Өзбекстан Республикасы Президентиниң
п ә р м а н ы
Соңғы жыллары денсаўлықты сақлаўдың ҳәм фармацевтика тармағын басқарыўдың жаңа системасын қәлиплестириўге қаратылған бир қатар илажлар әмелге асырылды. Елимиз халқын сапалы дәри қураллары ҳәм медициналық буйымлар менен тәмийинлеў Өзбекстан Республикасы денсаўлықты сақлаў системасын раўажландырыўдың тийкарғы бағдарларынан бири есапланады.
Соның менен бирге, алып барылып атырған реформаларды әмелге асырыўға, көрсетилип атырған медициналық жәрдем сапасын ҳәм халық денсаўлығының көрсеткишлерин арттырыўға тосқынлық етип атырған анық машқалалар елеге шекем шешилместен қалмақта.
Атап айтқанда, дәри қуралларын, соның ишинде, оларды ислеп шығарыў ҳәм қолланыўға жоқары талаплар қойылған еллерде таярланған дәри қуралларын мәмлекетлик дизимнен өткериў системасы ҳәдден тыс қурамалы болып қалмақта, бул болса пайдасыз дәри қуралларының алып кирилиўине себеп болмақта.
Елимизде социаллық дәриханалардың кең тармағын жаратыў, сондай-ақ, фармацевтика базарында мәмлекетлик сатып алыўлар механизмлерин жетилистириў ҳәм ашық-айдын бәсекиликти орнатыў зәрүрлиги социаллық әҳмийетке ийе дәри қуралларын ҳәм медициналық буйымларды белгилеп қойылған баҳаларда сатыў тәртибин қайта көрип шығыўды талап етпекте.
Фармацевтика тармағын раўажландырыў ушын шараятларды жақсылаў, сапалы дәри қуралларынан пайдаланыў имканиятларын кеңейтиў ҳәм Өзбекстан фармацевтика базарының инвестициялық тартымлылығын арттырыў мақсетинде:
- Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Жойбарлаў басқармасы миллий агентлигиниң:
социаллық әҳмийетке ийе дәри қуралларын ҳәм медициналық буйымларды белгилеп қойылған баҳаларда сатыў ҳаққындағы талапты бийкар етиў;
мәмлекетлик дизимнен өткериў ушын жоқары тәртипке салатуғын талаплар қойылған еллерде әмелге асырылған, дәри қуралларын, соның ишинде, дәрилик затлар (субстанциялар) ҳәм дәри препаратлары (кейинги орынларда дәри қураллары деп аталады)н мәмлекетлик дизимнен өткериў нәтийжелерин тән алыў тәртибин 2018-жыл 1-августтан енгизиў ҳаққындағы усыныслары мақуллансын.
- а) социаллық дәриханалар тәрепинен социаллық әҳмийетке ийе дәри қуралларын ҳәм медициналық буйымларды сатыў олардың сатып алыў қуны ямаса көтере баҳасына 10 процент шекленген саўда үстемеси қолланылған ҳалда әмелге асырылатуғыны;
б) жоқары тәртипке салатуғын талаплар қойылған еллерде дизимнен өткерилген дәри қуралларын дизимнен өткериў нәтийжелерин тән алатуғыны;
қәўипсизлиги, сапасы ҳәм нәтийжелилиги бойынша гүман туўдырмайтуғын дәри қуралларын мәмлекетлик дизимнен өткериў ушын жуўапкер болған сырт еллердиң ўәкилликли уйымларын ҳәм халықаралық шөлкемлерди дифференцияллаў тийкарында;
мәмлекетлик дизимнен өткериў нәтийжелери Өзбекстан Республикасында тән алынатуғын дәри қуралларын жоқары тәрптипке салатуғын талаплар қойылған еллердиң медицина әмелиятында қолланыўға рухсат етилген жағдайда әмелге асырылатуғыны;
в) усы Пәрманның 1-бәнти үшинши абзацында нәзерде тутылған тәртип қолланылатуғын дәри қураллары усы қураллардың қәўипсизлиги, сапасы ҳәм нәтийжелилигин анықлаў мақсетинде Өзбекстан Республикасы аймағында мәмлекетлик дизимнен өткерилиўинде экспертиза етилмейтуғыны белгилеп қойылсын.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 7-ноябрьдеги «Фармацевтика тармағын басқарыў системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы ПП-5229-санлы Пәрманының 11-бәнти өз күшин жойытқан деп есаплансын.
- Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги:
а) алдынғы халықаралық әмелиятты үйрениў тийкарында бир ай мүддетте тийкарғы кеселликлердиң диагностика ҳәм емлеў стандартлары, клиникалық протоколларының қайта көрип шығылыўын және ҳәр шеректе Социаллық әҳмиетке ийе дәри қураллары ҳәм медициналық буйымлардың дизими қайта көрип шығылыўын тәмийинлесин;
б) Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Жойбарлаў басқармасы миллий агентлиги менен биргеликте 2018-жыл 20-июльге шекемги мүддетте сын көзқарастан үйрениў өткерип:
жоқары тәртипке салатуғын талаплар қойылған еллерде әмелге асырылған, дәри қуралларын мәмлекетлик дизимнен өткериў нәтийжелерин тән алыў тәртибин белгилеў;
дәри қуралларының бажыхана рәсмийлестириўине, мәмлекетлик дизимнен өткерилиўине ҳәм реализацияланыўына талапларды жетилистириў. сондай-ақ, фармацевтика жумысын тәртипке салатуғын басқа да мәселелер бойынша усыныслар киргизсин;
в) Бас прокуратура ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Жойбарлаў басқармасы миллий агентлиги менен биргеликте 2018-жыл 1-декабрьге шекемги мүддетте мәмлекетлик дизимнен өткерилген дәри қуралларын жоқары тәртипке салатуғын талаплар қойылған еллерде қолланыўға қадаған етиў жағдайынан келип шығып инвентаризация етсин, бундай қадаған етиўлерди енгизиўдиң себеп ҳәм шараятларын үйренсин және Өзбекстан Республикасы аймағында олардың келешекте қолланылыўының мақсетке муўапықлығы ҳаққында усыныслар киргизсин.
- Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Жойбарлаў басқармасы миллий агентлиги 2018-жыл 20-июльге шекемги мүддетте:
дәри қуралларын мәмлекетлик дизимнен өткериў нәтийжелери Өзбекстан Республикасында тән алынатуғын еллер ҳәм халықаралық шөлкемлер дизимин тастыйықлаў ушын;
нызам ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққындағы усынысларды киргизсин.
- Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Жойбарлаў басқармасы миллий агентлигиниң директоры Ш.М.Садиқовқа, Өзбекстан Республикасының Бас прокуроры О.Б.Муродовқа ҳәм Өзбекстан Республикасы денсаўлықты сақлаў министри А.К.Шадмановқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2018-жыл 20-июнь