Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Балықшылық тармағын буннан былай да раўажландырыў, балық өнимлериниң түрлерин көбейтиў, экспорт потенциалын арттырыў, бар бассейнлердиң имканиятларынан нәтийжели пайдаланыў, интенсив технологиялар тийкарында балық жетистириў көлемлерин көбейтиў ҳәм балықшылық хожалықларының азықлық базасын беккемлеў мақсетинде:
- Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлардың ҳәкимликлери ҳәм «Өзбекбалықсанаат» ассоциациясының Жиззақ ўәлаяты, Шараф Рашидов районында шөлкемлестирилген балықшылық кластериниң халық шаңарақлары менен кооперация тийкарында ислеў тәжирийбесин (кейинги орынларда – кооперация) ҳәр бир ўәлаятта енгизиў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.
Бунда кооперация тийкарында шаңарақларда балық жетистириў төмендеги тәртипте әмелге асырылатуғыны:
балықшылық хожалықлары шаңарақ ийелерин балық жетистириў бойынша оқытыўды шөлкемлестиретуғыны, оларға балық жетистириў ушын зәрүр болған асбап-үскенелер, балық шабақлары, азықлық, минерал төгинлерди жеткерип беретуғыны және олар тәрепинен жетистирилген балықты келисилген баҳаларда сатып алатуғыны;
шаңарақ ийелери өз үйлеринде балықшылық хожалықлары тәрепинен жеткерип берилген өнимлерден пайдаланған ҳалда интенсив усылда жетистирилген балықларды келисилген баҳаларда оларға сататуғыны белгиленсин.
- Мәҳәлледе исбилерменликти раўажландырыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў мәселелери бойынша район ҳәкимлериниң жәрдемшилери шаңарақ ийелери менен биргеликте кооперация тийкарында шаңарақларда балық жетистириў бойынша интакер балықшылық хожалықларының дизимин қәлиплестирсин және «Өзбекбалықсанаат» ассоциациясы менен биргеликте жойбарларды әмелге асырыўда әмелий жәрдем көрсетип барсын.
- 2022-жыл 1-февральдан баслап физикалық тәреплерге өзин-өзи бәнт еткен шахс сыпатында өз шаңарағында балық жетистириўди жолға қойыўға руқсат берилетуғыны;
2022-жыл 1-февральдан 2025-жыл 1-январьға шекем балықшылықты интенсивлестириў ушын зәрүр болған әсбап-үскенелер ҳәм технологиялар (аэратор, бассейн, автокормушка, УЗВ) және қайта ислеў үскенелерин ислеп шығарыўды жолға қойған, бирақ дәрамадының 80 процентинен асламын усы үскенелерди өндиристен алатуғын субъектлер ушын пайда салығы (коммерциялық банклерде жайластырылған қаржылардан алынған процентлерден тысқары), юридикалық тәреплерден алынатуғын жер салығы, юридикалық тәреплердиң мүлкине салынатуғын салық ҳәм суў ресурсларынан пайдаланғаны ушын салық ставкалары 50 процентке азайтылатуғыны;
балық жетистириўши шаңарақ ийелерине жер салығы ҳәм мүлк салығы ставкасы 50 процент муғдарында белгиленетуғыны белгиленсин.
- Төмендегилер:
2022-жылы Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятларда балық жетистириў прогноз параметрлери 1-қосымшаға муўапық;
2022-жылы жасалма (экстенсив) суў бассейнлерин интенсивлестириў ҳәм балық аўлаў көлемлери бойынша прогноз параметрлери 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- Қаржы министрлиги ҳәм коммерциялық банклердиң Франция раўажланыў агентлигиниң «Шарўашылық тараўын турақлы раўажландырыўды қаржыландырыў» жойбары шеңберинде коммерциялық банклер тәрепинен халық шаңарақларында балық жетистириў ушын ажыратылатуғын кредитти базалық есаплаў муғдарының бир жүз елиў есесинен үш жүз есесине шекем арттырыў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.
Орайлық банк коммерциялық банклер арқалы интенсив усылда халық шаңарақларында балық жетистириў жойбарларын қаржыландырыў ушын «Ҳәр бир шаңарақ – исбилермен» мәмлекетлик бағдардамасы шеңберинде 2022-жылда 200 миллиард сум қаржы ажыратылыўын тәмийинлесин.
- Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық:
2022-жыл 1-апрельден баслап 2025-жыл 1-январьға шекем физикалық тәреплердиң халық шаңарақларында балық жетистириў бағдары бойынша оқыў курсларында оқыў қәрежетлерин қаплаў ушын Мәҳәлле кесиминде ислеў ҳәм исбилерменликти раўажландырыў агентлигиниң Халықты исбилерменликке тартыў қоры қаржылары есабынан базалық есаплаў муғдарының еки есесинен артпаған муғдарында бир мәртелик субсидия ажыратылады;
«Өзбекбалықсанаат» ассоциациясына ағза кәрханалар тәрепинен сырт мәмлекетлерден балықшылық тараўы эксперт ҳәм қәнигелерин тартыў қәрежетлери және олардың бир жыллық мийнет ҳақысы муғдарының 50 процентине шекем, бирақ айына 1 мың АҚШ доллары эквивалентинен артпаған бөлеги Балықшылықты раўажландырыў қорынан қаплап бериледи. Онда усы қәрежетлер ушын Министрлер Кабинетиниң резерв қоры есабынан 5 миллиард сум қаратылады.
- Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги ҳәм «Өзбекбалықсанаат» ассоциациясы халық шаңарақларында балық жетистириў бағдары бойынша балықшылық хожалықларының жуўапкер хызметкерлери қатнасыўында «Жумысқа мәрҳамат» моноорайларында оқыў курсларын шөлкемлестирсин.
- Тоғай хожалығы мәмлекетлик комитетиниң Ташкент ўәлаяты Бостанлық районының таў алдындағы аймағынан Тоғай хожалығы комитети балансында болған 5 гектар жер майданында «Өзбекбалықсанаат» ассоциациясы тәрепинен муздай суў балықларын жетистириў тармағын раўажландырыўға қаратылған илимий-әмелий тәжирийбе станциясы жойбары әмелге асырылыўы ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.
Онда бул жойбарды «Өзбекбалықсанаат» ассоциациясының Балықшылықты раўажландырыў қоры қаржылары есабынан әмелге асырыўға руқсат берилсин.
- Инновациялық раўажланыў министрлиги, Илимлер академиясы, Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети «Өзбекбалықсанаат» ассоциациясы менен биргеликте балық өнимлерин жетистириў, тәбийғый суў бассейни ресурсларын анықлаў ҳәм мониторингин жүргизиў бойынша бар машқалалардың илимий шешимин тәмийинлеўге қаратылған жойбарларға таңлаўлар тийкарында қаржылар ажыратылыўын тәмийинлесин.
- Министрлер Кабинети жанындағы Жоқары аттестация комиссиясы жоқары маман илимий ҳәм илимий-педагог кадрлар қәнигеликлери дизимине «балықшылық» қәнигелигин киргизиўди тәмийинлесин.
- Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети Инновациялық раўажланыў министрлиги, Қаржы министрлиги және Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги менен биргеликте 2022-жылдан баслап балықшылық тараўы ушын жоқары маман илимий кадрлар таярлаў ҳәм тармақ институтлары илимий потенциалын арттырыў ушын Ташкент мәмлекетлик аграр университети ҳәм Балықшылық илимий-изертлеў институты докторантура басқышларына «Балықшылық» қәнигелиги бойынша ҳәр жылы 2 ден орын ажыратсын.
- Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлардың ҳәкимликлери еки ай мүддетте хызмет көрсетиўши банклер менен келискен ҳалда балықшылық жойбарларының мәнзилли дизимин тастыйықлаў ушын Министрлер Кабинетине киргизсин ҳәм мәпдар мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымлары, коммерциялық банклер менен биргеликте тастыйықланған мәнзилли дизим параметрлериниң сөзсиз орынланыўын тәмийинлесин.
- Мәҳәлле кесиминде ислеў ҳәм исбилерменликти раўажландырыў агентлиги «Өзбекбалықсанаат» ассоциациясы ҳәм Қаржы министрлиги менен биргеликте бир ай мүддетте физикалық тәреплердиң халық шаңарақларында балық жетистириў бағдары бойынша оқыў курсларында оқыў қарежетлерин қаплаў бойынша бир мәртелик субсидия ажыратыў тәртибин ислеп шығып, Министрлер Кабинетине киргизсин.
- Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги, Қаржы министрлиги ҳәм «Өзбекбалықсанаат» ассоциациясы менен биргеликте еки ай мүддетте халық шаңарақларында балық жетистириў ушын әсбап-үскенелер ислеп шығарыўды жолға қойған кәрханаларды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў илажлары ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Министрлер Кабинети:
а) бир ай мүддетте 2025-жыл 1-январьға шекем кооперация тийкарында балық жетистириўди жолға қойған, бирақ дәрамадының 90 процентинен аслам бөлеги балық жетистириў есабынан қәлиплесетуғын хожалықларды салықлардың барлық түрлеринен (қосымша қун салығы ҳәм социаллық салық буған кирмейди) азат етиўди нәзерде тутатуғын нызам жойбарын Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасына киргизсин;
б) бир ай мүддетте «Айдар-Арнасай» көллер системасы басқарыўын жетилистириў бойынша, соның ишинде, төмендегилерди нәзерде тутатуғын қарар жойбарын ислеп шықсын:
«Айдар-Арнасай» көллер системасының Арнасай суў сақлағышы аймағында балық аўлаўға бир жыл мүддетке мораторий жәриялаў;
Сырт ел қәнигелерин тартқан ҳалда, «Айдар-Арнасай» көллер системасында шор суўда балық резервлерин көбейтиў бойынша лаборатория орайын шөлкемлестириў;
«Айдар-Арнасай» көллер системасы дирекциясы» МУКти қайта шөлкемлестирген ҳалда оның устав капиталындағы мәмлекетлик үлесин, кеминде 30 миллион АҚШ доллары муғдарында инвестиция киргизиў, 1000 жумыс орнын жаратыў ҳәм 2025-жылға барып жылына 20 мың тонна балық аўлаў ушын балық резервлерин жаратыў шәрти менен исенимли басқарыўға бериў.
- Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте бир ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң баслығы, ўәлаятлардың ҳәкимлери, Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитетиниң баслығы Б.Норқобилов, «Өзбекбалықсанаат» ассоциациясының баслығы О.Мусаев – балық өнимдарлығын арттырыў ҳәм халық шаңарақларында балық жетистириўди кеңейтиў бойынша жумысларды «кәрхана кесиминде» ҳәм «шаңарақ кесиминде» шөлкемлестирип, 2022-жылы:
республикада балық жетистириў көлемин 700 мың тоннаға жеткериў;
қосымша кеминде 10 мың халық шаңарағында интенсив усылда балық жетистириўди жолға қойыў және жаңа 15 балықшылық кластерин шөлкемлестириў;
өнимдарлығы 25 центнерден төмен болған 31 мың гектар жасалма суў бассейнлеринде 78 мың аэратор қурылмасын орнатыў;
усы қарар менен тастыйықланған прогноз параметрлериниң өз мүддетинде орынланыўына жеке жуўапкер есапланады.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Ш.М. Ғаниевқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2022-жыл 13-январь