Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўде зәрүр агротехникалық илажларды өз ўақтында ҳәм сапалы әмелге асырыў, аграр секторда аўыл хожалығы техникасына болған талапты қанаатландырыў, аўыл хожалығы кәрханаларын руўхый ҳәм физикалық жақтан ескирген техникалардың орнына заманагөй ҳәм ресурсты үнемлейтуғын техникалар менен тәмийинлеўди хошаметлеў системасын жетилистириў мақсетинде:

  1. Өзбекстан Республикасында ислеп шығарылған аўыл хожалығы техникаларының сатып алыўын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаўдың төмендеги бирден-бир тәртиби 2023-жыл 1-апрельден баслап енгизилсин:

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 11-ноябрьдеги «Шыршық қаласында аўыл хожалығы машина қурылысы кластерин дүзиў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-7-санлы қарарында нәзерде тутылған субсидиялар барлық жергиликли аўыл хожалығы техникасын ислеп шығаратуғын кәрханаларға енгизиледи;

аўыл хожалығы кәрханалары ҳәм исбилерменлик субъектлери тәрепинен орнатылған тәртипте қәлиплестирилетуғын дизим бойынша сырт елден алып келинетуғын барлық түрдеги аўыл хожалығы техникалары ҳәм агрегатлары және олардың комплектлеўши ҳәм аўысық бөлеклери, бурынғысынан басқаша тәризде, 2025-жыл 1-январьға шекем бажыхана төлемлеринен (қосымша қун салығы ҳәм бажыхана рәсмийлестириўи жыйымларынан тысқары) ҳәм утилизация жыйымынан азат етиледи ҳәм исбилерменлик субъектлерине еркин айланысқа шығарыў (импорт) бажыхана режимине жайластырылған сәнеден баслап қосымша қун салығын 270 күнге шекемги мүддетке кешиктирип төлеўге рухсат бериледи;

халықаралық финанс институтлары тәрепинен лизинг компанияларына ажыратылған қаржылар шеңберинде өзин-өзи бәнт еткен шахслар ҳәм жеке тәртиптеги исбилерменлерге аўыл хожалығы техникасын ҳәм агрегатларды лизингке бериўге рухсат етиледи;

  1. 2023-2024-жылларда аўыл хожалығы техникасын сатып алыўды қаржыландырыў ушын жәми 2,6 триллион сум қаратылсын, соннан:

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 28-июльдағы ПҚ-335-санлы қарарына тийкарланып Экономика ҳәм қаржы министрлиги тәрепинен аўыл хожалығы техникаларын сатып алыў ушын коммерциялық банклерге жайластырылған 100 миллион АҚШ долларынан 2022-жылы өзлестирилмей қалған 670 миллиард сум (59 миллион АҚШ доллары) муғдарындағы қаржы техника сатып алыўы ушын 10 процент ставкада 10 жылға кредит ажыратыў ушын;

800 миллиард сум (70 миллион АҚШ доллар) – халықаралық финанс институтларының қаржылары есабынан аўыл хожалығы техникаларын сатып алыў ушын лизинг шөлкемлерине жайластырыў есабынан;

1,1 триллион сум (100 миллион АҚШ доллар) – халықаралық финанс институтлары қаржылары есабынан аўыл хожалығы техникаларын сатып алыў ушын коммерциялық банклерге жайластырыў есабынан.

Онда:

хызмет көрсететуғын коммерциялық банклер тәрепинен лизинг шөлкемлерине кредит ажыратылыўында гиреў тәмийнаты сыпатында лизингке берилетуғын техникалар ҳәм қамсызландырыў полисиниң қабыл етилиўи мүмкин;

халықаралық финанс институтларынан тартылған қаржылар есабынан қарыйдарларға аўыл хожалығы техникалары лизинг маржасы жыллық 3 проценттен артпаған ставкада 10 жылға шекемги мүддетке Аўыл хожалығы министрлигиниң буйыртпасы тийкарында лизингке бериледи.

  1. Коммерциялық банклерге лизинг компанияларына аўыл хожалығы техникаларын жеткерип бериў ушын қарыз қаржыларын гиреў тәмийнаты сыпатында сатып алынатуғын аўыл хожалығы техникасын, кредиттиң пүткил дәўири ушын қарыз қаржыларын қайтармаў қәўиплеринен 100 процент гиреў сыпатында қамсызландырыў полисин ямаса үшинши шахслардың кепиллигин қабыллаў арқалы ажыратыў усыныс етилсин.

Орайлық банк Экономика ҳәм қаржы министрлиги менен биргеликте он күн мүддетте коммерциялық банклер тәрепинен гиреў тәмийнаты сыпатында қабыл етилетуғын қамсызландырыў компаниялары тәрепинен усынылатуғын қарыз қаржыларын қайтармаў қәўиплеринен қамсызландырыў полиси (шәртнамасы)ниң үлги формасын ислеп шығып, әмелиятқа енгизсин.

Экономика ҳәм қаржы министрлиги еки ай мүддетте қамсызландырыў базарын жетилистириў, қәўип-қәтерлерди дурыс баҳалаў, әсиресе, бюджет қаржылары есабынан қаржыландырыў ушын ресурслар есабынан кредитлерге қамсызландырыў операциялары үстинен пруденциал қадағалаўды күшейтиў бойынша усыныс киргизсин.

  1. Аўыл хожалығы министрлиги ҳәм Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлиги ҳәр жылы 1-октябрьге шекем жергиликли ҳәм дүньяның жетекши ислеп шығарыўшыларын тартқан ҳалда кейинги жыл ушын аўыл хожалығы техникаларын жеткерип бериўдиң мақсетли параметрлерин ислеп шығып, Экономика ҳәм қаржы министрлигине усынылыўын тәмийинлесин.

Экономика ҳәм қаржы министрлиги ҳәр жылы усынылатуғын аўыл хожалығы техникаларын жеткерип бериўдиң мақсетли параметрлери ҳәм жеткерип берилетуғын аўыл хожалығы техникаларының түрлеринен келип шығып, аўыл хожалығы техникасын лизинг шәртлеринде жеткерип бериўдиң қаржыландырыў дәреклерин оларды ажыратыў дәўирлери кесиминде қәлиплестирсин ҳәм Қордан қаржылар ажыратылыўын тәмийинлесин.

  1. Өзбекстан Республикасы Президентиниң ҳәм Өзбекстан Республикасы Ҳүкиметиниң айырым қарарлары қосымшаға муўапық 2023-жыл 1-апрельден өз күшин жойытқан деп еаплансын.
  2. 6. Аўыл хожалығы министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте нызамшылық ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  3. Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип Бас министрдиң орынбасары Ж.А.Қўчқоров, экономика ҳәм қаржы министри Ш.Д.Кудбиев ҳәм аўыл хожалығы министри А.Б.Воитов белгиленсин.

Қарардың орынланыўын додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер уйымлардың жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2023-жыл 29-март