары ўәлаятлық ҳәм Ташкент қалалық Кеңеслери және олар менен келисилген ҳалда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлери тәрепинен қарамағына өткерилетуғын мәмлекетлик мүлк объектлериниң дизими тастыйықланыўын тәмийинлесин.
- Бәсекини раўажландырыў ҳәм тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў комитети Мәмактив агентлиги менен биргеликте усы қарарға 1-қосымшада келтирилген кәрханаларға берилген эксклюзив ҳуқықларды хатлаўдан өткерип, оларды бийкарлаў бойынша усыныслар киргизип барсын.
- Мәмактив агентлиги Экономика ҳәм қаржы министрлиги, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери менен биргеликте 2023-жыл 1-сентябрьге шекем мәмлекет ықтыярындағы дем алыў парклерин хатлаўдан өткерип, олардың жумысын түп-тийкарынан жетилистириў бойынша Министрлер Кабинетине усыныс киргизсин.
Онда, аймақлардағы барлық мәмлекетлик дем алыў парклериниң тийислисинше Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери жанында мәмлекетлик мәкеме түринде «Дем алыў парклерин басқарыў дирекциялары»н шөлкемлестирген ҳалда оларға өткерилетуғыны нәзерде тутылсын.
- Мәмактив агентлиги (А.Ортиқов):
а) 2023-жыл 1-июньға шекем майданы 2 000 метр квадратқа шекемги мәмлекетлик көшпес мүлк объектлерин физикалық тәреплердиң арзалары бойынша меншиклестириў ямаса ижараға бериў ушын тиккелей онлайн-аукцион саўдаларына шығарыў тәртибин тастыйықласын;
б) төмендегилерди:
2023-жыл 1-июльға шекем республика мүлки ҳәм ҳәкимшилик-аймақлық структуралар мүлки (муниципал мүлк) объектлерин басқарыў ҳаққындағы қарар жойбарын;
2023-жыл 1-августқа шекем Әдиллик министрлиги менен биргеликте Мәмлекетлик турақ жай фондына қараслы турақ жайдағы квартираға (турақ жайдың бир бөлегине) мүлк ҳуқықын тән алыў ўәкиллигин жергиликли ҳәкимликлерге өткериўди нәзерде тутқан ҳалда, Мәмлекетлик турақ жай фондына қараслы турақ жайдағы квартираны (турақ жайдың бир бөлегин) меншиклестириў бойынша бирден-бир мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў бойынша ҳәкимшилик регламент жойбарын;
үш ай мүддетте мәпдар министрликлер ҳәм үйымлар менен биргеликте нызамшылық ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққындағы усынысларды Министрлер Кабинетине киргизсин.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2023-жыл 24-март